Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:31:46, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АТА  КӘСИБИН АРДАҚЛАҒАН  ПАХТАКЕШ

Тәжетдин шоманайлы, Өзбекс­танға мийнети сиңген пахтакеш Оразбай Сапарниязовтың дийқаншылыққа айрықша ықлас қойғаны себепли ҳасылдар жерлерине ийелик етип қалған перзенти.

Жасынан жер менен тиллесип, табельши, бригадир, бөлим баслығы, 2004-жылы әкесиниң ҳүрметине «Оразбай пахтакеш» фермер хожалығын дүзип жетекшилик етпекте.

­ Соңғы жыллары бизиң шараятымызға қолайлы, суў аз талап ететуғын өнимдарлы «Султан» сортын егип, ҳәр түпте орташа 60-70 тен болық ғорекли болғаны зүрәәтлиликти асырды. Гүз пасылы ақырлап қалса да, жыйын-терим мапазын даўам етип атырмыз, - дейди хожалық баслығы Тәжетдин Сапарниязов.

­ Быйылғы жылы 53 гектар жерге шигит егип, шәртнама жобасындағы 20,5 центнерден 107 тонналық көрсеткишти районымызда бириншилер қатары орынлап шықтық. Бәҳәрдиң жаўын-шашынлы, салқын келиўи 15 гектар жерди қайта егип, ғаўаша зыянкеслерине қарсы биологиялық усылда гүресиўимизге туўра келди. Ғаўашаның агротехникалық тәрбиясын талап дәрежесинде өз ўақтында сапалы жүргизгенликтен қыйыншылықлар изде қалды. Пидәкерли мийнетлери менен көзге түскен хожалық ағзалары, механизаторлардан Қудайберген Алламбергенов, Дәўлетбай Оразбаев, Қуўанышбай Хожамбергенов, Жуматдин Сапарниязов, Медет Қәдиримбетов сыяқлы суўшыларды ҳүрмет пенен тилге алғым келеди. Жыйын-терим мапазында шәпик қоллы атанған хожалық ағзалары Муҳаббат Әжимуратова, Гүлсара Қәлимбетова, Айсултан Алламбергенова, Бийбиназ Оразбаевалардың жыйын-терим мапазында ҳәр бири 4,5-5 тоннадан асырып пахта терди.

Жигирма гектарлық гүзлик бийдайдан орташа 6l центнерден өним алып, жоқары көрсеткишлерге еристик. Орып-түйекленген атызларды тезлик пенен сүрип тегислеп, суўғарыў, азықландырыў жумыслары муқыят жүргизилгеннен соң егис сентябрь айында сапалы байытылды. Бүгинги күнде минерал төгинлери менен азықландырылып, қанып суў ишкен атызларымызда желпилдесип өскен бийдайымыз кеўлимиздиң тоғы, - деген хожалық баслығы, ата кәсибин ардақлаған Тәжетдин Сапарниязовтың сөзи менен ис бирлиги сәйкес келгени кимди болса да қуўанышқа бөлейди.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF