Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:59:35, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨРТ БИЙПӘРЎАЛЫҚТЫ КЕШИРМЕЙДИ

Қыс мәўсиминиң қәҳәрин шашатуғын аязлы күнлери басланыўынан өрттиң келип шығыўы жийи-жийи ушырасып туратуғыны үйреншикли әдет.

Әсиресе, газ ийиси адамлардың өмирине көбирек қәўип туўдырады. Сонлықтан да, буннан абайлы болғанымыз мақул.

Нөкис қаласы аймағында пуқаралардың турақ жайларында ушырасатуғын кемшиликлердиң бири ­ бул көп қабатлы турақ жайларда орнатылған ысытыў қазанларының морыларын шамаллатыў каналларына жалғап қо­йыўларынан, газ плиталарына резина шлангаларынан пайдаланыўынан өрт жүз бериўи келип шықпақта. Сондай-ақ, айырым пуқаралар өз үйлеринде жанар май өнимлерин сақлаўы ҳәм де жас балаларды қараўсыз қалдырыўы ақыбетинен пайда болып атырғаны сыр емес. Мине, усындай бийпәр­ўалықтың нәтийжесинде Нөкис қаласы аймағында 2018-жылдың 10 айы даўамында 107 жағдайда өрт жүз берген болса, ал, бы­йылғы жылдың өткен 10 айында 91 өрт жүз берди. Көрип турғаныңыздай, өткен жылға салыстырғанда, быйыл өртлер саны 16 ға кемейген. Буның арқасында Нөкис қалалық Өрт қәўипсизлиги бөлиминиң жуўапкерли хызметкерлери тәрепинен пуқараларға үгит-нәсият, түсиндириў жумысларын жүргизиўинде деп билемиз. Сонлықтан да, усы күнлери бөлимимиз хызметкерлери қаламыз аймағында жайласқан саўда орынлары, жеке меншик турақ жайлар, мәкеме, кәрхана-шөлкемлер ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында ийис газинен абайлы болыў кереклиги туўралы үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.

 Қ.СЕЙТНАЗАРОВ,

Нөкис қалалық ӨҚБ инспекторы, лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF