НЕФТЬ ҲӘМ ГАЗГЕОЛОГИЯЛЫҚ-ИЗЛЕЎ ЖУМЫСЛАРЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲӘМ АЛЫП БАРЫЎ СИСТЕМАСЫН ЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-июльдеги «Халық ҳәм экономиканы энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў, нефть-газ тармағын финанслық жақтан жақсылаў ҳәм оның басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4388-санлы қарарына муўапық, сондай-ақ, углеводород шийки заты ушын геологиялық-излеў жумысларының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм «Өзбекнефтьгаз» АЖниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетине (кейинги орынларда — Мәмлекетлик геология комитети) төмендеги функцияларды тапсырыў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин:
жаңа углеводород шийки затының кәнлерин ашыў ушын нефть ҳәм газ перспективалы структураларын анықлаў ҳәм таярлаўға қаратылған илимий-изертлеў, регионаллық геологиялық-сүўретлеў, геофизикалық ҳәм бураўлаў жумысларын алып барыў;
республиканың углеводород шийки заты резервлерин жедел раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў, жаңа углеводород шийки заты кәнлерин ашыўды тәмийинлеўге бағдарланған геологиялық-излеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў жумысларын шөлкемлестириў.
«Өзбекнефтьгаз» АЖ 2019-жылдың ақырына шекем Мәмлекетлик геология комитетине илимий-изертлеў ҳәм геофизикалық жумысларды алып барыўдың әмелдеги жойбарлары ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәм барлық қолда бар перспективалы майданлар, инвестициялық блоклар ҳәм углеводород шийки заты кәнлери бойынша фонд ҳәм басқа да материалларды усынсын.
- 2020-жылдан баслап нефть ҳәм газ минерал-шийки заты базасын раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў жыллық мәмлекетлик бағдарламалары Мәмлекетлик геология комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда ислеп шығылатуғыны және тастыйықланатуғыны;
нефть ҳәм газ минерал-шийки заты базасын раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў жыллық мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жетекши сырт ел консалтинг компаниялары ҳәм қәнигелерин тартқан ҳалда, геологиялық-излеў жумысларын шөлкемлестириўдиң халықаралық стандартларын енгизиў илажлары әмелге асырылатуғыны;
нефть ҳәм газ бойынша илимий-изертлеў, регионаллық геологиялық-сүўретлеў, геофизикалық және бураўлаў жумыслары ҳәм заманагөй үскенелер, илимий көлемли технологиялар, программалық өнимлер, арнаўлы ҳәм автотранспорт техникалары менен тәмийинлеў илажлары нефть ҳәм газ минерал-шийки заты базасын раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў жыллық мәмлекетлик бағдарламаларда нәзерде тутылатуғыны ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан Мәмлекетлик геология комитетиниң тийкарланған есап-санақлары тийкарында қаржыландырылатуғыны;
нефть ҳәм газ минерал-шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў жыллық мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан бураўланып, қурылысы жуўмақланған қудықлар оларды Мәмлекетлик геология комитети ҳәм оның шөлкемлери тәрепинен жер астынан белгили пайдаланыўшыларға берилиўине шекем салыққа тартыў объекти есапланбайтуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик геология комитетиниң «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Өзбураўлаўнефтьгаз» АЖниң «Өзбекгеофизика» АЖ ҳәм «Нефть ҳәм газ кәнлериниң геологиясы ҳәм излеў институты» АЖниң устав капиталларындағы үлеслерин Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине (кейинги орынларда — Агентлик) өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Қаржы министрлиги, Агентлик ҳәм Мәмлекетлик геология комитети менен биргеликте 2020-жылдың 1-июлине шекем геологиялық-излеў хызметлери тараўы ҳәм усы тармақтағы бәсеки дәрежесин үйренген ҳалда 1-қосымшаға муўапық Мәмлекетлик геология комитетиниң қурамына киретуғын мәмлекетлик кәрханаларды Агентликке акционер (шөлкемлестириўши ҳәм қатнасыўшы) ҳуқықын бериў арқалы қайта шөлкемлестириўди тәмийинлесин.
Мәмлекетлик геология комитети Агентлик ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте ҳәр бир мәмлекетлик кәрхананы қайта шөлкемлестириў бойынша илажлар режесин олардың анық мүддетлерин ҳәм жуўапкер орынлаўшыларын көрсеткен ҳалда ислеп шықсын, тастыйықласын және әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
«Өзбекгеофизика» АЖ, «Нефть ҳәм газ кәнлериниң геологиясы ҳәм излеў институты» АЖ ҳәм қайта шөлкемлестирилип атырған мәмлекетлик кәрханалар өз жумысын Мәмлекетлик геология комитетиниң шөлкемлестириўшилик структурасы қурамында әмелге асыратуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
«Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Өзбураўлаўнефтьгаз» АЖниң «Өзбекгеофизика» АЖ ҳәм «Нефть ҳәм газ кәнлери геологиясы ҳәм излеў институты» АЖниң устав капиталларындағы үлеслериниң Агентликке берилиўи баланс баҳасында «Өзбекнефтьгаз» АЖ устав капиталындағы мәмлекетлик үлестиң азайтылыўы есабынан әмелге асырылатуғыны;
усы қарарға тийкарланып бир шөлкемнен басқа шөлкемге берилип атырған ҳәм қабыл етилип атырған мүлклер, мүлк ҳуқықлары, соның ишинде, акциялар ҳәм устав капиталларындағы үлеслер барлық салық түрлери бойынша салыққа тартыў объекти есапланбайтуғыны;
«Өзбекгеофизика» АЖ ҳәм «Нефть ҳәм газ кәнлери геологиясы ҳәм излеў институты» АЖ акцияларының Агентликтиң ийелигине өтиўи жаңадан сатып алынған акциялар пакети деп есапланбайтуғыны;
«Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң «Өзбекгеофизика» АЖ ҳәм «Нефть ҳәм газ кәнлери геологиясы ҳәм излеў институты» АЖ менен әмелдеги шәртнамалар бойынша ҳуқық және миннетлемелери сақланып қалынатуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик геология комитети, Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги тәрепинен ислеп шығылған:
Мәмлекетлик геология комитети тәрепинен орынланатуғын 2020-2021-жылларда жер астын углеводород шийки затына геологиялық үйрениў жумысларының тийкарғы параметрлери 2-қосымшаға муўапық;
«Өзбекгеофизика» АЖ ҳәм «Нефть ҳәм газ кәнлери геологиясы ҳәм излеў институты» АЖ материаллық-техникалық базасын модернизациялаў ҳәм беккемлеў ушын сатып алынатуғын заманагөй геофизикалық, лаборатория ҳәм басқа да қурылмалар, программалық өнимлер, арнаўлы автотранспорт техникаларының дизими 3-қосымшаға муўапық;
Минерал-шийки зат, соның ишинде, нефть ҳәм газ базасын раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў бойынша жумысты басқышпа-басқыш реформалаў ҳәм коммерцияластырыў жолы менен геологиялық-излеў жумысларын шөлкемлестириў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша «Жол картасы» 4-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде Мәмлекетлик геология комитетине ҳәр жылы тастыйықланатуғын минерал-шийки зат базасын (соның ишинде, нефть ҳәм газды) раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў мәмлекетлик бағдарламаларына муўапық, сондай-ақ, усы қарар менен тапсырылып атырған функцияларды есапқа алған ҳалда қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 4-майдағы «2017-2021-жылларда жер асты суўлары резервлеринен ақылға уғрас пайдаланыўды қадағалаў ҳәм есапқа алыўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2954-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы минерал-шийки зат базасын раўажландырыў стратегиясының әмелге асырылыўын муўапықластырыў бойынша Жумысшы топарға (кейинги орынларда — Жумысшы топар) усы қарардан келип шығатуғын тапсырмалар ҳәм илажларды өз ўақтында және сапалы әмелге асырыў бағдарындағы жумысларды муўапықластырыў ўазыйпасы жүкленсин.
- Әмелдеги жойбарлар шеңберинде бурын басланған параметрлик ҳәм излеў қудықларын бураўлаў жумысларын жуўмақлаў шәрти менен углеводород шийки заты ушын геологиялық-излеў жумысларын лицензия алмаған ҳалда алып барыў ҳуқықы «Өзбекнефтьгаз» АЖнде сақлап қалынсын.
- Мәмлекетлик геология комитети Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм «Өзбекнефтьгаз» АЖ менен биргеликте үш ай мүддетте:
2020-2025-жылларда углеводород резервлерин көбейтиўдиң мақсетли көрсеткишлерин;
тиккелей сөйлесиўлердиң нәтийжеси бойынша «Өзбекнефтьгаз» АЖне жер астынан пайдаланыў ҳуқықын беретуғын тийисли лицензияны усынған ҳалда, нефть ҳәм газгеологиялық-излеў жумыслары шеңберинде олар тәрепинен қудықларды бураўлаў жумыслары әмелге асырылатуғын перспективалы структуралар ҳәм углеводород кәнлериниң дизимин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Төмендегилерге:
«Өзбекнефтьгаз» АЖне Нефть ҳәм газ минерал-шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде бурын басланған жойбарлар бойынша «Өзбекгеофизика» АЖ ҳәм «Нефть ҳәм газ кәнлери геологиясы ҳәм излеў институты» АЖ менен илимий-изертлеў, тематикалық, геофизикалық ҳәм лаборатория жумысларын орынлаў бойынша тиккелей шәртнамалар дүзиўге;
«Өзбекнефтьгаз» АЖ, Мәмлекетлик геология комитети ҳәм олардың қурамына киретуғын шөлкемлерге, соның ишинде, акционерлик жәмийети сыпатында қайта шөлкемлестирилип атырған мәмлекетлик кәрханаларға 2021-жылдың ақырына шекем геологиялық-излеў ҳәм қосымша илажларды орынлайтуғын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы минерал-шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў жыллық мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде тендер саўдаларысыз таңлаў өткериў жолы менен мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асыратуғын жумысты бөлип алып ислеўшилерди анықлаўға рухсат берилсин.
- Сырт ел инвесторлары тәрепинен «Өзбекнефтьгаз» АЖ менен бурын дүзилген келисимлер шеңберинде кейин ала Мәмлекетлик геология комитети менен жер астын геологиялық үйрениў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириў мақсетке муўапықлығы ҳаққында қарар қабыл етиў ушын усынылған материаллар үйренилетуғын инвестициялық блоклардың дизими 5-қосымшаға муўапық мақуллансын.
сырт ел инвесторлары менен келисимлердиң мүддети жуўмақланғаннан кейин инвестициялық блоклар ҳәм перспективалы участкалар Мәмлекетлик геология комитетиниң қарамағына өтетуғыны;
инвестициялық блоклардың шегаралары ҳәм майданлары Мәмлекетлик геология комитетиниң қарамағына өткеннен кейин инвесторларды тартыў процесин оптималластырыў ушын бир жыл ишинде қайта көрип шығылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 2020-жыл 1-январьдан төмендеги механизм енгизилсин, оған муўапық:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 24-майдағы «Стратегиялық әҳмийетли түрдеги қатты пайдалы қазылма кәнлерин геологиялық үйрениў ҳәм өзлестириўге сырт ел инвестицияларын тартыўды жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3000-санлы қарарында көрсетилген стратегиялық пайдалы қазылма түрлери бар жер асты участкаларын пайдаланыўға тапсырыў лицензияларын бериўдиң ашық-айдынлығын тәмийинлейтуғын аукцион саўдалар тийкарында әмелге асырылатуғыны;
стратегиялық пайдалы қазылма түрлерине ийе жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықының басланғыш баҳасы геологиялық изертлеў ушын — имза бонусы ставкасы муғдарында, қазып шығарыў ушын — коммерциялық табылма бонусы ставкасы муғдарында нызамшылықта орнатылған тәртипте белгиленеди. Онда стратегиялық пайдалы қазылма түрлерине ийе жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықының басланғыш баҳасы Мәмлекетлик геология комитети тәрепинен орынланған излеў ҳәм разведка жумысларының қәрежетлеринен аз болмаўы керек;
стратегиялық пайдалы қазылма түрлерине ийе жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы реализациясынан түскен қаржылар аукцион саўдаларды шөлкемлестириўге кеткен қәрежетлер услап қалынғаннан соң, орнатылған тәртипте Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетине бағдарланады;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылған қаржылардың жумсалғанлығы ҳәм ерисилген нәтийжелер ҳаққында Мәмлекетлик геология комитетиниң есабаты ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине усынылады;
халықаралық шөлкемлер ҳәм финанс институтларының техникалық жәрдеми, аудиторлар ҳәм бийғәрез мәсләҳәтшилерди тартқан ҳалда, ашық-айдынлық тәртип-принциплери тийкарында тендер ҳүжжетлерин таярлаў ҳәм саўдаларды шөлкемлестириў, инвестициялық геологиялық объектлерди баҳалаў жолы менен стратегиялық түрдеги пайдалы қазылмаларды қазып шығарыўға байланыслы инвестициялық келисимлерди дүзиў әмелияты қолланылады.
Мәмлекетлик геология комитети тастыйықланған минерал-шийки зат базасын (соның ишинде, нефть ҳәм газды) раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў мәмлекетлик бағдарламалары бойынша жумысларды қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик геология комитетине ажыратылатуғын жыллық қаржылар шеңберинде жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықының басланғыш баҳасын баҳалаў бойынша хызметлерге ҳақы төлеў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
- Мәмлекетлик геология комитети:
Жумысшы топардың жумысшы уйымы ҳәм илимий-изертлеў ҳәм геофизикалық жумыслар, сондай-ақ, барлық перспективалы участкалар, инвестициялық блоклар ҳәм углеводород шийки заты кәнлери бойынша әмелдеги жойбарлар ҳаққында мағлыўматлардың ийеси есапланатуғыны;
«Өзбекнефтьгаз» АЖ тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлардан тысқары потенциалы сырт ел инвесторларының қатнасыўында нефть ҳәм газ перспективалы структураларын геологиялық үйрениў тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм муўапықластырыў ушын жуўапкер атқарыўшы уйым есапланатуғыны;
нефть ҳәм геологиялық-излеў жумысларын алып барып атырған жер асты пайдаланыўшылары ушын улыўма республиканың минерал-шийки зат базасын тең салмақлы раўажландырыў ҳәм қайта тиклеўди тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда углеводород шийки заты резервлерин көбейтиў бойынша ўазыйпаларды белгилейтуғыны белгилеп қойылсын.
- Жер астын геологиялық үйрениў, пайдаланыў ҳәм оны қорғаў, сондай-ақ, нызамшылық қатнасықларын басқарыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары Мәмлекетлик геология комитети менен келисилиўи шәрт екенлиги белгиленсин.
15 Мәмлекетлик геология комитетиниң орайлық аппараты структурасында:
хызметкерлердиң шекленген саны 9дан ибарат Нефть ҳәм газ геологиясы басқармасы;
хызметкерлердиң шекленген саны 7ден ибарат Нефть ҳәм газбураўлаў жумысларын шөлкемлестириў басқармасы;
хызметкерлердиң шекленген саны 4тен ибарат Сатып алыў жумысларын шөлкемлестириў басқармасы шөлкемлестирилсин.
Мәмлекетлик геология комитетине усы бәнтке тийкарланып шөлкемлестирилетуғын басқармаларды комплектлеў мақсетинде қосымша 14 басқарыў хызметкерлериниң штат бирликлери ажыратылсын.
Мәмлекетлик геология комитети баслығының нефть ҳәм газ геологиялық-излеў жумысларын өткериў мәселелерин муўапықластырыўшы орынбасары лаўазымы киргизилсин.
- Мәмлекетлик геология комитети орайлық аппаратының жаңаланған структурасы 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 1-марттағы «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3578-санлы қарарында:
10-бәнттиң үшинши абзацы, сондай-ақ, 5-қосымша өз күшин жойытқан деп есаплансын;
11-бәнттеги «339» ҳәм «92» санлары тийислисинше «391» ҳәм «107» санлары менен алмастырылсын.
- Мәмлекетлик геология комитети Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасының энергетика министри А.С.Султановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 18-ноябрь.