ЖЫЛЫТЫЎ МӘЎСИМИНЕ ҲӘМ САЙЛАЎЛАРҒА ТАЯРЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде гүзги-қысқы мәўсимге, сондай-ақ, усы жыл 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине болажақ сайлаўларға таярлық жумысларының барысына бағышланған мәжилис болып өтти.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды ҳәм бул бағдарда ушырасып атырған машқалалар, оны сапластырыў илажларына тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, республикамызда гүзги-қысқы мәўсимге бир қатар таярлық жумыслары алып барылды. Деген менен, айырым орынларды тәбийғый газ басымының төменлиги, электр тәмийнатындағы үзилислер, әсиресе, ең шетки аўыллық жерлердеги емлеў мәкемелеринде, улыўма билим бериў мектеплериндеги жыллылық системасының жетерли дәрежеде жолға қойылмағанлығы бүгинги күни пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлардың тийкарғы бөлегин қурайды. Сонлықтанда жол қойылып атырған кемшиликлерди тез арада сапластырыў, солай етип, сайлаў мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериў ҳәр бир басшының бүгинги күнги тийкарғы ўазыйпасы болып табылады.
Республикамызда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 8, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 425 сайлаў округинде, соның менен бирге, 622 сайлаў участкасында сайлаўлар өткериледи. Соның бес жүз отыз сегизи улыўма билим бериў мектебинде, қырық тоғызы кәсип-өнер колледжи менен академиялық лицейде, үшеўи пуқаралар жыйынының имаратында, төртеўи денсаўлықты сақлаў мәкемесинде, жетеўи жоқары оқыў орнында, жигирма беси басқа кәрхана ҳәм шөлкемлерде жайласқан. Бул орынларда сайлаўды шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша таярлық жумыслары алып барылды.
Деген менен, айырым сайлаў участкаларында кемшиликлер ушырасады. Үйрениўлер барысында жоллардың талапқа жуўап бермейтуғынлығы, тәбийғый газ басымының төменлиги, электр тәмийнатындағы үзилислер, абаданластырыў жумысларының толық жуўмақланбағанлығы мәлим болды. Бул жағдайдар Төрткүл, Беруний, Елликқала, Әмиўдәрья, Тахтакөпир, Хожели, Тақыятас, Кегейли ҳәм Нөкис районларында көбирек ушырасады.
Мәжилисте сайлаў өткерилетуғын орынларды абаданластырыў, жылытыў системасы, электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў, жолларды оңлаў сыяқлы анықланған кемшиликлерди тез күнлер ишинде сапластырыў, солай етип, болажақ сайлаўларды көтериңкилик руўхта өткериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.