БУЛ КЕСЕЛЛИК ҚАЛАЙ ПАЙДА БОЛАДЫ?
Раўажланған мәмлекетлерде жынысый бузықлық, гомосексуализм, наркомания, өмирге жеңилтеклик көзқараста болыў әдеўир ҳәўиж алған.
Сол мәмлекетлердиң ғалаба хабар қураллары арқалы кең тарқатылғанлығы себепли АИВның инфекциялар пайда болған деген пикирлер де жоқ емес. АИВ инфекциясы эпидемиологиясына нәзер таслайтуғын болсақ, бул инфекция дүнья жүзиниң барлық мәмлекетлерин, сондай-ақ, Өзбекстанда да 1987-жылдан баслап есапқа алына баслады. Сырт еллерге хызмет сапарына шығып келиўшилер, сондай-ақ, басқа мәмлекетлерден келген пуқаралар арқалы тарқалған деген шамалаўлар ҳәм болжаўлар да бар. Адамларға қан қуйыў, қан тамырларға дәри-дәрмақлар жибериў, ҳәзирги ўақытта жас қызларымыздың көп қызығатуғын (маникюр, педикюр, ҳәр қыйлы татуажлардан) тери қабатының жарақатланыўы арқалы да АИВ инфекциясын жуқтырып алыў итималы бар екенин айтса болады.
Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайының Досласыў ханасы 2005-жылдан баслап ӨзДСМниң 2012-жыл 10-майдағы шыққан 129-санлы буйрығы менен жеңил тәбиятлы нашарлар, сондай-ақ, басқа да келип көринген шахсларға аноним, өз қәлеўи менен ҳәм сыр сақлаған тәризде оларды синдромал диагностика ҳәм емлеў Глобал фонд тәрепинен ажыратылған еди. 2016-жыл июль айынан баслап Глобал фонд тәрепинен синдромал емлеў ушын дәри-дәрмақлар берилиўи тоқтатылды.
2018-жылы 24-май 336-санлы Өзбекстан Республикасында АИВ инфекциясының алдын алыў ис-илажлары ҳәм медициналық жәрдемди шөлкемлестириўди және де жетилистириў ҳаққындағы буйрығы менен 2018-жылы октябрь айынан баслап бюджет тәрепинен дәри-дәрмақ берилип иске қосылды. Ҳәр бир мүрәжат ийеси жынысый қатнас арқалы АИВ инфекциясына гүманлы шахсларға синдромаллық ем менен бир қатарда пулсыз 1 мәрте пайдаланатуғын медициналық (гинеколог набор, перчаткалар) менен, келип көринген ЖЖЖКлерине гүманы бар шахсларға 30 дана кеселликтиң алдын алыў мақсетинде қорғаныў қураллары бериледи. Келген шахслардың Ф.А.Аты орнына уникод (анасының, әкесиниң бастағы 2 ҳәриплери, туўылған жылының алдына ер адамларға 195, ҳаялларға 295 саны) менен жазылады, оларға АИВ/АИЖС бойынша психоэмоционаллық руўхый жәрдем, тест алады ҳәм тесттен кейинги мәсләҳәтлер өткериў арқалы АИВ инфекциясына өз қәлеўи менен Аноним ханаға ИФА анализине қан тексериўине, Исеним ханаға проектлер менен ислеўши аутрич хызметкерлери тәрепинен алып келинген жеңил тәбиятлы нашарлардан, наркотик затларды қабыллаўшы шахсларды АИВ инфекциясына қан анализине исеним ханаға ГФ тәрепинен берилген аноним тәризде экспресс усылы менен тексерилиўге жибериледи. Жынысый жолдан жуғатуғын кеселликлер менен келгенлерди синдромал ем алып болғаннан соң, дерматовенеролог шыпакер мәсләҳәтине, зәрүр болса Республикалық тери-венерик кеселликлери диспансерине лаборатория анализине ҳәм сол жерде стационарда емлениўге жибериледи. Буннан басқа да емлеў профилактикалық мәкемелериниң нарколог, психолог ҳәм басқа да тар көлемдеги қәнигелерден мәсләҳәт алыўға жибериледи.
Ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайда Өзбекстан аймағындағы барлық досласыў ханаларының мақсети АИВ инфекциясының тарқалыўының алдын алыў илажлары ҳаққында диагностикасы ҳәм синдромал ем бериўден ибарат. Өзбекстан Республикасы бойынша Досласыў ханалар барлығы болып 30, ал, Қарақалпақстан Республикасында 1 хана бар. Себеби, ЖЖЖКлердиң саны бүгинги күнде 300 ден аслам, олардың 1-2 түри менен еле үйренилмей диагнозы анықланбай, даўасын таба алмай жүргени қанша!
ВОЗдың берген мағлыўматларына қарағанда ЖЖЖКлердиң классик формалары, яғный, көп ушырасатуғынлары мерез, соз, шанкроид, лимфогранулематоз, доновоз, булардың барлығы бактериялар топарына киреди. Халық арасында көп ушырасатуғын кеселликлерге трихомониаз, хламидиоз, гарднереллез, уреоплазмоз кеселликлери жасларымыз арасында көп ушыраспақта. Булар спиртли ишимликлерди ишип, мәс ҳалында түнги клубларға, дискотекаларға барып не болғанын билмейди, ақыр-ақыбет ертеңги күни бийперзентликке алып келгенлердиң саны анағурлым көбейип бармақта.
Жасларға берер нәсиятымыз, бир-бириңизге мийирман, ата-анаңызға жәрдемши, жаман иллетлерден аўлақ инсан болыўыңызға тилеклеспиз. Сизлерден кеңес сорағанларға АИВ инфекциясының алдын алыў ушын Досласыў ханасына сыр сақлаған тәризде келип көриниўине жол көрсетип жиберсеңиз, үлкен жәрдем берген боласыз. Егерде, сизлерде гүман пайда болып қалса, келип Досласыў ханасында мәсләҳәт алыўға ҳәм бийпул АИВ инфекциясына келип қан тапсырыўға шақырып қаламыз.
Э.ТӨРЕМУРАТОВА,
Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайының
жоқары категориялы дерматовенерологы,
Қ.СЕРЖАНОВА,
орай шыпакери.