МИЛЛЕТЛЕРАРАЛЫҚ ҚАТНАСЫҚЛАР ТАРАЎЫНДА ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘМЛЕКЕТЛИК СИЯСАТЫ
КОНЦЕПЦИЯСЫН ТАСТЫЙЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Соңғы жылларда мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири — жәмийетте миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, дослық орталығын ҳәм көп миллетли үлкен бирден-бир шаңарақ сезимин беккемлеў, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет пенен қараў руўхында тәрбиялаў, сырт мәмлекетлер менен мәдений-ағартыўшылық байланысларды кеңейтиўге бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының қағыйдалары турмысқа белсене енгизилмекте, бул қағыйдалар Өзбекстан Республикасы пуқараларының миллетине қарамастан Өзбекстан халқын қурайтуғынын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы өзиниң аймағында жасайтуғын миллет ҳәм халықлардың тили, үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыўды, оларды раўажландырыў ушын шараятлардың жаратылыўын жәриялайды ҳәм кепиллик береди.
Усы мақсетлерде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Миллетаралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети шөлкемлестирилген болып, ол өз жумысын жүргизбекте және жәмийетте миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик сиясатты избе-из әмелге асырып келмекте.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде жасап киятырған 130дан аслам миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары усынған тең ҳуқық ҳәм имканиятлардан пайдаланып, экономиканың түрли тармақларында ҳәм социаллық тараўда, илим ҳәм мәденият тараўларында жемисли мийнет етип, Ўатанымыздың гүллеп-жаснаўына ҳәм оның ғәрезсизлигин беккемлеўге, республиканың халықаралық майдандағы абырайын және имиджин арттырыўға мүнәсип үлес қосып келмекте.
Әмелге асырылып атырған әҳмийетли бағдарлардың пәтин, кең көлемли демократиялық реформаларды, сиясий, экономикалық, социаллық, мәнаўий жақтан еркинлестириў ҳәм жәмийетлик турмыстың басқа да тараўларында ерисилген салмақлы табыслардың нәтийжеси Өзбекстан халқы бирден-бир идея — Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша жоқары мақсетлер ҳәм оғада әҳмийетли ўазыйпаларға ерисиўден ибарат бирден-бир мақсеттиң әтирапына бирлескенин атап өтиў ушын барлық тийкарларды береди.
Соның менен бирге, халықаралық ҳәм регионаллық қатнасықларда даўам етип атырған глобалласыў ҳәм трансформация, дүньяда экономикалық, сиясий, миллий, диний ҳәм басқа да келиспеўшиликлер күшейип, мәлимлеме кибермәканларында қарама-қарсы гүрес күшейип баратырған бир шараятта миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларды буннан былай да раўажландырыў тараўында өз шешимин талап етип атырған бир қатар әҳмийетли мәселелер сақланып қалмақта, төмендегилер усылар қатарына киреди:
миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў тараўында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара бирге ислесиў дәрежесин буннан былай да арттырыў;
жәмийетте жүзеге келиўи мүмкин болған келиспеўшилик жағдайлар ҳәм қарама-қарсылықлардың ерте алдын алыў ҳәм оларды профилактикалаў бойынша жумысты шөлкемлестириўдиң тийкары сыпатында орынларда миллетлераралық қатнасықлардың жағдайын мониторинг етиў системасын ҳәм механизмлерин жолға қойыў;
миллетлераралық қарым-қатнас мәдениятын тәрбиялаў, Өзбекстан халқының тарийхы ҳәм дәстүрлерин үйрениў бойынша билимлендириў, мәлимлеме ҳәм мәдений-ағартыўшылық илажлардың комплексин әмелге асырыў;
миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларды буннан былай да раўажландырыў тараўында мәмлекетлик уйымлардың қәнигелерин, сондай-ақ, басқа да шөлкемлердиң хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бағдарындағы жумысларды жетилистириў.
Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларды буннан былай да раўажландырыў тараўында мәмлекетлик сиясатты избе-из әмелге асырыў ҳәм буннан былай да жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- Төмендегилер миллетлераралық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясатының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларды буннан былай да раўажландырыў тараўында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў процесинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының пуқаралық жәмийети институтлары менен, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары менен өз-ара бирге ислесиў механизмлерин жетилистириў;
миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, республикамызда жасап турған түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң тили, мәденияты, дәстүрлери ҳәм үрп-әдетлерин сақлаў ҳәм раўажландырыў тараўында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сиясатын нәтийжели әмелге асырыў ушын қосымша социаллық-экономикалық шараятларды жаратыў;
жәмийетте көп миллетли үлкен шаңарақ сезимин, республикамызда жасап атырған түрли миллет ҳәм халықлардың арасында дослық ҳәм татыўлықты буннан былай да беккемлеў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, пуқаралардың тең ҳуқықлылығын тәмийинлеў, олардың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлериниң кемситилиўине жол қоймаў;
миллетлераралық қатнасықларды беккемлеў, мәмлекет аймағында ҳәм оннан тысқарыда пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде халықаралық бирге ислесиўди ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларды раўажландырыў, ўатанласларды қоллап-қуўатлаў ҳәм сырт елдеги өзбек диаспоралары менен тығыз бирге ислесиў, Өзбекстанның жәҳән майданындағы абырайын ҳәм имиджин арттырыў;
Өзбекстан Республикасының мәмлекет ҳәм жәмийетти раўажландырыўдағы әҳмийетли мақсетлерди, алдынғы сырт ел тәжирийбесин итибарға алған ҳалда миллетлераралық қатнасықлардың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў.
- Төмендегилер:
Миллетлераралық татыўлық тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясы (кейинги орынларда — Концепция) 1-қосымшаға муўапық;
2019-2021-жылларда Миллетлераралық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясатының концепциясын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда — «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Концепция ҳәм «Жол картасы»ның сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын муўапықластырыў және мониторинг етиў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети (кейинги орынларда — Комитет) тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Комитеттиң оның структурасында илимий-әмелий изертлеўлер, методика ҳәм экспертиза бөлиминиң орнына юридикалық шахсты дүзбей, штаттағы хызметкерлердиң саны 4тен ибарат Миллетлераралық қатнасықлар бойынша илимий-әмелий изертлеўлер орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Төмендегилер шөлкемлестирилип атырған Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
миллетлераралық қатнасықлар тараўында системалы тийкарда илимий, соның ишинде, социаллық изертлеўлер, сондай-ақ, бул бағдардағы процесслер раўажланыўының мониторингин алып барыў;
миллетлераралық қатнасықлар тараўында илимий мақалалар, китаплар, илимий-изертлеў материаллары, мәлимлеме-таллаў шолыўларын таярлаў ҳәм жәриялаў;
жетекши жергиликли ҳәм сырт елли илимпазлар, экспертлер ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында миллетлераралық қатнасықлар тараўында илимий-теориялық ҳәм илимий-әмелий конференцияларды, әнжуманларды, семинарларды, дөгерек сәўбетлерин, баянатлар ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў;
миллетлераралық қатнасықлар тараўындағы машқалаларды үйрениў ҳәм оларды шешиўде сырт ел тәжирийбесин таллаў және Өзбекстан шараятында әне усы тәжирийбеден пайдаланыў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, жәмийетте миллетшиликтиң ақыбетинде жүзеге келиўи мүмкин болған келиспеўшиликли жағдайлардың ҳәм қарама-қарсылықлардың ерте алдын алыў ҳәм оларды профилактикалаў, сондай-ақ, усы тараўдағы қәўипсизликке қәўип ҳәм қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша усынысларды таярлаў.
- Комитет бир ай мүддетте:
басқарыў хызметкерлериниң Комитетке жүкленген ўазыйпаларды профессионал дәрежеде әмелге асырыўға уқыплы болған, зәрүрли теориялық билимлер ҳәм әмелий көнликпелерге ийе маман кадрлар менен толықтырылыўын;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы және Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте мәмлекетлик уйымлар хызметкерлериниң, сондай-ақ, миллетлераралық қатнасықлар тараўында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ўәкиллериниң (олардың келисими менен) қәнигелигин арттырыў бойынша арнаўлы курслардың шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасарларына:
миллий мәдений орайларды раўажландырыўға, олар менен бирге ислесиўди беккемлеўге, жәмийетте миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеўге, олардың потенциалын толық әмелге асырыўға қаратылған усынысларды таярлаў;
миллетлераралық татыўлықтың жағдайы ҳәм оны раўажландырыў тенденциялары ҳаққында тийисли мәлимлеме, мәлимлеме-таллаў ҳүжжетлерин, есапларды таярлаў ҳәм оларды кейин ала Комитетке киргизиў ўазыйпалары жүкленсин.
- Миллетлераралық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясын әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша Комиссия (кейинги орынларда — Комиссия) дүзилсин ҳәм оның қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
жәмийетте пуқаралардың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин, олардың жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исенимлери, жеке ҳәм жәмийетлик дәрежесине қарамастан нызам алдындағы теңлигин тәмийинлеўге қаратылған миллетлераралық қатнасықларды жетилистириў ҳәм тәртипке салыў;
миллетлераралық қатнасықлар тараўындағы жумыслардың жағдайы орынларға шығып системалы үйренилиўин шөлкемлестириў, Концепция ҳәм «Жол картасын» әмелге асырыўда Комитет, сондай-ақ, министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели муўапықластырыў, әмелге асырылған жумыслар ҳаққында олардың басшыларының есапларын турақлы түрде тыңлаў.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
2020-жыл 1-январьға шекем миллетлераралық қатнасықлар тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын илажлардың комплексин;
2020-жыл 1-февральға шекем миллетлераралық қатнасықлар тараўында жүзеге келиўи мүмкин болған келиспеўшиликли жағдайлар ҳәм қарама-қарсылықлардың ерте алдын алыў ҳәм оларды профилактикалаў мақсетинде усы тараўдың жағдайын мониторинг етиў системасын шөлкемлестириў бойынша әмелий илажлардың режесин тастыйықласын.
- Комитет мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:
сырт мәмлекетлер менен дослық байланысларды орнатыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде дослық жәмийетлери жумысының жетилистирилиўин нәзерде тутатуғын илажлар комплексин;
миллий мәдений орайларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириўге және миллетлераралық қатнасықлар тараўындағы сиясатты әмелге асырыўда олардың ролин күшейтиўге қаратылған әмелий илажлардың режесин ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Комитет:
Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 7-октябрьдеги 336-санлы қарары менен тастыйықланған Басшы хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етиў ҳаққында өтиниш хатын киргизиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң дизимине;
министрликлер ҳәм уйымлардың нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери (бир нусқада) мәжбүрий тарқатылатуғын шөлкемлердиң дизимине;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитетиниң және басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың статистикалық мәлимлемеси мәжбүрий тарқатылатуғын реестрге киргизилсин.
- Төмендегилерге:
министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм уйымлардың басшыларына — Концепция ҳәм «Жол картасы»нда белгиленген илажлардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы және олардың әмелге асырылыўы ҳаққында Комитетке ҳәр шеректе мәлимлеме усынылыўы бойынша;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары — дослық жәмийетлериниң басшыларына — басшылық етип атырған уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ҳәкимшилик имаратларында хызмет ханаларының дослық жәмийетлерине бийғәрез берилиўи, сондай-ақ, белгилеп қойылған ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўы ушын барлық зәрүрли шараятлардың жаратылыўы бойынша;
Комитет баслығы Р.Д.Қурбоновқа — Концепция ҳәм «Жол картасы» әмелге асырылыўы ҳаққындағы жыйналған мәлимлеме усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық усыныслар менен бирге Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәр шеректе усынылыўы бойынша жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-майдағы «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы»ғы ПҚ-2993-санлы қарарына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин.
- Комитет мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 15-ноябрь.