Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:50:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БЕЛГИЛИ ФИЗИК АЛЫМ

Күнделикли турмысымызды зәрүр әсбап-үскенелерсиз, мысалы, компьютер деймиз бе ямаса телевизор, телефон (улыўма байланыс қураллары), суўытқыш, шаң тазалағыш ҳәм тағы басқаларсыз көз алдымызға елеслете алмаймыз.

Булардың ҳәммеси де ҳәзирги заман физикасының ярым өткизгишлер ҳәм ярымөткизгишлиги әсбаплары бөлиминиң жемиси болып табылады. Бүгин усы тараўдың белгили қәнигеси, профессор Қанатбай Абдреймович Исмайловтың илимий, илимий-педагогикалық ҳәм жәми­йетлик хызметлери туўралы сөз етпекшимиз.

Ол Хожели районында туўыл­ған, Нөкис районындағы 3-санлы орта мектепти тамамлаған. Жаслық жигер, билимге қуштарлық оны Ташкент мәмлекетлик университетиниң (ҳәзирги ўақытта Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети) физика факультетине жетелеп келди ҳәм ықласына бола сол 1976-жылдың өзинде оқыўға кирип, оны 1981-жылы «Ярымөткизгишлер ҳәм диэлектриклер физикасы» қәнигелиги бойынша табыслы тамамлады.

Ол 1982-1986-жылларда Украина Илимлер академиясына қараслы ярымөткизгишлер физикасы институтында дәслеп стажёр-изертлеўши, соңынан үш жыллық мақсетли аспирантураны оқып питкерди. 1986-1991-жыллары ол Нөкис мәмлекетлик университетиниң (ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети) физика факультетиндеги проблемалық лабораторияда илимий хызметкер болып иследи.

1988-жылы Киев қаласында Украина ИА Ярымөткизгишлер физикасы институтының Қәнигелестирилген Кеңесинде «Влия­ние внешних воздействии на характеристики лавинно-пролетных диодов» темасында белгили физик, физика-математика илимлериниң докторы, профессор, Украина мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Тхорик Юрий Александрович ҳәм техника илимлериниң докторы, еки мәрте Украина мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Конакова Раиса Васильевналардың илимий басшылығында кандидатлық диссертациясын табыслы қор­ғап шыққан. Ол 1992-1994-жылларда Украина Миллий Илимлер Академиясы (УМИА) Ярымөткизгишлер физикасы институтында докторантурада болады. 1994-1995-жыллары ҚМУ ярымөткизгишлер физикасы кафедрасының доценти болып жумыс ислеген.

1995-жылы Ташкент қаласында ӨзРИА Физика-техника институты «Қуяш физикасы» Илимий-өндирислик бирлеспесиндеги (ИӨБ) Қәнигелестирилген Илимий Кеңесинде «Сильнополевые и радиационные эффекты в арсенидгаллиевых приборных структурах» атамасындағы темада докторлық диссертациясын мүддетинен бурын табыслы қорғап шығады. Қанатбай Исмайлов бул тараў бойынша республикадағы биринши докторлардан есапланады.

Қ.Исмайлов усы күнге шекем 300ден аслам илимий мийнетлердиң авторы, соннан 1 монография, 5 оқыўлық, 6 оқыў-методикалық қолланбаның, ойлап табыўшылық бойынша 4 авторлық гүўалықтың ийеси. Ол өзи шуғылланған илим тараўы бо­йынша бир қанша теориялық ҳәм әмелий жаңалықлар енгизген. Юбиляр жоқары квалификациялы илимий кадрларды таярлаўға айрықша дыққат аўдарады, мәселен, оның басшы­лығында: 1 докторлық, 4 кандидатлық ҳәм 2 философия докторы физика-математика илимлери бойынша өзлериниң диссертацияларын табыслы жақлап шықты ҳәм ҳәзирги ўақытта республикамыздың жоқары оқыў орынларында, илим-изертлеў мәкемелеринде табыслы мийнет етпекте. Ҳәзирги ўақытта бир докторантқа илимий консультант ҳәм еки базалық докторант­қа илимий басшылық етпекте. Ол инталы студент жаслар менен тығыз ислеседи.

Қ.Исмайлов 1998-жылы Ярым­өткизгишлер физикасы кафедрасы баслығы лаўазымына сайланып, ҳәзирги күнге шекем кафедраны үзликсиз басқарып келмекте. Оның кафедраны басқарыўы дәўиринде кафедраның материаллық-техникалық базасы әдеўир жақсыланды. Сондай-ақ, бүгинги күнде шет еллердиң (ҚМДА) белгили жоқары оқыў орынлары менен бир қатарда республикамыздың да бир қанша жоқары оқыў орынлары менен илимий байланыслар орнатылды.

Илимпаз өзиниң педагогикалық хызметлери менен бир қатарда шөлкемлестириў жумысларын да теңдей алып бармақта, атап айтқанда, 1995-1997-жыллары ҚМУ илимий ислер бойынша проректор, 1997-1998-жыллары руўхыйлық ҳәм әдеп-икрамлылық тәрбия ислери бо­йынша биринши проректоры, 1998-1999-жыллары ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими Тәбият илимлери комплексли институтының директоры, l999-2000-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы болып ислейди. Қатара еки шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң депутаты, 2000-2002-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, 2002-2005-жыллары аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқыў ислери бойынша проректоры, 2005-2012-жылларда физика-техника ҳәм физика факультетлериниң деканы болып иследи.

2002-жылы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары Аттестация Комиссиясының шешими менен оған профессор илимий атағы берилди.

Кафедра баслығы сыпатында кафедраның оқыў, оқыў-методикалық жумысларын ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўге күш жумсалмақта. Соның менен бир қатарда, оның жас кадрлардың, аспирантлардың ҳәм докторантлардың илимий жумысларының алға илгерилеўинде үлкен роли бар. Оқыў процесине жаңа педагогикалық технологияларды ҳәм оқытыў процесиниң жаңа усылларын енгизиўге, ӨзРИА илим-изертлеў институтлары менен байланысларды беккемлеўге айрықша дыққат аўдарады. Ҳәзирги ўақытта кафедраның еки колледж ҳәм академиялық лицейде ҳәм ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими Тәбияттаныў илимлери комплексли институтында филиаллары бар.

Профессор Қ.Исмайловтың басламасы менен ҳәм тиккелей қатнасыўында электрон китапхана жаратылды. Электрон оқыўлық жаратыў бойынша көрсетпе ислеп шығылды. Ярым­өткизгишлер физикасы тараўында ҚМДА илимпазлары менен тығыз бирге ислесиў жолға қо­йылған. ҚМУ ҳәм Украина Миллий Илимлер Академиясы Ярым өткизгишлер физикасы институты арасында бирге ислесиў бо­йынша шәртнамаға қол қойылды. Ол өзиниң илимий-педагогикалық потенциалын турақлы түрде байытып барады. Университеттиң педагогикалық ҳәм илимий жумысларын буннан былай да жетилистириў мақсетинде 2003-2004-жыллары Киев ҳәм Алматы қалаларында, ал, 2005-жылы Швеция Корольлик технологиялық университетинде ҳәм 2013-жылы UzWАTE «ТЕМПУС» жойбары бойынша Упсала қаласында (Швеция) илимий сапарда болды. «Ярымөткизгишлер физикасы», «Ҳәзирги заман физикасы машқалалары», «Микроэлектроника ҳәм нано-электроника тийкарлары»  сыяқлы пәнлер бойынша жоқары дәрежеде лекция курсларын оқыйды. Соның менен бир қатарда, ол бир қанша абырайлы халықаралық ҳәм республикалық илимий конференцияларда программалық ҳәм шөлкемлестириў комитетлериниң ағзасы да болды. Мәселен, оның басламасы менен 2005-жылдың 27-29-октябрь күнлери Нөкис қаласында ҚМУ Ярымөткизгишлер физикасы кафедрасы базасында «Рост, свойства и применение кристаллов» («Кристалларды өсириў, олардың қәсийетлери ҳәм қолланылыўы») деген атамада республикалық конференция өткерилди. 2011-2015-жыллары «Ярымөткизгишлер физикасының заманагөй машқалалары» атамасындағы ҒМДА илимпазларының қатнасыўында еки республикалық илимий конференция шөлкемлестирди. Оның әндижанлы устазлары ҳәм кәсиплеслери менен биргеликте жазған «Нанозарралар физикаси, кимёси ва технологияси» атамасындағы оқыўлығы 20l5-жылы Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минис­трлиги тәрепинен жәрияланған «Жылдың ең жақсы оқыўлығы» таңлаўының 8 дәрежели дипломын алыўға миясар болды. Буннан басқа ол 2017-жылы Өз­РЖОАБМниң «Жылдың ең жақсы педагогы» таңлаўында «Ең жақсы педагог-изертлеўшиси» номинациясы бойынша жеңимпаз болды ҳәм I дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Кейинги он жыл даўамында ол И.Ә.Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик Техника университети (ТМТУ) ҳәм Бердақ атындағы ҚМУ арасында дүзилген шәртнама тийкарында ТМТУ «Санлы электроника ҳәм микроэлектроника» кафедрасы менен биргеликте ӨзРИА академиги М.К.Баҳадырхановтың басшылығында илим-изертлеў жумысларын алып бармақта. Кафедраның еки оқытыўшысы Х.У.Камалов (2008ж.) ҳәм З.М.Сапар­ниязова (20l9ж.) жоқарыда аты аталған оқыў дәргайында өзлериниң диссертация жумысларын табыслы жақлап шығып, физика-математика илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежесине ийе болды.

Ҳәзирги ўақытта Қ.Исмайлов Өзбекстан Республикасы Миллий университети қасындағы «Ярымөткизгишлер физикасы ҳәм микроэлектроника» илим-изертлеў институтындағы Илимий Дәрежелер бериўши DSc.30.08.2019. ҚM/Т.01.12 Илимий Кеңесиниң ағзасы.

Профессор Қ.Исмайлов ­ жетекши педагог, талантлы шөлкемлестириўши, талапшаң ҳәм мийирман тәрбияшы, өз исиниң ҳақыйқый пидайысы. Ол оқыў-педагогикалық жумыслар бойынша бай тәжирийбели, университет жәмәәти арасында ҳүрметке ийе.

Ол қайсы лаўазымларда ислемесин, Сергей Капицаның «Басшылық етиў демекликтиң мәниси жақсы адамлардың жумыс ислеўине кесент келтирмеў» деген қағыйдаға әмел етип келди, илажы болғанынша өз ўазыйпасын инабатлы атқарыўға ҳәрекет ететуғын инсанлардың бири. Ол факультеттеги көплеген жаслардың илим менен шуғылланыўында устазлық етип, оларға шараят жаратып бериўге умтылып келмекте ҳәм өзиниң ҳәр тәреплеме саўатлылығы, жоқары мәдениятлылығы, талапшаңлығы, ең баслысы, әдиллиги менен республикада танылған алым. Сонлықтан да, оның бул мийнетлери ылайықлы баҳасын алды, яғный, ол усы жылы илим ҳәм билимлендириў тараўында көрсеткен көп жыллық пидайы хызметлери ушын «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» деген ҳүрметли атаққа миясар болды.

Қанатбай Исмайлов зайыбы Жәмила Бекбаўлиева менен бирге төрт перзентти тәрбиялап, камалға келтирди, жети ақлықтың сүйикли атасы. Өмириниң даўамшылары да әллеқашан өмирден өз соқпағын таўып кеткен.

Биз болсақ, оны 60 жыллық юбилейи менен университет жәмәәти, кәсиплеслери ҳәм шәкиртлери шын жүректен қутлықлап, оған беккем денсаўлық, шаңарағына аманлық ҳәм оның алдағы илимий-педагогикалық жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.

А.УТЕНИЯЗОВ,

РhD, доцент.

М.ШАРИБАЕВ,

физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF