Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:50:31, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘЛИМЛЕМЕ-РЕСУРС ОРАЙЫНА ЭКСКУРСИЯ

Арқа-Батыс әскерий округи басқарыў аппараты ҳәм әскерий бөлим әскерий хызметкерлериниң бир топар перзентлери Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-ресурс орайы балалар китапханасына экскурсияға барды.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген 5 әҳмийетли басламаны орынлаў бойынша әмелге асырылған гезектеги экскурсия балалардың ки­тапқа болған қызығыўшылықларын және де арттырды.

2015-жылы шөлкемлестирилген Мәлимлеме-ресурс орайы ҳәзирги күнде 70 мыңға жақын китапларды өзинде жәмлеген болып, олардан балалар ушын 13 500 ден аслам китаплар бар. Китапханада жәми 8 бөлим ҳәрекет етеди. Китапханашы Айсулыў Аманғалиева экскурсияға келген балаларға оқыў залы, интернет-класс, хызмет көрсетиў ҳәм китап сақлаў бөлимлери, сондай-ақ, китапханаға ағза болыў тәртиби бойынша түсиник берди.

­ Жасым 7 де, ­ дейди подполковник Шерзод Усмановтың баласы Шамшод Хусанбаев. ­ Китапханаға биринши мәрте келиўим. Китаплардың көплиги ҳәм қызықлы ертеклердиң барлығы мени қуўандырды. Әжапам екеўмиз китапханаға ағза болдық. Енди бос ўақытларымда әкем яки анам менен китапханаға келип тураман...

Ҳақыйқатында да, балалардың көзлерин қамастыр­ған рәң-бәрең китаплар олардың китап оқыўға болған ықласын және де арттырды. «Худайберди Тўхтабаев! Энциклопедия! О-о-о... Мен бул китапты оқыған едим, саған да мәсләҳәт етемен!» ­ бул китапхананың сақлаў бөлиминде балалардың өз-ара сәўбетинен алынған гәплер. Бир дүнья тәсирлер қушағында балалар Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейине де барды. Музейде балалар тәбият, археология, этнография ҳәм де заманагөй тарийхқа байланыслы экспонатлар менен танысты ҳәм қызықлы мағлыўматларға ийе болды. Әсиресе, Арал теңизиниң сийрек ҳәм жоғалып баратырған қуслары менен ҳайўанлары ҳақ­қында мағлыўмат бериўши экспозиция оларда айрықша тәсир қалдырды.

Бундай экскурсиялардың турақлы шөлкемлестирилип киятырғаны түрли ўәлаятлардан келген балалардың руўхый дүньясын байытыўы менен бир қатарда тарийх, көркем өнер ҳәм әдебиятқа болған қызығыўшылықларын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Арқа-Батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF