ОҚЫЎ ҲӘМ МАТЕРИАЛЛЫҚ ҚУРАЛЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ
Өзбекстан Республикасы Қорғаныў ҳәм Халық билимлендириў министрликлериниң 2019-жыл 24-октябрьдеги «Улыўма орта билим бериў мектеплериниң әскерий шақырыққа шекемги басланғыш таярлық классларын оқыў ҳәм материаллық қураллар менен үскенелеў ҳаққында»ғы қоспа қарары ҳәм Қураллы Күшлердиң Бас Штабы шөлкемлестириў мобилизациялық Бас басқармасы баслығының 2019-жыл 4-ноябрьдеги 21/3/2861-санлы талапнамасына муўапық, 2019-жылдың 15-ноябри күни Нөкис қаласы аймағында жайласқан улыўма орта билим бериў мектеплерине оқыў ҳәм материаллық қуралларын бийғәрез жәрдем ретинде тапсырыў режелестирилген еди.
Усы жылдың 15-ноябрь күни Нөкис қалалық Қорғаныў ислери бөлиминде Нөкис қалалық ХББне қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң жасларды әскерий шақырыққа шекемги таярлаў пәни муғаллимлерине оқыў ҳәм материаллық қуралларды салтанатлы түрде тапсырыў мәресими болып өтти. Оған Нөкис қалалық Қорғаныў ислери, Халық билимлендириў бөлимлери ҳәм бөлимге қараслы 49 улыўма орта билим бериў мектеплериниң жасларды әскерий шақырыққа шекемги таярлаў пәни муғаллимлери қатнасты.
Илажда Нөкис қалалық Қорғаныў ислери бөлими баслығы А.Сергабаев шығып сөйлеп, ол өз сөзинде улыўма орта билим бериў мектеплериндеги жасларды әскерий шақырыққа шекемги таярлаў пәниниң нәтийжелилигин арттырыў, сабақ барысында жасларда заманагөй әскерий оқыў ҳәм материаллық қуралларға болған түсинигин қәлиплестириў мақсетинде АК-74 автоматлары, санитариялық носилка ҳәм пакетлер, газ нықаплары ҳәм оқыў гранаталары бийғәрез жәрдем ретинде берилип атырғанлығын, бул илажлар алдағы ўақытта да даўам ететуғынын атап өтти ҳәм Нөкис қалалық ХББне қараслы 49 улыўма орта билим бериў мектеплериниң жасларды әскерий шақырыққа шекемги таярлаў пәни муғаллимлерине оқыў ҳәм материаллық қуралларды салтанатлы түрде тапсырды.
Нөкис қалалық ХББниң әмелий пәнлер бойынша методисти Р.Қәдиров өз сөзинде бүгинги күнге шекем улыўма орта билим бериў мектеплериндеги жасларды әскерий шақырыққа шекемги таярлаў пәни муғаллимлери сабақ өтиў барысында заманагөй әскерий ҳәм материаллық қураллардың жетиспеўшилигинен қыйналып келгенлигин, бул бийғәрез жәрдем оларға сабақтың нәтийжелилигин арттырыўда үлкен көмек болатуғынын айрықша атап өтип, бийғәрез жәрдеми ушын Нөкис қалалық Қорғаныў ислери бөлимине терең миннетдаршылығын билдирди.
Бул илажлар даўам ете береди.
С.ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.
Автордың түсирген сүўрети.