Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:01:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РУЎХЫЙЛЫҒЫМЫЗДЫҢ САРҚЫЛМАС  БУЛАҒЫ

Ҳәр бир халықтың ана тилин қәстерлеп, көздиң қарашығындай сақлаўын әўладлар арасындағы даўамлылықты жалғастырыўшы қүдиретли күшке теңесек ҳасла алжаспаймыз.

Турмыслық шынлықты сәўлелендириўши аңыз, әпсана, ертек, терме-толғаўлары, ата-бабаларымыздан мазмун-мағанасын, қәдир-қымбатын жоғалтпай, аўыздан-аўызға өтип бизге жетип келгени ҳақыйқый таптырмас байлық сандығы есапланады.

Республикамыз бойлап кен түрде белгиленип атырған Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 30 жыллығына бағышлап, бизиң Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 30-санлы улыўма билим бериў мектебимизде «Ана тилим халқым менен мәңги биргесең» атамасында әдебий кеше болып өтти.

Сөзден маржан терген Жийен жыраў, Күнхожа, Бердақ,Әжинияздай шайыр-бабаларымыз, ана тилимизде ойлап, пикир жүргизип бийбаҳа шығармалар дөреткени, тилимиздиң қаншелли дәрежеде бай екенлигиниң жанлы гүўасы. Әдебий кешемизде баянатшылар ана тилимиздиң тарийхы, раўажланыў жоллары туўралы сөз етип, халқымыздың руўхый дүньясында сарқылмас булақ екенлигине айрықша итибар берилгени оқыўшыларда күтә қызығыўшылық оятты.

 Сахналық көринислер, бир-биринен қалыспай қосықлар, нақыл-мақаллар, жумбақ, жаңылтпашлар айт­қан оқыўшыларымыздың ана тилине болған ҳүрмети, сүйиспеншилиги, әдебий кешемиз қатнасыўшыларын әжайып сезимлерге бөледи.

Н.БЕКИМБЕТОВА,

Кегейли районындағы 30-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF