Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:30:17, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚЫС  МӘЎСИМИНЕ  ПУҚТА  ТАЯРЛЫҚ

Гүздиң соңғы айының ақырғы күнлери ҳаўа райы кескин суўыта баслады. Бул қыстың қыраўлы күнлери жақынлағанынан дәрек береди. Қыс мәўсимине таярлық көриўдеги пуқта реже жуўапкершиликли мапаздан қысынбай шығыўымызға тийкар жаратады.

Президентимиздиң «Республика экономикасы тармақлары ҳәм социаллық тараў мәкемелерин 2019-2020-жыллары гүз-қыс мәўсими дәўиринде турақлы ислеўине комплексли таярлаўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы 2019-жыл 30-июльдеги қабыллаған қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда республикамызда бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта.  Атап айтқанда, республикамызда гүз-қыс мәўсиминде социаллық тараў объектлери ушын жанылғы өнимлери ­ электр энергиясы, тәбийғый газ, сондай-ақ, көмир, көмир брикетлерин жеткерип бериўге айрықша итибар қаратылды.

Соңғы жыллары республикамыз аймақларында тәбийғый газден пайдаланыўшылар санының көбейгенлиги ҳәм де айырым газ тутыныўшыларының стандарт талапларына жуўап бермейтуғын үскенелерден пайдаланыўлары ақыбетинен тармақтың ақырында жайласқан тутыныўшыларға жеткерилип берилетуғын тәбийғый газ басымы түсип кетиў жағдайлары ушырасып турады. Мине, усы жағдайларды сапластырыў ушын Халық билимлендириў министрлигине 1703 тонна көмир, 4864 тонна көмир брикети, Мектепке шекемги билимлендириў министрлигине 392 тонна көмир, 1119 тонна көмир брикетин жеткерип бериў көзде тутылған. Қарақалпақстан Республикасындағы социаллық тараў мәкемелерин жәми 2476 тонна көмир, 7060 тонна көмир брикети менен толық тәмийинлеў ўазыйпа етип қойылды. Буннан тысқары, алыс аўыллардағы жеке хожалықлардың көмир ҳәм көмир брикетин алыўы ушын республикамызда бес көмир ҳәм көмир брикетин тарқататуғын арнаўлы складлар шөлкемлестирилди. Арқа зонадағы районлар ушын Шымбай районы ора­йынан, қубла зонадағы районлар турғынлары Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районы, батыс зонадағы районлар Қоңырат районындағы, ал, пайтахтымыз тур­ғынлары ҳәм оларға жақын жайласқан елатлы пункт турғынлары Нөкис қаласындағы складтан алыўына болады.  

Буннан гөзленген мақсет ­ газ басымы пәс ҳәм шетки аўыллар турғынларын қыстың аязлы күнлериндеги қыйыншылық­ларға дус келмеўинен сақлаў болып табылады. «Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң инспекторлары көмир ҳәм көмир брикетлериниң сақланыў жағдайлары, қазанханаларда пайдаланыў, қәўипсизлик қағыйдалары туўралы түсиндириў жумысларын жүргизип келмекте. Әмелге асырылып атырған усындай жумыслар қыс мәўсиминде халқымыздың қыстың суўық күнлерин машқаласыз өткериўине унамлы тәсирин тийгизери гүмансыз.

Б.ЗАРИМОВ,

«Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы

аймақлық бөлиминиң бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF