НУРАНЫЙЛАРҒА ҲҮРМЕТ КӨРСЕТИЛДИ
Кекселерди қәдирлеў, оларға ҳүрмет көрсетиў халқымызға тән болған қәдириятлардан есапланады. Дана халқымыздың «Ғаррысы бар үйдиң периси бар» деген ибарасы да бийкарға айтылмаған, әлбетте.
Жасы үлкен аталары менен мамалары барлардың шаңарағы ҳәмийше пайызлы, берекетли болады.
Хожели районы орайындағы Романовлар көшесиниң 1-жайында жасаўшы екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы, 94 жасар Нурылла Исаковтың үйине барсаңыз усындай пайыз-берекетке дус келесиз. 9 перзенттиң әкеси, 40 тан аслам ақлық-шаўлықлардың атасы болған бул нураный бүгинги күнде ел-журт ардағында. Райондағы тийисли шөлкемлердиң ўәкиллери менен оқыўшы-жаслар Нурылла атаның жағдайынан хабар алыў ушын оның үйине тез-тез келип турады. Жақында Хожели районы қорғаныў ислери бөлими, Арқа-Батыс әскерий округи ҳәм район нураныйлар ислери бойынша кеңесиниң ўәкиллери де «Жасорат» медалының ийеси Нурылла Исаковтың шаңарағында мийманда болды. Мийманларды хош кейпиятта күтип алған Нурылла ата өзиниң басып өткен өмир жолы ҳаққында айтып берди.
1943-жылдың сентябрь айында әскерий хызметке шақырылдым ҳәм сол жылы бизлерди Каттақорғандағы полкте арнаўлы таярлық шынығыўларында оқытты, дейди Нурылла ата. 1944-жылдың январь айында бизлерди фронтқа жиберди. Белоруссия фронтында фашизмге қарсы саўаш жүргиздик. Мен урыс жылларында қол ҳәм аяғымнан аўыр жарақатландым. 1944-жылдың октябрь айында II топар майыбы болып, үйиме қайттым. Өмирим бухгалтерия тараўында ислеў менен өтти. Дәслеп техникум, соң Ташкент халық хожалығы институтын тамамлап, Хожели районындағы бир қатар мәкемелерде иследим. Елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет етиўди өзимниң ўазыйпам деп билдим. Ендиги жағында урыс болмасын!..
Хожели районында жасаўшы отставкадағы медицина капитаны Қуралбай Жаббаровтың 65 жасқа толыў мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илаж да өзгеше руўхта өткерилди. Саратов медицина институтын тамамлап, 20 жылдан аслам ўақыт даўамында Узақ Шығыс, Германия, Вьетнам сыяқлы мәмлекетлерде ҳәм елимиздиң Ферғана, Нөкис қалаларында әскерий хызметти өтеген Қуралбай Жаббаров күтилмеген қутлықлаўлардан шад болды.
Усы күни Нөкис гарнизоны Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы әскерий оркестр жәмәәтиниң нама ҳәм қосықлары атаға тетиклик бағышлаған болса, ойынға шақырған шоқ намалар туўылған күнин белгилеген Қуралбай Жаббаровқа умытылмас демлерди инам еткенине гүман жоқ.
Арқа-Батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети.