САЙЛАЎ ҲӘМ ЖАСЛАР
Быйыл елимизде 22-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди.
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарарына муўапық усы жылдың 20-октябринен 20-ноябрине шекем «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы» өткерилмекте. Бул бойынша партиялар кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаў илажларын өткермекте.
Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен сайлаў алдынан жаслардың ҳуқықый ҳәм сиясий саўатлылығын арттырыў мақсетинде «Сайлаў ҳәм жаслар» атамасындағы илажға студент жаслар, партия белсендилери менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Онда ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппараты жетекши қәнигеси Х.Қабулов, Жоқарғы Кеңес депутатлары М.Қурбанов, А.Маткаримова, ӨзМТДП ҚР Кеңеси баслығының шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары И.Сейтназаровалар партияның сайлаўалды бағдарламасы туўралы түсиниклер берип, сайлаўға жаслардың белсене қатнасыўын, олардың арасында биринши мәрте сайлаўға қатнасып атырған жасларға конституциялық ҳуқықынан пайдаланып, сайлаўда өзлери қәлеген депутатқа даўыс беретуғынын айтып өтти.
Илаж соңында студент жаслар партияға ағза болып, сайлаўға байланыслы сораўларына жуўаплар алды.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.