Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:47:46, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЛЛИЙ ТИЛ  —  ОЙ-СЕЗИМЛЕР БУЛАҒЫ

Тил — улыўма инсанияттың ой-сезимлер ҳәм пикирлеў әлеминиң айнасы, оның қайнар булағы екенлиги әлле қашан данышпанлар тәрепинен дәлилленген.

Бирақ, адамзат дүньясының: қәўимлер, халықлар, миллетлердиң ҳәр қыйлы тарийхый, социал-экономикалық ҳалатларға байланыслы сол топарлардың тиллериниң биротала жоқ болып, өлип кетиў қубылысы бар екенлиги қорқынышлы ҳәм бул унамсыз процесс ҳәзирги күнлери де болып атыр. Усындай иллетлерден аман-есен қутылып, басқа миллий тиллер қатарында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги (статусы) берилгениниң отыз жыллық байрамының салтанатлы түрде жоқары дәрежеде белгиленип атырғаны жүдә қуўанышлы.

Минекей, миллий тиллер өмириниң усындай диалектикалық қубылысларын есапқа алып баҳалағанда сол тиллерди өзлеринде сақлап, алып жүриўши ҳәр бир халық пенен миллеттиң көпшилик топары, сол халықлық тиллерди, ҳәттеки, оның сеслик жаңғырықларынан баслап, лексико-семантикалық, синтаксислик қубылысларына шекем алға илгерилетип, түрлендирип, раўажландырып барыўшы — бул сол халықтың көркем ой-пикири — әдебияты менен мәденияты, ең алды менен итибарлы жазыўшы-ша­йырлары болып есапланады.

Атақлы Ибрайым ағамыз: «Ана тилим — сен басқадан айырмам, Сен тур­ғанда мен де әдеўир шайырман» деп жазып, және де сол тил қүдирети менен, оның түрлише қашырымлары, халықлық аўызеки тилдеги сақланып қалған образлылықты шебер ислетип былай деген еди:

Несийбең мың жортсадағы,

Көп жерге дуз тартсадағы,

Даңқ-мәртебең артсадағы,

Туўған жер ушын баласаң,

Оған бас ийип барасаң.

Бул қатарлар көпшиликтиң тилинде әлле қашаннан-ақ ядланды болып қалса да, келтирип отырғанымның мәниси сол, атақлы шайыр Ўатан қәдирин, туўыл­ған жерди лингвистикалық көзқарастан баҳалағанда, бириншиден, айырым лексикалық бирликлер: жеке сөзлерге, қоспа сөзлерге айрықша функциональлық стиллик ўазыйпа жүклеў арқалы образлылықты күшейтип сүўретлеўге ерискен, тил — ой-сезимлер булағы екенлигин дәлиллеп қәлем тербегенлиги ай­қын көзге тасланады. Екиншиден, ол өз поэтикалық қатарларында тилдеги өткир таңлақ сөзлерди, гейпара варваризмлер менен терең образлы поэтикалық ырғаққа түскен жаңашыл синтаксислик қурылыстағы сөз дизбеклерин шеберлик пенен ислетип, лирик қаҳарманның күйиниш-сүйинишлерин оқыўшыларға дәлме-дәл ҳәм эмоциональ формада жеткереди. Қараңыз:

... Не ис тапса — адам пейлинен табар,

Ол қаст етсе терис ағар дәрьялар,

«Бул жер бизге — ҳарам!» дегендей олар,

Аҳ урып, қыйқыўлап барар тырналар.

«Қусларды көлатсыз, теңизди суўсыз,

Қалдырған намәртлер қалмас сораўсыз,

Ғарғысқа жолығып, бәри қалыўсыз,

Туқымқурт болғай!» - деп барар тырналар.

 

Демек, И.Юсупов бизиң заманагөй поэзиямыздағы басқа қәлем ийелерине салыстырғанда да ана-жер қәдирин түрли-түрли көзқараслардан, оптимист­лик, патриотлық ой дүньясы менен де, гәде трагедиялық стильге сәйкес келетуғын сөз тиркеслери, айрықша эмоциональ сыпаттағы поэтикалық синтаксислик қурылыстағы қатарларды пайдаланыў арқалы образды өткирлестирип сәўлелендириўге ерискен, поэзиямызда даңқ жаратқан. Бирақ, ол, әлбетте, «Бул жер еле зор болады!» деген принциптеги пикирден, оптимизми басым тил булақларының көзлерине атлықтырыўдан таймаған сөз зергери болып өмир сүрди. Сондай ҳалатларда да уллы устаз ша­йырдың мынадай қатарларындағы сол дәўирлерге сәйкес келген трагедиялық бояўға толы болған ой-сезимлерден қанып суўсынланғанда тилдиң нағыз поэтикалық пикирлеў булағы екенлигин жан-тәнимиз бенен уғынамыз.

Еспе қумға ермек болып көмилген,

Ессиз параходлар, катер, баржалар,

Палубалар қумнан зорға көринген,

Каютаға кирген самал зар жылар.

 

Қудды динозавр қабырғасындай,

Кеме сүлдерине сүйендим узақ,

Қорқынышлы еди қәбир басындай,

Жүрегимди тырнар бийрәҳим азап!

Әне, бул сыяқлы қатарлар тилимиздеги нағыз ой-сезимлер булағын ашыўшы ең алды менен шайырлар екенлигин дәлиллеп, тастыйықлап турады. Бул нағыз лирикалық образдың ишки әлемин ашып беретуғын тил қүдирети, оның терең булақлары арқалы жасал­ған, тилдеги фонетикалық (сеслик) қубылыслардан баслап, оның лексикалық, морфологиялық ҳәм синтаксислик стильлериндеги түрлише қубылыўларды дурыс ҳәм тәбийғый ислетиўден келип шыққан тил мақтанышы.

Қарақалпақ тилиниң қайнар булақ көзлериниң сырлы әлеми, оның образлылығының усы сыяқлы көринислери И.Юсуповтан басқа да шайырларда ушырасатуғынлығы қуўанышлы. Ша­йырларымыз тил қүдиретин, оның ҳәр қыйлы қулпырыўлары менен қубылыўларын, лексико-семантикалық мәни-ролин түрли идеялық-эстетикалық принциплерде ислетип пайдаланады, терең образлар жаратады. Олардың айы­рымлары гәде Ўатан қүдиретин көтериңки патриотизм менен жырласа, ал, айырым ўақытларда гейпара шайырлар туўылған жердиң муңлы, дәртли келбетин де жасырмай тилдеги гейпара жеке сөзлерге түрлише лексико-семантикалық функция жүклеп, лирик қаҳарманлардың ишки руўхый дүньясын тәсирли ашады.

Туўылған жер дегенди,

Сүйиў азлық етеди,

Көрсетпесең төбеңди,

Ол жатырқап кетеди.

 

Айта берме өзгени,

Ғайры журтты мақтама,

Сендейлердиң сөзлери,

Дузы кемлеў гәп ғана...

(К.Рахманов. Ўатан муҳаббаты менен. 1984ж. 32-бет).  

 

Көп нәрсени айтыў қыйын сөз бенен,

Көп нәрсени түсинемиз көз бенен,

Тил мақтаса, көз жек көрип турғанын,

Биреў сезсе, биреў ҳасла сезбеген.

Талай сөздиң айтқанына жүргенмен,

Талай көздиң күлгенине күлгенмен,

Бул өмирге артады екен муҳаббат ­

Табысқанда тил менен көз бир жерден.

(К.Рахманов. Өмир, сен уллысаң! 1981ж. 18-бет).

Сезимтал шайыр К.Рахманов бул сыяқлы қатарларында тил қүдиретин қаншелли дәрежеде терең түсинип, тил менен көздиң физиологиялық қәсийетлерине айрықша терең философиялық, социал-руўхыйлық мәни жүклеп, образды арттырып бериўге жетискен. Қарақалпақ поэзиясында бундай сезимталлығы менен ойлары терең, тилди шеберлик пенен ислетиўши қәлем ийелери аз ушырасады.

 Әлбетте, уллы талантлардың бири К.Рахманов Ўатан муҳаббатын ҳәммеден де бәлентирек қойып, расында оны кишипейиллик пенен де, базда өзгеше көтериңки пафос арқалы жырлап, тил қүдиретин көрсеткен сөз зергери еди. Мысалы:

Туўылған жер — сен бабамнан мийрасым,

Сен — жалаңаш, шыр питпеген жер едиң,

Қойныңдағы ыссы қумдай сыйласық,

Тапты сеннен байлықлардың дерегин.

 

Өз перзенти анасына айта алмас,

Сулыўлығын, гөззаллығын, шыра­йын,

Бирақ та мен сөз келгенде қайтармас,

Еркетайың болып өссем қәйтейин...

Усындай ишки руўхыйлық ҳалатларда да шайырдың лирик қаҳарманы өз ой-сезимлерин тереңлестирип, тилдеги булақ көзлерин атлықтырып былай деген:

Қаратаў деп қопсынбаспан сыртта мен,

Болғанман-ғой Эльбруста, Саянда,

Бирақ сениң бир тасыңды журтқа мен,

Берер едим бәлент таўдай баянлап.

(К.Рахманов.  Таң  ашығы. 1978ж. 6-бет).

 

Усы типтеги сөз өткирлиги, оның ой-сезимлер булағынан қанып суўғарыл­ған оптимистлик қатарлар басқа да шайырларымыздың лирикасында ушырасады. Мысалы: халық шайыры Х.Дәўлетназаровтың төмендеги қатарлары дыққатқа ылайық. Халила ана тилимиздиң байлығын мол түрде ислете отырып, гейде өз лирикасына көтериңки патриотлық руўх бағышлап жазса, базда оларға трагедиялық рең берип, сол лирик қаҳарманлар образын тереңнен ашыўшы тилимиздеги эмоционал сөз дизбеклерин молдан пайдаланғаны себепли булар тилдиң ой-сезимлер булағы екенлигин тағы да аңлатып турады, шайыр образлылықты улығлайды. Мысалы:

Сен тосаң аққалы биз де тынықпыз,

Кепсерши болмасаң, үзик-жулықпыз.

Қәйтсе де дәртлеспиз, кеўли сынықпыз,

Көзимниң гәўҳары Әмиўдәрьямсаң!

 

... Нәкасларды тартса деймен ийримиң,

Тәшўишли халқыма түскен мийримиң.

(Х.Дәўлетназаров. Ашық болып жасаң. Нөкис. 2011ж. 77-бет).

Егер, биз Х.Дәўлетназаровтың поэ­зиясына таза лингвистикалық көзқараслардан баҳа бергенде де оның лексикалық стилиндеги қәдимги турмысымызда қолланылып жүрген әпиўайы ғана «атлаў» лексиконына, жеке сөзге айрықша поэтикалық мәни-функция жүклей отырып, образлылықты күшейтиўге ерискен, тутас сол лириканың идеялық-эстетикалық күш-қуўатын арттырып қәлем тербеткен, лирик қаҳарманның ишки руўхый байлығын тереңнен аш­қан, тил қүдиретин көрсеткен...

...Поездлар, кемелер атласа бир гәп,

Бүгин жаяўлар-әм атлар дәрьядан.

 

Мейли ушып өтсин тырналар, ғазлар,

Атласын қәлем қас, жылўалы назлар,

Көкирегимде тәшўиш сыраны азнар,

Бес жасар баллар да атлар дәрьядан.

(Сонда, 188).

 

Әлбетте, булардың барлығы тил сыйқырлығы арқалы жасалған образлар тереңлиги екенлиги анық көринип тур. Усы бағытта шайыр сөз қүдирети менен өз ойларын және де тереңлестирип былай дегенҮ

Қысқа адымлы қыс, кең қәдемли жаз,

Ушып өте алады бир парақ қағаз,

Жоллар тоқырамас «тыққ» еткен ҳаўаз,

Дус келген жеринен атлар дәрьядан.

Шайыр тәрепинен лирик қаҳарманның усындай кеўил драматизми, анығырағы, оның ишки дебдиўлерин ай­қын сәўлелендириўи — бул тилдиң ой-сезимлер булағы екенлигиниң айқын гүўасы, нышаны. Сол себепли де усылайынша тил менен сүўрет салып образлар дөретиў, турмыс шынлығын реалистлик пенен терең ашыў ең алды менен көркем ой-пикир ­ миллий әде­биятымызға мүнәсип. Көркем әдебиятты оқып билмей турып бүгинги әўлад тил қүдиретин сақлап, қәдирлей алмайды.

 Жанызақ ЕСЕНОВ,

филология илимлериниң кандидаты, доцент, әдебиятшы-сыншы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF