Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:51:28, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЦИТРУС ИНЛИ КҮЙЕСИ

Цитрус инли күйеси ­ олигофаг шыбын-ширкей болып, цитрус өсимликлерине үлкен зыян келтиреди. Цитрус инли күйеси лимон өсимлигине қәўипли болып, ол мандарин ҳәм грейпфурт өсимлигинде де раўажланыўы анықланды.

Тарқалыўы Орайлық Азия, Австралия, Қубла Африка, Шығыс ҳәм Батыс Африка, Орайлық ҳәм Қубла Америка мәмлекетлеринде кең тарқалған. Өзбекстанда болса Ташкент ўәлаятында анықлан­ған.

Морфологиялық белгилери ­ цитрус инли күйесиниң гүбелегиниң қанатлары жайылғанда 4-5 мм болып, қанатлары күл рең, жиңишке, өткир ушлы болып келеди. Алдынғы қанаты еки оқ сызықлар формасында болса, V формасында белгиси ҳәм жоқары ушында қара дақлар бар.  Қанатының орта алдынғы шетине шекем узын тоқ сары реңли түклери болады. Арқа аяқларының балтыр бөлегинде жоқарыға қараған қара өсимтеси бар. Мәйегиниң формасы жалпақ, реңи ақшыл, узынлығы 0,27 мм келеди. Личинкасының узынлығы 3,6 мм болып, жасыл күл реңде, дене ақыры ушлы, басы сары, денесиниң қалған бөлеги қызғыш-сары реңде, биринши көкирек буўынлары туўры мүйеш формасында. Қуўыршағы дәслеп сарғыш, соңынан тоқ баўыр реңде келеди.

Биологиялық өзгешеликлери ­ цитрус инли күйесиниң раўажланыўында ҳаўа райының әҳми­йети жүдә үлкен. Буны июнь-июль айларында лимон атызларында көп ушыратыў мүмкин. Олар лимон жапырағының ас­тынғы тәрепине жайласып, кеш гүзге дейин зыян келтиреди. Урғашылары мәйегин бүртикке яки өсимликлердиң өсиў ноқатына жапырақларының жоқары бөлимине 200 данаға дейин қояды. Эмбринол раўажланыўы он күн даўам етеди. Личинкалары жапырақ ишине кирип алып, 10-20 күн даўамында раўажланады. Личинкалары жас жапырақлар арасында жылан сыяқлы уялар пайда етип, жапырақ паренхимасы азықланыўы нәтийжесинде жапырақ қуўрайды. Әдетте, бир жапырақта бир уя болады, күшли зыянланғанда яки еки-үш, яки оннан артық болыўы мүмкин. Қарсылықларға ушыраўы менен личинка басқа жапырақларға өтеди. Қуўыршаққа айланыўдан алдын ҳәрекетлениўден тоқтайды. Қуўыршақлық дәўири пилле ишинде өтеди. Зыянкес бир жылда 6-7 рет, базыда 10 рет әўлад береди. Бир әўладтың раўажланыўы 38-43 күнди өз ишине алады. Цитрус инли күйеси плантацияларда ҳәм питомниклерде цитрус егинлериниң жас нәлшелерин зыянлаўы мүмкин. Олар­ға қарсы гүресиў илажлары ­ карантин ис-илажлары қатарына нәллерди үзликсиз тексериў ҳәм экспертиза етиў, зыянкес тар­қалған аймақлардан нәллер ҳәм қәлемшелерин келтириў кескин қадаған етиледи. Зыянкес тарқалған нәллерге фосфор органикалық препаратлар менен ислеў бериў мүмкин.

Т.НАРЫМБЕТОВ,

Б.ӘЖИНИЯЗОВ,

Хожели шегара посты агро­ном-инспекторлары. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF