Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:32:26, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН ЖУРНАЛИСТИКА ҲӘМ ҒАЛАБА КОММУНИКАЦИЯЛАР УНИВЕРСИТЕТИ МЕНЕН БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ЖОЛҒА ҚОЙЫЛАДЫ

Қарақалпақстан хабар агентлиги Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети арасындағы инновациялық бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры Баҳамдулла Нурабуллаев, Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры  Нозима Муратова бүгинги күни елимизде халықаралық журналистиканы, соның ишинде, интернет журналистиканы раўажландырыў, бул бағдарда халық­аралық бирге ислесиў ҳәм қәнигелер таярлаў бойынша алып барылып атыр­ған илажларға тоқтап өтти. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2018-жыл 24-майдағы «Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Бүгинги күни усы оқыў орны тәрепинен мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес күнделикли басылымлар, телерадиостудиялар, реклама агентликлери, мәлимлеме хызметлери, медиа коммуникация, интернет журналистиканы раўажландырыў ҳәм оларға қәнигелер таярлаў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

— Бүгинги глобалласыў дәўиринде интернет журналистикасы жедел пәт пенен раўажланып бармақта,-дейди Өзбекстан Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң илимий ислер ҳәм инновациялар бо­йынша проректоры  Нозима Муратова. — Сонлықтан да тараўға қәнигелер таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арт­тырыў айрықша әҳмийетке ийе. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасындағы бир қатар ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўди мақсет еткенбиз.

Илаж соңында  келешекте бирге ислесиў бойынша пайдалы пикир алысыўлар болды.

 

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF