Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:39:55, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЛЛИЙ ҚӘДИРИЯТЛАРЫМЫЗДЫ ЖЕМИРИЎШИ ИЛЛЕТ

Мәмлекет раўажланыўы ҳәм оның миллий қәди­риятларына иритки салыўшы иллетлердиң бири коррупция болып табылады. Бүгинги күни дүнья жәмийетшилиги бул иллетке қарсы гүрес алып бармақта.

Бизиң мәмлекетимизде де коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ҳуқықый механизмлер жаратылған. Бул бойынша  «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилди. Нызам өз нәўбетинде коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салады, сондай-ақ, пуқараларға коррупция ҳәм коррупция менен байланыслы ҳуқықбузарлықлардың унамсыз ақыбетлери ҳаққында түсиник береди. Қабыл етилген бул нызамның мазмун-әҳмийети ҳаққында ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм жәмийетлик шөлкем ўәкиллериниң қатнасыўында пуқаралардың ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин жетилистириўде кең көлемли үгит-нәсият жумыслары жүргизилмекте. Ең ашынарлысы, бул иллет халықтың абадан турмысына кери тәсир етиўши унамсыз жағдай болып, оны жеңиў ҳәм сапластырыў ушын кең жәми­йетшиликтиң аўызбиршилиги керек болады. Аўызбиршилик болған жерде алға илгерлеў ҳәм раўажланыўлар болады. Сонда ғана күтилген нәтийжеге ерисиўимиз мүмкин деп ойлаймыз.

Жуўмақластырып айтқанда, халқымыздың мүнәсип турмыс кешириўинде миллий қәдирият ҳәм үрп-әдет дәстүрлеримизди жаслардың қәлбине сиңдирип, Ўатанымыздың гүллеп раўажланыўы жолында бәршемиз теңдей ҳадал хызмет етсек, ҳәр қандай иллеттиң тамырына балта урған боламыз.

Амангелди МАТЕКОВ,

Кегейли районы ХББ қараслы 35-санлы мектеп муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF