Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:33:06, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕҢ УЗАҚ АЙМАҚ ТУРҒЫНЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Усы жылдың 12-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Нөкис қаласынан дерлик 450 километр узақта жайласқан, республикамыздың ең шетки аймағы есапланған Қоңырат районының «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынының турғынлары менен ушырасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов дәслеп «Қоңырат» бажыхана постына барып, бул жерде пуқаралар ҳәм жумысшы хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Бажыхана системасында жумыс алып барып атыр­ған хызметкерлер, қоңсылас Қазақстан Республикасы аймағынан кирип келип атырған ҳәм бас­қа мәмлекетлерге шығып кетип атыр­ған пуқаралар менен пикир­лести. Сондай-ақ, «Қоңырат» бажыхана пос­тына жақын жайласқан еки қабатлы турақ жайда жаратылған шараятлар менен танысып, бул жерде жасап атырған бажыхана хызметкерлери менен сәўбетлести.

Соның менен бирге, қоңсылас Қазақстан Республикасы менен шегаралас, бүгинги күни үш мыңнан аслам халық жасайтуғын «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынында болып, жергиликли халық пенен ушырасты. Үйме-үй жүрип, ашықтан-ашық сөйлесиў түринде шөлкемлестирилген ушырасыўда пуқаралар тийкарынан жумысқа орналасыў, турақ жайларды оңлаў, темир жол транспорты ҳәм медициналық хызметти жақсылаў, жеңиллетилген кредит ажыратыў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти. Усы мүрәжатлардың мәлим бөлеги сол жерде шешилген болса, толық үйренип шығыў ҳәм ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша тийисли басшыларға анық тапсырмалар берилди.

Бүгинги күни республикамыздың барлық аймақларындағы сыяқлы посёлкалық пуқаралар жы­йынының турғынлары да үлкен реформалар, дөретиўшилик, тыныш және абадан турмыс шараятларында жасамақта. Соны да айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң тапсырмалары тийкарында өткен қысқа ўақыттың ишинде аймақтың социаллық-экономикалық инфраструктурасын жақсылаў, халықтың, әсиресе, жаслардың турмыс абаданлығын ҳәм бәнтлигин  тәмийинлеў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды. Мектепке шекемги билимлендириў, халық билимлендириўи, спорт, мәденият, денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде қурылыс және реконструкция жумыслары алып барылды. Турақ жайлар қурылды, жоллар оңланды.

Ушырасыў даўамында азық-аўқат, аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы шөлкемлестирилип, жергиликли халық оларды арзан баҳаларда сатып алыў имканиятына ийе болды. Буннан тысқары, посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақ­ларға телевизор, азық-аўқат өнимлери, 26-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәтине 200 данадан аслам ҳәр қыйлы атамадағы китаплар берилди. Сондай-ақ, жуўапкер басшылар аймақтағы бир қатар социаллық объектлерде болып, олардың гүзги-қысқы мәўсимге таярлығын көзден өткерди.

Көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен таяр­ланған концерт бағдарламасы болса ушырасыў қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.

Әлбетте, өзлерине көрсетилип атырған бундай итибардан посёлкалық пуқаралар жыйынында жасап атырған социаллық жәрдемге мүтәж инсанлардың кеўиллери көтерилди, өзлериниң барлық ўақытта мәмлекетимиздиң ҳәм ҳүкиметимиздиң итибарында екенлигин тереңнен сезинди, десек асыра айтқан болмаймыз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агент­лигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF