Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:23:55, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КОНСТИТУЦИЯСЫ ҲӘМ ПУҚАРАЛАР САЙЛАЎ ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде университеттиң юридика факультети ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясы менен биргеликте шөлкем­лестирилген «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм пуқаралар сайлаў ҳуқықларының кепилликлери» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияның сессияларында өз баянатлары менен Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясының профессоры Г.Маликова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры Қ.Умарова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиниң деканы, профессор Е.Куты­баева, магистратура бөлиминиң баслығы А.Гулимов, доцент Ғ.Низаматдинов, профессор З.Реймова, доцент      С.Утемуратова, Өзбекстан Республикасы «Миллий тикланиш» Демократиялық партиясы атқарыўшы комитети аппараты бөлиминиң баслығы Х.Кабулов, «Адолат» Социал-демократиялық партиясы республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Р.Отарбаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳуқықтаныў кафедрасының баслығы М.Нажимовлар шығып сөйледи.

 

Буннан соң, секция бойынша конференция өз жумысларын даўам етти.

Конференцияда Өзбекстан Республикасы сайлаў системасын модернизациялаўдың актуаллық мәселелери, демократиялық мәмлекетте сайлаўлардың әҳмийети, сайлаў нызамшылығы раўажланыўының тийкарғы тенденциялары, Өзбекстан Республикасында сайлаў процесиндеги халықаралық бақлаўшыларының ҳуқықый статусы, халық­аралық сайлаў ҳуқықы ҳәм оларды миллий нызамшылық системасына имплементация етиў, сайлаў системасының суд қорғаўын мәмлекетлик-ҳуқықый институт сыпатында жетилистириў ҳаққында мәселелер додаланды.

Ғ.НИЗАМАТДИНОВ,

Илимий-изертлеўлер, инновациялар ҳәм илимий педагог

кадрлар таярлаў бөлиминиң баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF