Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:34:46, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕЛЕФОННАН ТАПҚАН ТӘШЎИШ

Перзентлеримизге жаңа кийим яки тутыныў буйымын алып берсек, «Буйырсын, тоздырмақ несип етсин, жақсы күнлериңе, ийгиликли мақсетлериңе хызмет етсин» деп қутлы болсын айтып, тилек тилеймиз.

Әнедей шаңарақ басшысы, 1982-жылы Әмиўдәрья районында туўылған, Маңғыт қаласы, «Халықлар дослығы» көшеси номерсиз жайда жасаўшы Уразимбетов Расул Саниевич заманагөй маркадағы телефон сатып алғанында жақынлары тәрепинен жоқарыдағыдай жақсы тилеклер айтылған шығар, бәлким... Тилекке қарсы...

Жоқары мағлыўматлы, «Дилмурад Сапаев» шаңарақлық кәрханасында есапшы болып ислеп атырған Расул Уразимбетовтың қол телефоны ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен тексерилип көрилгенде оның «Однаклассники» сайтынан «Расул Уразимбетов» деп аталған профил ашып, диний мазмундағы ҳәр қыйлы шығып сөйлеўлер, баянатлар, сүўрет ҳәм видео көринисиндеги материалларды өзгелерге тарқатып келгенлиги анықланған.

Әне, «Бәле-қада қайда жатыр, бассаң аяқ астында» дегендей телефоннан тәшўиш тапты. Өзиниң ҳуқықбузарлық ҳәрекетине ықрар болып, келешекте бундай намақул ҳәрекетлерди тәкирарламаслыққа сөз берген оның бул нызамсыз ҳәрекетлери суд тәрепинен ҳәр тәреплеме көрип шығылып, ең кем айлық ис ҳақының он есеси муғдарында жәрийма тайынлаўға қарар қабыл етилди.

Б.ҚУРБАНОВ.  

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF