ДЕПУТАТЛЫҚҚА ТАЛАБАНЛАР ДИЗИМИ ТАНЫСТЫРЫЛДЫ
Сайлаўлар бул мәмлекетимизде әмелде қолланылып атырған ҳуқықый нормалардың қаншелли демократиялық руўхта екенлигин сәўлелендиретуғын, демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң шын мәнистеги белгиси, халықтың өз қәлеўшилигин еркин сәўлелендириўдиң, пуқаралардың мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўындағы қатнасының тийкарғы формасы болып, оғада әҳмийетли ҳәм шешиўши орынға ийе.
Жақында O’zLIDEP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң II Кеңес мәжилиси болып өтти. Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы С.Турманов алып барды. Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси қәнигелери, партияның Кеңес ағзалары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары қатнасты.
Өткерилген илаж күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 округке партия тәрепинен усыныс етилген депутатлыққа талабанлардың дизимин таныстырыў мәселеси көрип шығылды.
— Быйылғы сайлаўлар алдынғыларынан парқланады. Себеби, олар Сайлаў кодексине тийкарланып өткерилиўи нәзерде тутылған болып, бунда көбирек партия тәрепинен көрсетилип атырған талабанлардың сапасына, электоратымыз болған исбилермен ҳәм фермерлерге, жаслар ҳәм де ҳаял-қызлар квоталарына да айрықша дыққат аўдарылған. Ҳәзирги ўақытта Кеңес мәжилисинде де ҳәр бир округте биреўден депутатлыққа талабанлар (44 ер адам ҳәм 21 ҳаял адам) дизими таныстырылды, -дейди O’zLIDEP Шымбай районы Кеңеси атқарыўшы хаткери А.Байжанова.
Айтып өтиў орынлы, быйылғы сайлаўларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 8 округ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 округ, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине 425 округ ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бойынша 622 сайлаў участкалары шөлкемлестирилип, онда 1 миллион 129 мың 767 сайлаўшылардың қатнасыўы күтилмекте.
Ж.ИСКЕНДЕРОВ.