ИНФЛЯЦИЯЛЫҚ ТАРГЕТЛЕСТИРИЎ РЕЖИМИНЕ БАСҚЫШПА-БАСҚЫШ ӨТИЎ АРҚАЛЫ ПУЛ-КРЕДИТ СИЯСАТЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Инфляция дәрежесин буннан былай да төменлетиў бағдарындағы илажлардың әмелге асырылыўы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм турақлы экономикалық өсиў ушын шараятларды жаратыўға қаратылған экономикалық реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болып есапланады.
Халықаралық тәжирийбе базар экономикасы шараятында пул-кредит сиясатын жүргизиўдиң нәтийжели усылларынан бири инфляциялық таргетлестириў режими екенин көрсетпекте, бунда пул-кредит базарындағы орайлық банктиң белсене қатнасы, сондай-ақ, экономикалық раўажланыўдың турақлы талланыўы ҳәм мәмлекетлик сиясат режелериниң кеңнен сәўлелендирилип барылыўы инфляцияның муғдарлық мақсетлерине ерисиўди тәмийинлейди.
Соның менен бирге, инфляциялық таргетлестириў режимин енгизиў Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳәм Министрлер Кабинетиниң төмендеги бағдарларға қаратылған муўапықластырылған таярлық жумысларын талап етеди:
инфляцияның номенатар факторларының ролин басқышпа-басқыш төменлетиў, соның ишинде, тарифлерди тәртипке салыўды реформалаў, экономиканың реал секторында структуралық экономикалық реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарды тутыныў товарлары менен толықтырыў;
Орайлық банктиң макроэкономикалық таллаў ҳәм коммуникация сиясатының сапасын арттырыў;
регулятордың кредит базарына нәтийжели тәсир етиўин тәмийинлеп беретуғын, пул базарын тәртипке салыўдың жаңа инструментлерин енгизиў.
Макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў ушын экономиканы тәртипке салыўдың базар механизмлери ҳәм инструментлерин қолланыўды кеңейтиў, сондай-ақ, пул-кредит сиясатының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Орайлық банки инфляцияның дәрежесин 2021-жылда 10 процентке шекем төменлетиў және 2023-жылда 5 процент дәрежедеги турақлы инфляциялық мақсетти (таргет) орнатыў жолы менен 2020-жылдың 1-январынан баслап пул-кредит сиясаты механизмлерин басқышпа-басқыш инфляциялық таргетлестириў режимине өткериўди тәмийинлесин.
- Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Орайлық банки пул-кредит сиясатының тийкарғы принциплери етип белгиленсин:
инфляцияның турақлы әмел ететуғын мақсетин белгилеў ҳәм оны кең жәмийетшиликке жеткериў;
пул базарындағы процент ставкаларын тәртипке салыў ҳәм инфляциялық процесслерди басқарыў мақсетинде пул-кредит сиясатының кең көлемли инструментлерин қолланыў;
пул-кредит сиясаты тараўында объектив қарарларды қабыллаў мақсетинде ишки ҳәм сыртқы базарларда бар ашық мағлыўматларды есапқа алған ҳалда ҳәр тәреплеме макроэкономикалық таллаў ҳәм прогнозларды әмелге асырыў;
пул-кредит сиясаты мақсетлерин кең жәмийетшиликке жеткериў, макроэкономикалық жағдайдың алдыннан көре билиўин тәмийинлеў ҳәм базар қатнасыўшыларының исенимин қәлиплестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң коммуникация сиясатын жетилистириў.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Орайлық банки инфляциялық таргетлестириў режимине толық өтиў ушын шараятларды жаратыў бойынша комплексли илажлардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин, атап айтқанда:
муўапықластырылған монетар-фискаль ҳәм монополияға қарсы сиясат жүргизиў;
бәсекиге шыдамлы базар экономикасына өтиўди тезлестириў, жергиликли ислеп шығарыўшылардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў және товарлар ҳәм хызметлердиң толық базарларын қәлиплестириў арқалы экономика тармақларында структуралық реформаларды әмелге асырыўды даўам еттириў;
монополияға қарсы гүресиў ҳәм баҳаларды тәртипке салыўдың заманагөй усылларына өтиўге, сондай-ақ, өндиристиң инфраструктурасын кеңейтиўге бағдарланған тәртипке салынатуғын баҳаларды басқышпа-басқыш еркинлестириў;
фондларды инвестицияларға трансформациялаў ушын финанслық дәлдалшылық институтларын раўажландырыў мақсетинде банк системасы ҳәм финанс базарларын реформалаў, сондай-ақ, финанслық ағымларды узақ мүддетли режелестириў ушын имканият жаратыў.
4.Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Орайлық банкиниң инфляцияны төменлетиў ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлери концепциясы (кейинги орынларда — Концепция) 1-қосымшаға муўапық;
2020-жылда инфляцияны төменлетиў ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда — «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Орайлық банки төмендегилерди енгизиў арқалы пул-кредит инструментлерин, механизмлерин ҳәм процесслерин инфляциялық таргетлестириў режими стандартларына муўапықластырыў илажларын көрсин:
2020-жылдың 1-январына шекем пул базары процент ставкаларына тәсир ететуғын базар инструментлери, соның ишинде, Орайлық банктиң облигациялары, овернайт депозитлер, турақлы түрдеги депозит аукционлары, мәмлекетлик баҳалы қағазлар ҳәм сырт ел валютасы гиреўи астында кредит аукционлары ҳәм овернайт кредитлери;
2020-жыл даўамында процент ҳәм валюта қәўип-қәтерлерин басқарыўда өндирислик инструментлер (своп, опцион ҳәм фьючерслер) ҳәм коммерциялық банклердиң валюта курсы қәлиплесиўиндеги ролиниң басқышпа-басқыш арттырылып барылыўы;
бир ай мүддетте Орайлық банктиң банклераралық пул базарына турақлы интервенциясы арқалы бейимлесиўшең процент сиясатын әмелге асырыўда тийкарғы процент ставкасының процент коридоры механизми;
2020-жылдың 1-апрелине шекем халықаралық финанс институтларының техникалық жәрдеми және алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында эконометрикалық моделлестириў инструментлерин раўажландырыўды нәзерде тутатуғын макроэкономикалық таллаў ҳәм прогнозлаў системасы;
еки ай мүддетте Орайлық банк тәрепинен экономикадағы ҳәзирги жағдай, инфляциялық процесслердиң тийкарғы факторлары ҳәм пул-кредит сиясаты илажларының өз ўақтында сәўлелениўин нәзерде тутатуғын коммуникациялық сиясаттың заманагөй принциплери;
инфляция ҳәм инфляцияда күтилетуғын факторларды турақлы үйренип барыў, халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа мәмлекетлердиң Орайлық банклериниң техникалық жәрдемин тартыў арқалы алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў.
- Инфляцияның дәрежесин төменлетиў ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў бағдарындағы илажларды муўапықластырыў бойынша комиссия (кейинги орынларда — Комиссия) 3-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
инфляцияның факторлары ҳәм баҳалардың өсиўине алып келетуғын себеплерди тиккелей сол орында таллаў ҳәм сын көзқарастан баҳалап барыў;
барлық министрликлер ҳәм уйымлардың ис-ҳәрекетлерин экономикада инфляцияның дәрежесин төменлетиў және әмелге асырылып атырған сиясаттың өз-ара муўапықлығын тәмийинлеўге қаратыў;
республика пул-кредит сиясатын инфляциялық таргетлестириў режимине өткериўге қаратылған илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўындағы кемшиликлер ҳәм машқалаларды анықлаў, сондай-ақ, оларды сапластырыў және усы тараўдағы ўәкилликли уйым ҳәм шөлкемлер басшыларының жуўапкершилигин арттырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
ўәкилликли уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәм басқа да ўәкиллериниң қатнасыўында ҳәр айда ең кеминде еки мәрте ишки базардағы баҳаларды турақластырыў ҳәм инфляцияны төменлетиўге қаратылған илажлардың орынланыўын додалаўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барыў.
- 2020-жыл 1-январьдан баслап коммерциялық банклер тәрепинен (миллий валютада) жаңадан берилетуғын барлық түрдеги кредитлер, соның ишинде, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент ставкалары Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасынан кем болмаған дәрежеде белгиленетуғыны, ипотеканы кредитлеў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар және пахта шийки заты ҳәм дәнли егинлерди жетистириў ушын аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханаларға ажыратылатуғын кредитлер буған кирмейтуғыны;
2021-жыл 1-январьдан баслап, зәрүр жағдайларда, процент қәрежетлериниң белгили бир бөлегин компенсациялаў механизмлерин енгизиў арқалы коммерциялық банклерге процент ставкаларын еркин белгилеў ҳуқықын берген ҳалда кредитлерди жеңиллетилген процент ставкаларында бериў әмелиятының бийкар етилгени белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
2020-жылдың 1-февралына шекем Энергетика министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Экономика ҳәм санаат министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте, 2020-2021-жылларда тәртипке салынатуғын баҳалар (тарифлер)ды инфляция мақсетлерине тәсирин есапқа алған ҳалда еркинлестириў графигин ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин;
улыўмалық фискаль баланстың жетиспеўшилигин 2022-жылда 1,5 проценттен аспайтуғын дәрежеге шекем басқышпа-басқыш төменлетиўди тәмийинлесин;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң белгиленген параметрлер шеңбериндеги қатаң орынланыўын, сондай-ақ, Орайлық банк пенен биргеликте салық-бюджет ҳәм пул-кредит сиясатының муўапықлығын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлиги Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк пенен биргеликте 2020-жылдың 1-июлине шекем резидент емеслерге финанс базарына кириўге рухсат бериў шәртлери, механизмлери ҳәм мүддетлери бойынша усынысларды жүзеге келиўи мүмкин болған унамсыз ақыбетлерин сапластырыўдың анық механизмлери ҳәм инструментлерин ислеп шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Орайлық банки:
Концепция ҳәм «Жол картасы»ның сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын;
«2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасында структуралық реформалардың тийкарғы бағдарларының «Жол картасын» әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша Экономикалық кеңес мәжилислеринде салық-бюджет ҳәм пул-кредит сиясатының муўапықлығын және структуралық реформалардың әмелге асырылыў жағдайы мәселелерин көрип шығыўды ҳәм додалаўды;
жәҳән базарларындағы реал жағдайдың раўажланыўы ҳәм структуралық экономикалық реформалардың әмелий нәтийжелеринен келип шыққан ҳалда бейимлесиўши макроэкономикалық сиясатты жүргизиў, сондай-ақ, инфляцияның узақ мүддетли мақсетли көрсеткиши (таргети) дәрежесине шекем төменлеўин;
«Жол картасы»ның әмелге асырылыўын ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққындағы мағлыўматты, сондай-ақ, инфляция бойынша қойылған мақсетке ерисиў факторлары ҳәм қәўип-қәтерлерин көрсеткен ҳалда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәр шеректе мағлыўмат киргизип барыўды тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Орайлық банки, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте 2020-жылдың 1-апрелине шекем Жәҳән банкиниң техникалық жәрдеми тийкарында ислеп шығылып атырған Финанслық ғалабалықты арттырыў миллий стратегиясы шеңберинде финанслық саўатлылықты арттырыўға бағдарланған илажлар режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Орайлық банки, Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң баслығы М.Б.Нурмуратовға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 18-ноябрь.