Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:25:31, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРРУПЦИЯҒА  ҚАРСЫ ГҮРЕС БОЙЫНША СЕМИНАР-ТРЕНИНГ

Коррупция пуқаралардың социаллық әдалатқа, мәмлекетлик уйымларға болған исенимин жоғалтады, мәмлекеттиң экономикалық өсиўине унамсыз тәсирин көрсетеди, қалаберсе, жәмийеттеги адамлардың руўхый жағ­дайының бузылыўына алып келеди.

Cонлықтан жәмийетимизде коррупцияға қарсы гүрес үлкен жолға қойылған. Бул бойынша республикамыздың барлық жәмийетлик шөлкем, кәрхана ҳәм оқыў орынларында түсиник жумыслары алып барылмақта.

Жақында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейинде оқыўшылар менен коррупцияға қарсы  гүресиў бойынша семинар-тренинг болып өтти.

Семинар-тренингти лицей директоры, подполковник У.Қадиров ашып берди ҳәм мәмлекетимизде 2019-жылы 27-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев тәрепинен «Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы, пәрманда көрсетилген  коррупцияға қарсы гүресте нызамшылықты жетилистириў, пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын асырыў, билимлендириў, социаллық тәмийнат, жәми­йетимиздиң барлық тараўларында коррупциядан сақланыў, оны ўақтында анықлаў ҳәм тоқтатыў оларды келтирип шығарыўшы себеп ҳәм илажларды сапластырыў ҳаққында айтып өтти.

Cоң Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммед» жомеъ мешити имамының орынбасары Айбек Жолаўшиев шығып сөйлеп, ҳадаллық ҳаққындаF ҳадаллық, шүкиршилик - ҳешқашан коррупцияға жол қоймайтуғынын атап өтти. Cондай-ақ адамды гүнаға баслаўшы иллетлерF ишкиликпазлық, қумар, сүтхорлықтың зыяны, напәк жоллардан аўлақ болыўды оқыўшы жасларға көплеген диний рәўаятлар мысалында  тереңнен түсиндирди.  

Семинар-тренинг мазмунлы өтти.

 А.Утегенов,

ӨзР ИИМ Қарақалпақ академиялық лицейи бөлим баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF