МҮЛК ИЙЕЛЕРИ УШЫН ҚОЛАЙЛЫҚ: ТЕХНИКАНЫ ДИЗИМНЕН ӨТКЕРИЎДЕГИ БАРЛЫҚ ТОСЫҚЛАР АЛЫП ТАСЛАНДЫ
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 17-марттағы 325-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық шахслар арасында алып барылған үгит-нәсият ҳәм түсиник жумыслары нәтийжесинде Инспекцияның Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен быйылғы жылдың 17-март күнинен усы күнге шекем 2605 дана аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол қурылысы техникалары ҳәм тиркемелер инспекциядан дизимнен өткерилди.
Олардың 3142сине техникалық паспорт, 3055 ине мәмлекетлик белги, 558 ине аўыл-хожалығы машинасы гүўалығы берилди. Буннан тысқары, мыңнан зыят шахсларға тракторшы-машинист гүўалығы берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 15-марттағы «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросаноат комплексин қадағалаў инспекциясын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, «Техника ҳәм агротехникалық илажларды қадағалаў бөлими»не аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол қурылысы техникаларының техникалық жағдайы, олардың эксплуатациясы, сервис ҳәм ремонтлаў хызметлериниң сапасы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленди.
Усы қарарға муўапық, аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол қурылысы техникалары ҳәм агротехникалық илажларды қадағалаўды шөлкемлестириў мақсетинде, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 17-марттағы «Аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол қурылысы техникаларынан пайдаланыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабылланды.
Соның менен бирге, қарарда 2019-жыл 1-декабрьден баслап Ташкент қаласында, 2020-жыл 1-марттан баслап республика бойынша — тийисли тәртипте тракторшы-машинист гүўалығын ҳүжжетлестириўде — тракторшы-машинист гүўалығының, техникаларды дизимден өткериўде (қайта дизимнен өткериўде) — техникалық паспорт ҳәм техникалық гүўалықтың жаңа үлгилери берилетуғыны;
2020-жыл 1-март — 2020-жыл 31-декабрь аралығында ески үлгидеги техникалық паспорт ҳәм гүўалық, тракторшы-машинист гүўалығы, олардың берилген сәнесине қарамастан, ийелериниң арзасына муўапық, мәжбүрий техникалық тексериўден өткериўде, алды-сатты, дизимнен өткериў ҳәм шығарыў дәўиринде алмастырылатуғыны;
2021-жыл 1-январь — 2022-жыл 31-декабрь аралығында ески үлгидеги барлық техникалық паспорт ҳәм техникалық гүўалық, тракторшы-машинист гүўалығы, олардың берилген сәнесине қарамастан, мәжбүрий тәртипте алмастырылатуғыны;
ески үлгидеги техникалық паспорт ҳәм техникалық гүўалық, мәмлекетлик белгилери, тракторшы-машинист гүўалығы 2023-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес деп есапланатуғыны;
усы қарар менен тастыйықланған төлем ставкалары 2019-жыл 1-июльден баслап күшке киретуғыны белгиленди.
Өзбекстан ҳүкиметиниң 2019-жыл 12-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросаноат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен инспекцияның режеси тастыйықланып онда, инспекцияның тийкарғы ўазыйпалары, функциялары, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери, соның менен бирге, шөлкемлестириў режими белгилеп берилди.
Ҳүрметли мүлк ийелери, есабыңыздағы барлық аўыл хожалығы техникаларын ҳәм машиналарды, әсбап-үскенелерди, Инспекциядан дизимнен, қайта дизимнен ҳәм техникалық тексериўден өткериўиңизди сораймыз. Сизлер ушын тағы бир жаңалық — Министрлер Кабинетиниң 325-санлы қарарының 2-қосымшасына муўапық, ийелик ҳуқықы берилмеген, яғный, әпиўайы халық тили менен айтқанда «ҳүжжетсиз техникалар»ды енди инспекциядан ўақтынша дизимнен өткериў ҳәм оларға техникалық ҳүжжет, мәмлекетлик номер белгиси, соның менен бирге, аўыл-хожалығы машинасы гүўалығы берилиўи жолға қойылды.
Техникаларды дизимнен өткермеў Сизлер ушын төмендеги унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарады;
— Техникаларды белгиленген тәртипте дизимнен өткермеў - бул техникаға байланыслы ийелик етиў ҳуқықыңыздың жоқ екенлигин аңлатады.
— Дизимнен өтпеген техникаға мәмлекетлик номер белгиси ҳәм техникалық ҳүжжет берилмейди.
— Дизимнен өтпеген техникалар техникалық тексериўден өткерилмейди, кепиллик дәўиринде турыўшы техникалар дизимине киргизилмейди, кепиллик дәўиринде бузылыўларды анықлаўда техникалық қадағалаў инспекторлары қатнаспайды ҳәм жуўмақ берилмейди;
— Дизимнен өткерилмеген, мәмлекетлик белгиси ҳәм техникалық ҳүжжети болмаған техникалар қамсызландырылмайды, юридикалық ҳәм физикалық шахсларға хызмет көрсетиў ушын рухсатнама (лицензия) берилмейди.
— Дизимнен өтпеген техника урланғанда, бул техника бойынша излеў жумыслары алып барылмайды, ҳәр қыйлы апатшылықларға ушырасқан жағдайда техникаға жеткерилген зыян ушын жуўмақ берилмейди.
— Тендер таңлаўларында қатнасыўда, банктен кредит алыўда ямаса басқа жағдайларда техникаңызды гиреўге қойыўда мағлыўматнама берилмейди.
— Белгиленген тәртипте Инспекциядан дизимнен өтпеў, олардан пайдаланыў, жолға шығарыў нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыўға себеп болады.
Белгиленген тәртипте дизимнен өткермей турып усы техникадан пайдаланыў, басқарыў жуўапкершиликке тартыўға себеп болады. Сизден техниканы белгиленген тәртипте Инспекциядан дизимнен өткериўде, техникалық ҳүжжет ҳәм мәмлекетлик белгисин алып, нызам шеңберинде пайдаланыўыңызды сораймыз.
Азат Айтжанов,
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы
Агросаноат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бас инспекторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.