Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:09:40, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲЕШ БИР МҮРӘЖАТ ИТИБАРДАН ШЕТТЕ ҚАЛМАДЫ

Халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, адамлардың маш­қала ҳәм усыныслары тийкарында орынларда  мәселелерди шешиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергеновтың басшылығындағы жумысшы топар республикамызда болып, төрт күн даўамында қала ҳәм районларда көшпели қабыллаўлар өткерди.

Онда Президент Администрациясының жуўаплы хызметкерлери, Жоқарғы суд, Бас прокуратура, Ҳаял-қызлар комитети, Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў, Халық билимлендириў, Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм басқа да министрликлер, тийисли шөлкемлер және аймақлық секторлардың басшылары қатнасты.

Кегейли, Қараөзек, Мойнақ, Қанлыкөл, Хожели, Беруний ра­йонлары ҳәм Нөкис қаласында өткерилген илажларда жәми 1719 пуқара 1777 мәселе бойынша мүрәжат етти. Соннан 679 мүрәжат сол жердиң өзинде қанаатландырылды. 379 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиник берилген болса, 719 мүрәжаттың орынланыўы тийисли тараў басшылары  тәрепинен қалағалаўға алынды.

Қабыллаў даўамында көшпели суд мәжилиси өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73 ҳәм 74-статьяларына муўапық жазаның өтелмеген бөлегинен шәртли рәўиште  10 пуқара жазадан азат етилди, 9 пуқараның жазасы жеңилиреги менен алмастырылды.

Илаж барысында ҳаял-қызлар тәрепинен де бир қатар мүрәжатлар келип түсти. Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен «Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў» жәмийетлик қоры қаржылары есабынан Нөкис қаласында 15, Хожели районында 15, Қанлыкөл районында 12 жасаў шараяты аўыр ҳаял-қызларға 42 реабилитация қураллары тапсырылды. Буннан тысқары, 42 майыплығы болған шахсқа майыплық арбашасы, еситиў аппаратлары ҳәм қолтық таяғы берилди.

Социаллық тараў мәкемелерине 9438 тонна көмир толық жеткерип берилди. Сондай-ақ, көшпели қабыллаўлар барысында халыққа 4140  тонна жергиликли, 4830 тонна импорт көмир тарқатылды. «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине «EPSILON» компаниясы тәрепинен «Ҳәр бир шаңараққа жыллылық ҳәм ғам­қорлық ушын» жойбары тийкарында еки дана «SHACMAN» автомашинасы тапсырылды. Бул алыс аймақларға суйылттырыл­ған газ баллонларын үш есе көп жеткерип бериў имканиятын береди. Илаж даўамында хожалықларға 226,8 тонна турмыслық газ баллоны жеткерип берилди. Халықты үзликсиз электр энер­гиясы менен тәмийинлеў бойынша келип түскен мүрәжатлардың көпшилиги унамлы шешимин тапты. Атап айтқанда, 25 дана трансформатор, 95 дана бетон үстинлер орнатылды. 21 километр узынлықтағы электр линиясы жаңаланды.

Көшпели қабыллаўлар даўамында халықтың мүрәжатларын тыңлаў менен бир қатарда оларды қыйнап атырған машқалаларды орынларда шешиў мәселесине итибар қаратылды. Тараў басшылары шаңарақларда болып, үйме-үй кирип, халықтың жасаў шараятлары менен жақыннан танысты. Пуқаралардың бүгинги жасаў тәризин, олардың гүзги-қысқы мәўсимге таярлығын көзден өткерди.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник Р.Хатамов көшпели қабыллаў барысында пуқаралардың мүрәжатларын тыңлаў менен бирге, олардың үйлеринде болды. Бир қатар пуқараға Өзбекстан Республикасының пуқаралық паспортын тапсырды.

— Ғәрезсиз елимиздиң пуқарасы болыў қандай бахыт,-дейди қабыллаўдан шыққан шымбайлы Ғайратдийин Үсенов. — 1988-1993-жылларда Россия Федера­циясында жумыс ислеп келиўиме туўра келди. Мине соннан бери, пуқаралығы жоқ шахс сыпатында жасап келдим. Буның азабын айтыў қыйын. Көшпели қабыллаўда көпшилик қатарында маған да Өзбекстан Республикасының пуқаралық паспорты тапсырылды. Енди мен конституциялық ҳуқықымнан пайдаланған ҳалда усы жыл 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине болажақ сайлаўларға қатнасып, өзим қәлеген талабанға даўыс бериў ҳуқықына ийе болдым.

Улыўма алғанда, болып өткен көшпели қабыллаўлар барысында ҳеш бир мүрәжат итибардан шетте қалмады. Илаж халықтың күнделикли машқалаларын шешиў, олардың турмысын буннан былай да абадан етиўге хызмет етеди.

Республикамыз бойлап өткерилген көшпели қабыллаўларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF