ТОПАРЛАР ӨЗ ЖУМЫСЫН БАСЛАДЫ
Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында усы жылы 23-август күни халық билимлендириў системасын раўажландырыў, педагоглардың тәжирийбесин ҳәм жәмийеттеги абырайын арттырыў мәселелерине бағышланған ведиоселектор мәжилисинде билимлендириў системасын реформалаў бойынша министрликке әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Жақында усы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде мәжилис өткерилип, оған министрликтиң жуўапкер хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының ректорлары, проректорлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М.Жуманов, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң биринши орынбасары А.Умаров сөзге шығып, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен елимизде муғаллимниң статусы ҳәм абырайын арттырыў, ҳуқықларын және жеңилликлерин кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылып атырғанлығы, мектеп муғаллимлерин хошаметлеў , олардың турмыс дәрежесин жақсылаў ушын жеңиллетилген кредитлер берилип атырғанлығы ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, илажда тәлим-тәрбия тараўында заманагөй ҳәм ақылға уғрас система жаратыў, мектеплердеги руўхый-ағартыўшылық жумысларын жаңаша тийкарда шөлкемлестириў ушын «Миллий идея», «Әдепнама», «Динлер тарийхы», «Ўатан туйғысы», пәнлерин бирлестирилген ҳалда, бирден-бир «Тәрбия» пәнин енгизиў кереклиги ҳәм басқа да бир қатар мәселелер атап өтилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасының Халық билимлендириўи системасында реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин арттырыў бойынша республика жумысшы топар ағзалары дүзилип, республикамыздағы 17 қала ҳәм районларға бириктирилип, өз жумысын баслады.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.