ҒӘРЕЗСИЗЛИК ПЕНЕН ТЕҢЛЕС БАСЫЛЫМ
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының «Ишонч» ҳәм «Ишонч-Доверие» газеталары мәмлекетимизде өзиниң мазмунының сапалылығы менен көзге түсип киятырған басылымлардың бири.
Бул газета елимиз ғәрезсизлиги менен теңлес болып, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларды, үлкен жойбарлардың орынланыўы, халықтың машқалаларын кең жәмийетшиликке алып шығып, олардың шешилиўине өзлериниң үлесин қосып атыр. Сондай-ақ, кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң ҳәм олар тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында газетада кеңнен сәўлелендирип келмекте.
Жақында пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатында «Ишонч» ҳәм «Ишонч-Доверие» газеталарының «Қарақалпақстан Республикасындағы күнлери» дөретиўшилик ушырасыўы болып өтти.
Илажды Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы У.Жәлменов ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде газетада қунлы мақалалардың жәрияланып атырғанлығы ҳәм оқыўшылар санының тек Қарақалпақстан Республикасынан 2000 ға шамалас екенлигин айтып өтти.
Буннан соң «Ишонч» газетасының Бас редакторы Х.Эрматов сөзге шығып, кейинги үш жыл даўамында елимиздеги өзгерислер, әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм газетаның табыслары, газета еле де қызықлы, сапалы шығатуғынлығын исеним менен айтып өтти.
Илажға кәсиплик аўқамларының белсендилери қатнасты.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.