Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:21:43, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЗ КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫМЫЗ

Коррупция тек ғана бир мәмлекетте емес, жер жүзиндеги бәрше мәмлекетлердиң сиясий-экономикалық раўажланыўына кери тәсирин тийгизетуғын иллетлерден бири саналады.

Бул иллетке қарсы гүресиў бәрқулла әҳми­йетли мәселелерден болып келген.

Коррупция ең алды менен, жәмлескен жынаят топарларын қоллап-қуўатлап, оларға көмекши болыў ямаса туўрыдан-туўры жәрдем бериў ушын мәмлекет хызметиниң имканиятларынан пайдаланыў болып есапланады. Бүгинги күнге шекем коррупцияға қарсы гүресиў дүнья мәмлекетлеринде глобал мәселелерден бири болып келген.

Ҳәр бир мәмлекеттиң нызамшылығында парахорлық социаллық қәўипли иллет сыпатында қараланады ҳәм буның ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген. Коррупцияның жәмийет ҳәм мәмлекет ушын жеткеретуғын зыяны бәршемизге мәлим. Бунда ең алды менен мәмлекеттиң конституциялық негизине, оның сиясий ҳәм экономикалық қәўипсизлигине зыян жеткереди. Соның менен бирге, пуқараларымыздың социаллық әдалатқа, ҳақыйқатлыққа ҳәм де мәмлекет уйымларына болған исенимин жоғалтады.

Коррупция өзиниң пүткил мазмун-мәниси менен жәмийеттиң мәдений ҳәм тәрбиялық негизлерин изден шығарып, ҳәкимият уйымларының жынаятқа араласып қалыўын күшейтеди. Базар экономикасында монополияның күшейиўине, сондай-ақ, нәпәк нызамсыз жоллар менен табылған пулларды хожалық ҳәм де коммерциялық системалар арқалы жуўылыўына шараят туўдырып, нәтийжеде ҳуқықый мәмлекеттиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына тосқынлық етеди. Сол себепли, бүгинги күнде мәмлекетимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыў жолында коррупция киби зыянлы иллетлерге қарсы гүресиў әҳми­йетли ўазыйпалардан бири саналады.

Бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүресиў мақсетлерине тек ғана жынаят ҳәм ҳуқықый қураллар менен ерисип болмайтуғынлығын турмыстың өзи дәлиллемекте. Коррупцияға қарсы гүресиўде тийкарғы ўазыйпаларды атқарыўшылар — ҳуқық қорғаў уйымлары болып табылады.

Мәмлекетлик бажыхана уйымларында коррупция, парахорлық, дәме­гөйлик ҳәм басқа да усындай зыянлы иллетлерге қарсы гүресиў ҳәм де оның алдын алыў мақсетинде Бажыхана уйым­ларының өз қәўипсизлиги бас­қармасы ҳәм де аймақларда оның бөлимлери шөлкемлестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы, сондай-ақ, барлық шегара ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар постлары тәрепинен кең жәмийетшиликке турақлы түрде коррупция иллети ҳәм оның зыянлы ақыбетлери, коррупция ҳалатларына жол қоймаў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша профилактикалық илажлар, ушырасыў ҳәм дөгерек сәўбетлери өткерилип келинбекте. Бунда бажыхана уйымлары хызметкерлериниң ата-аналары ҳәм де шаңарақ ағзалары да қатнасыўына айрықша итибар қаратылмақта.

Өткерилип атырған профилактикалық илажлар нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана уйым­ларында коррупция ҳалатларының жүз бериў дәрежеси өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ңө процентке кемейгенлигин көриўимиз мүмкин.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында «Исеним телефоны»ның үзликсиз ислеўи жолға қойылған болып, бул ар­қалы пуқаралар бажыхана нызамбузыўшылығына байланыслы жағдайлар, бажыхана хызметкерлериниң нызамсыз ҳәрекетлери бойынша хабар бериўлери мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы

Бажыхана басқармасы

Мәлимлеме хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF