ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ЖАНЫНДА СЫРТ ЕЛ ИНВЕСТОРЛАРЫНЫҢ КЕҢЕСИН ДҮЗИЎ ҲӘМ ОНЫҢ ЖУМЫСЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимиздеги инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаў, экономиканың тийкарғы тармақларына ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўды кеңейтиў, алдынғы халықаралық тәжирийбелерди есапқа алған ҳалда сапалы инвестициялық процесслерди шөлкемлестириў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-августтағы «Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен шерикликти буннан былай да кеңейтиў ҳәм тереңлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3900-санлы қарарына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңеси (кейинги орынларда — Кеңес) дүзилсин.
- Төмендегилер Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
алдынғы сырт ел тәжирийбелерине сүйенген ҳалда Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметине мәмлекетти инвестициялық, санаат-технологиялық ҳәм инновациялық раўажландырыўдың ең тийкарғы бағдарлары бойынша мәсләҳәтлер бериў;
қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириўде, жергиликли ҳәм сырт елли исбилерменлерди экономиканың тийкарғы тармақларына ҳәм аймақларға бәсекиге шыдамлы экспортқа жарамлы өнимлерди ислеп шығаратуғын заманагөй кәрханаларды шөлкемлестириў мақсетинде инвестиция киргизиўин хошаметлеўдиң нәтийжели механизмлерин қәлиплестириўде тиккелей қатнасыў, сондай-ақ, инвестицияларды, бәринен бурын тиккелей сырт ел инвестицияларын жедел тартыўға ҳәм өз-ара пайдалы саўданы раўажландырыўға жәрдем бериў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң сырт ел компаниялары, банклер, инвестиция ҳәм басқа да структуралар, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўин тәмийинлеў;
инвестицияларды тартыў ҳәм инвесторлардың, соның ишинде, сырт ел инвесторларының белсендилигине тосқынлық ететуғын тийкарғы факторларды анықлаў ҳәм таллаў, республикада қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты сақлап турыўды тәмийинлеў;
мәмлекетлик уйымлар, Өзбекстан Республикасында жумыс алып барыўшы халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлери, сырт ел компаниялары, банклер, инвестициялық ҳәм басқа да структуралардың биргеликтеги ҳәрекетлери менен инвестиция процесслерине тосқынлық ететуғын факторларды сапластырыўға қаратылған нәтийжели усынысларды ислеп шығыў;
экспортты қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириўге, саўда инфраструктурасын, электрон саўда системасын үзликсиз раўажландырыўға, жергиликли товарлар ҳәм хызметлерди сыртқы базарларға алып шығыў ушын қолайлы шараятларды жаратыўға, нәтийжели транспорт жоллары, заманагөй логистикалық шынжырды қәлиплестириўге жәрдем бериў;
өнимниң сапасын басқарыўдың заманагөй системаларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў, жергиликли өнимлердиң халықаралық стандартлар ҳәм техникалық регламентлерге муўапық екенлигин тәмийинлеўдиң басқышпа-басқыш илажларын көриў, олардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыўды қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў процесслерине унамлы сырт ел тәжирийбесин енгизиў;
Өзбекстан Республикасында инвестициялық ҳәрекетти тәртипке салыў тараўындағы ҳуқықый базаны буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў;
Өзбекстан Республикасының халықаралық имиджин, халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў бойынша әҳмийетли бағдарларды анықлаў ҳәм нәтийжели илажларды ислеп шығыў.
- Кеңес Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәсләҳәт уйымы есапланатуғыны;
Кеңестиң қурамы Өзбекстан Республикасында инвестициялық ҳәм исбилерменлик жумысын әмелге асыратуғын сырт ел компаниялары, банклер, инвестициялық ҳәм басқа да структуралар, халықаралық финанс институтлары және сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлери, соның ишинде, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң басшылары ҳәм ўәкиллери, сондай-ақ, басқа да қатнасыўшылар арасынан белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғыны;
Кеңес өз жумысын аралық ҳәм жалпы мәжилислер түринде алып баратуғыны, Кеңестиң жалпы мәжилислери жылына бир рет, аралық мәжилислери — жылына ең кеминде еки рет өткерилетуғыны;
Кеңестиң жалпы мәжилислерин өткериўге байланыслы мәселелер Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы тәрепинен, аралық мәжилислерди өткериўге байланыслы мәселелер болса Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен муўапықластырылатуғыны;
Кеңес ағзаларының мәжилислерге келип ҳәм оларда қатнасыўға байланыслы қәрежетлери Кеңес ағзаларының өз қаржылары есабынан, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қәўендерликлери, халықаралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлердиң грантлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңеси ҳаққындағы реже 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң Өзбекстан тәрепи қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң буйыртпаларына муўапық усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын Кеңес ағзалары, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзалары ушын кириў визалары консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилмей белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 13-ноябрь.