МОЙНАҚТА БИР ҚАТАР ОБЪЕКТЛЕР ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ
Усы жыл 27-ноябрь күни Мойнақ районында бир қатар жаңа объектлердиң қурылысы питкерилип, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.
Жаңа имаратлардың ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдың 20-21-август күни республикамызға сапары ўақтында Мойнақ районында да болып, 2019-2021-жылларда районды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша жаңа ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Өткен қысқа ўақыт ишинде бул бағдарда айтарлықтай қурылыс жумыслары алып барылды.
«Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйынында 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылыўы аймақ турғынларын айрықша қуўанышқа бөледи. Быйылғы жылдың Инвестициялық бағдарламасына киргизилген бул имаратта 2 миллиард 800 миллион сумлық қурылыс жумыслары орынланды. Еки қабатлы имаратта балалар ушын барлық шараятлар жаратылған. Жақын күнлерде аймақта 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имаратын пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Районда халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйынының «Мүйтен» елатлы пунктиндеги суўды душшыландырыўшы станцияның пайдаланыўға тапсырылыўы буның айқын мысалы болып табылады. Жаңа станцияның пайдаланыўға тапсырылыўы менен 520 хожалық таза ишимлик суўы менен тәмийинленди. Сондай-ақ, «Ерназар» ҳәм «Кеңес» аўылларындағы суў тармағын оңлаў жумыслары алып барылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр басқармасы Мойнақ районлық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы жер мүлк кадастр мәмлекетлик кәрханасы районлық филиалы жәмәәтлери де жаңа имаратқа ийе болды. Район орайында бой тиклеген имаратта ислеўшилер ушын барлық шараятлар жаратылған. Бул жерде тийкарынан жаслар мийнет етпекте.
Усы күни район орайында курант минарасы да пайдаланыўға тапсырылды. Улыўма бийиклиги 21 метр болған бул минарада ҳәр саат сайын ўақыт билдирилип турылады.
Районда исбилерменликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Шеге» аўылында нан ҳәм кондитер өнимлерин ислеп шығаратуғын цех иске түсирилди. «Халық банки»ниң районлық бөлиминен «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» Мәмлекетлик бағдарламасы бойынша алынған 17 миллион сум кредит есабынан үш жаңа жумыс орны ашылды. Келешекте бул жерде басқа да хызмет көрсетиў орынларын ашыў режелестирилген.
Президентимиздиң усы жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша районда жумыслар баслап жиберилди. Усы күни район орайында ҳәм «Тик өзек» аўыл пуқаралар жыйынларында ветеринария шақапшаларының имараты пайдаланыўға тапсырылды. Қәнигелердиң атап өткениндей, жаңа имаратларда халыққа сапалы ветеринариялық хызмет көрсетиў ушын барлық шараятлар жаратылған. Усы күни районлық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимине Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети тәрепинен төрт дана скутер мототранспорты тапсырылды.
Жаңа имаратлардың пайдаланыўға тапсырыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, район ҳәкими Е.Еденбаевлар қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.