КИТАП ОҚЫП, «СПАРК» МИНДИ
«Жас китапқумар-2019» таңлаўының жуўмақлаўшы Өзбекстан Республикасы басқышында 15-19 жас категориясындағы қатнасыўшылар арасында Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Шаҳзада Кәримбаева жеңимпазлықты қолға киргизди. Оған Президент саўғасы — «Спарк» автомашинасы берилди.
Президентимиздиң 2017-жыл 12-январьдағы «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында»ғы бийлиги бул бағдардағы жумысларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықты. Китап инсанға руўхый азық бериў менен бирге, оның санасы, ой-өриси, билимин раўажландырады. Сонлықтан жаслардың белсендилигин арттырыў мақсетинде мәмлекетимизде китапқумарлықты қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қанша илажлар, конференциялар, таңлаўлар шөлкемлестирилмекте. Нәтийжеде жаслар арасында китап оқыўға қызығыў барған сайын артпақта. Өзбекстан Жаслар аўқамы тәрепинен китапқумар жасларды қоллап-қуўатлаўдың жаңаша усылы бүгинги күнде бәршени шексиз қуўандырмақта.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, өткен жылғы «Жас китапқумар-2018» таңлаўының жуўмақлаўшы Өзбекстан Республикасы басқышында 10-14 жас категориясындағы 14 қатнасыўшы арасында Шаҳзада Кәримбаева 4 шәрт жуўмақлары бойынша екинши орынды алып, компьютер топламын алған еди.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.
СҮЎРЕТТЕ: Ш.Кәримбаева.