ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ФОРУМ: БИРГЕ ИСЛЕСИЎДИҢ ЖАҢА БАСҚЫШЫ
Бурын хабар етилгениндей, Нөкисте еки күн даўамында “International Investment Forum Karakalpakstan” халықаралық инвестициялық форумы болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Қубла Корея, Россия Федерациясы, Қытай Халық Республикасы, Саудия Арабстаны, Пакистан, Аўғанстан, Қазақстан, Әзербайжан сыяқлы оннан артық мәмлекетлерден халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери және исбилерменлер қатнасты.
Форумның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.Ғаниев шығып сөйлеп, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде сырт ел инвесторларын тартыў, оларға қолайлы шараятлар жаратыў, дүнья базары талапларына жуўап беретуғын өнимлер ислеп шығарыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында республикамызда сырт еллердиң инвесторлары менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, аймағымыздағы экологиялық жағдайды турақластырыў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылмақта.
2018-жылдың 24-август күни Түркменбашы қаласында болып өткен Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде елимиздиң басшысы Аралбойы аймағын Экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаўды усыныс етти. Усы усыныстың әмелдеги орынланыўы сыпатында өткен жылдың 15-16-декабрь күнлери республикамызда «Жаңа Мойнақ — жаңа имканиятлар» атамасында бизнес форум, усы жылдың октябрь айында Нөкис қаласында БМШ қәўендерлигинде жоқары дәрежедеги «Аралбойы — экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» атамасындағы халықаралық конференция болып өтти. Онда экологиялық таза технологияларды ислеп шығарыў ҳәм әмелге асырыў, «жасыл экономика», электр энергиясы менен суўды үнемлейтуғын технологиялар процесслерин комплексли енгизиў, экотуризмди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Усы ҳәрекетлердиң логикалық даўамы сыпатында шөлкемлестирилген «International Investment Forum Karakalpakstan» халықаралық инвестициялық форумын өткериўдеги тийкарғы мақсет — республикамызға сырт еллердиң инвесторларын көплеп тартыў, сол арқалы аймағымызда өндирислик кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыў, сондай-ақ, қатнасыўшыларға аймақтың инвестициялық, экспортлық ҳәм туристлик потенциалын, оларға жаратылған шараятлар, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери менен жақыннан таныстырыўдан ибарат. Форумда атап өтилгениндей, ҳақыйқатында да, республикамыздың инвестициялық потенциалы жоқары болып, аймағымыз еле пайдаланылмай атырған ресурсларға оғада бай болып табылады.
Быйылғы жылдың өткен айлары даўамында регионаллық Инвестициялық бағдарлама тийкарында республикамызға улыўма баҳасы 140,3 миллион АҚШ доллары муғдарындағы тиккелей сырт ел инвестициялары тартылды. Оның тийкарғы бөлеги Қытай Халық Республикасы, Қубла Корея, Түркия, Уллыбритания, Германия ҳәм Россия Федерациясы мәмлекетлерине туўра келеди.
Илажда сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Саўда-санат палатасының баслығы А.Икрамов, Қубла Кореяның «Caris Co Ltd» компаниясының атқарыўшы директоры Ю.Чеол, Қытай Халық Республикасының «ARAL ALUMINIUM INVEST GROUP» компаниясының бөлим баслығы Чжан Вэй Сюань, Өзбекстан Республикасы Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министриниң орынбасары Б.Абидов елимиздиң инвестициялық потенциалы, сырт елли инвесторларға жаратылған шараятлар ҳәм быйылғы жылдың өткен айларында исленген жумысларға тоқтап өтти.
Күнниң екинши ярымында оның жуўмақлары бойынша улыўма баҳасы 313 миллион АҚШ доллары муғдарындағы 18 саўда-экономикалық келисимлерге ерисилип, тийисли меморандумлар имзаланды. Бул келисимлер республикамызда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын буннан былай да раўажландырыўға, солай етип, халқымыздың бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
— Бозатаў ҳәм Нөкис районында шарўашылықты раўажландырыў бойынша улыўма баҳасы 15 миллион АҚШ доллары болған келисимге еристик,-дейди Қытай аўыл хожалығы университетиниң профессоры Ван Жие Ванг. — Үш күн даўамында республикаңызда мийманда болып, буның ушын барлық имканиятлардың бар екенлигине исендим. Әсиресе, мал шарўашылығын раўажландырыўда Бозатаў районының ықлым шараяты мен де айрықша тәсир қалдырды.
Халықаралық форум қатнасыўшылары Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Қанлыкөл районларында болып, «Nukus Elektroapparat», «Nukus Samsung», «TechnicGlobe», «Хожели агросанаат орайы», «Kantex Invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң жумыслары менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, «Қарақалпақстанда ислеп шығарылған» атамасында миллий көргизбе шөлкемлестирилди ҳәм ол мийманларда айрықша тәсир қалдырды.
Форум қатнасыўшылары И.В.Савицкий атындағы көркем өнер музейинде, Нөкис қаласының басқа да дыққатқа ылайық орынларында болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.