ҚОСЫП СӨЙЛЕСЕМ, КЕШИРИҢ!
Жан тәниме ана сүти менен енип, мени қарақалпақ қызы еткениңе, ой-қыялымды маған дым жақын сөзлер менен безегениң ушын, сеннен миннетдарман — ана тилим!
Сениң әпиўайы, сулыў, базыда ерси сөзлериңди де, Ўатанымнан жырақта жүрип еситкен ўақытлары өзгеше толқынланып кетемен. Тап сол мәўритлерде жағымлы, таза ҳаўа әтирапымда елпип ескендей болады. Себеби, сен — мениң ана тилимсең!
Қарақалпақ фольклорының жүз томлығы халқымыздың бийбаҳа байлығы болып есапланады. Ондағы тәрбиялық әҳмийетке ийе дәстанлар, ертеклер, шешенлик сөзлер келешек әўлад ушын үлкен саўға болып қалмастан, оларда усы китаплар арқалы өз халқы ҳәм тарыйхына болған мақтаныш сезими ояныўы сөзсиз.
Балалығымда мен хәр түрли миллет ўәкиллери қоршаўында болдым. Рус класында оқығаным себепли, досларым рус, татар, башқурт, грузин, кореец миллетине тийисли баллар менен ойнап өстим. Кишкене ўақтымнан рус ҳәм шет ел классик әдебиятына кеўил қойдым. А.Барто, А.Пушкин, Д.Дефо, Ф. Достоевский, М.Шолохов, М. Булгаковлардың көп шығармаларын оқыдым. Бирақ, бир күни ата-анамның «Сен ең дәслеп өз ана тилиңдеги китапларды оқы, қарақалпақ тилин жақсы билмей турып, басқа тилди меңгериўиң уят болады» - деди. Бул сөзлерди мен аўыр тас келип, басыма урылғандай етип қабыл еттим.
Бурын тек сабақлықтан оқып жүргенлерим болмаса, ҳақыйқый қызығыўшылық менде кейин ала оянды. Буған И.Юсупов, Т.Қайыпбергенов, К.Рахманов ҳәм Х.Дәўлетназаровлардың шығармалары себеп болды. Олар, мени өз шығарма қаҳарманлары менен бирге ата-бабаларымның жасаған алыс-алыс дәўирлерине жетелеп барды. Олардың турмыста кең қолланған нақыл-мақалларын, бул әдебиятымыз ўәкиллериниң дөретпелери арқалы да кеңнен билип алыў мүмкиншилигине ийе болдым.
Тәғдир, мени және рус тилинде сөйлейтуғын ҳәр қыйлы миллет адамлары арасына қосты. Жақын арада өзиниң бир әсирлик тойын белгилеген «Вести Каракалпакстана» газетасында ислеп атырман. Соның ушын да, базыда билип-билмей рус тилин қосып сөйлесем, ал, гейпара ўақытлары шала сөйлеп қойсам, сеннен кеширим сорайман ана тилим!
Бундай мәўритлерде, өзимнен өзим қапа болып жүремен.
«Ҳештен кеш» дегендей, мен бундай жағдайдан шығып кетиў жолын излеп таптым. Ендигиден былай жумыс орнымда барлық ўақыт «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» туратуғын болды. Мен оннан керекли ўақтында пайдаланып атырман.
Ең дәслеп қарақалпақ тилинде анамнан ҳәййиў еситкен болсам, оны, кейин ала бул тилде өз перзентлериме айтып бесик тербеткенмен. Мениң урпақларымда тап сондай етип, бизлердиң жолымызды даўам еттириўине толық исенемен. Соның ушын да сен мениң жүрегиме жақынсаң ҳәм қәдирлисең!
Әўладтан әўладларға өзгериссиз ҳәм таза ҳалыңда жетип бара бериўиңди қәлеймен, Ана тилим — қарақалпақ тили!
Халима Халилаева,
журналист.