ҒХҚ ЎӘКИЛЛЕРИ МӘМЛЕКЕТЛИК БИОСФЕРА РЕЗЕРВАТЫНЫҢ ЖУМЫСЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСТЫ
Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен Журналистлерди қайта таярлаў орайы менен биргеликте ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын «Экосистемаларды сақлаў мақсетинде жәмийеттиң экологиялық мәдениятын арттырыўда ҒХҚ роли» жойбары шеңберинде Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватына медиасаяхат шөлкемлестирилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң бөлим баслығы Қудайберген Аметов, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты директоры Елмурат Тилеўмуратов жыйналғанларды әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 26-августтағы қарарына муўапық шөлкемлестирилген Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты Беруний ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағында жайласқан болып, жәми 68717,8 гектар жер майданы ажыратылған. Соннан, 11568,3 гектары қорықхана зонасына, 6731,4 гектары буфер зонаға, 50418,1 гектар аралық зонаға киргизилип берилген.
Қорықхана аймағы қатаң режимдеги қорғалатуғын аймақ есапланып, тәбият объектлерин ҳәм комплекслерин толық сақлап қалыў, илимий изертлеў ҳәм мониторинг жумысларын алып барыў ушын мөлшерленген. Соның менен бирге, аймақта нызам ҳүжжетлерине муўапық мәмлекетлик қорықханалар режими орнатылған болып, онда ҳәр қандай түрдеги хожалық жумысларын алып барыў қадаған етиледи. Мәмлекетлик биосфера резерватында жәми 32 адам жумыс алып барып, инспектор ҳәм илимий хызметкерлер үш тоғай үйи, үш жазғы шертек, инспекторлар 10 хызмет аты, бир табель қуралы ҳәм арнаўлы кийим-кеншеклер менен тәмийинленген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 20-март күнги «Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети қарамағынан Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетине өткерилди. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Зоология институты, Термиз мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте еки тәреплеме шәртнама дүзилген болып, докторант, магистрант ҳәм қәбилетли студентлердиң илимий жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылған.
Быйылғы жылдың өткен он айы даўамында 16 тоғай нызамшылығын бузыў жағдайы анықланып, айыпкерлерге 9273,5 мың сум жәрийма салынды. Өткен дәўир ишинде тоғай нызамбузыўшылығы, экотуризм ҳәм басқа да дәреклерден 18446 мың сум дәрамат табылды. Қорықхана аймақларына отыздан аслам түрли ескертиўши белгилер орнатылды.
Қәнигелердиң мәлим еткениндей, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты аймағындағы өсимликлердиң 419 түринен 2 түри, ҳайўанатлардың 36 түринен 1 түри, балықлардың 43 түринен 12 түри, қуслардың 246 түринен 23 түри «Қызыл китап»қа киргизилген. Буннан тысқары, жәнликлердиң 1124 түри ушырасады.
Илимий бөлим хызметкерлери Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, жоқары оқыў орынларының илимпазлары менен биргеликте тәбият жылнамасын жүргизиў, Бухара суўынларының мониторинги ҳәм оның популяциясы, биосфера резерватының энтемофаунасы, аймақтағы өсимликлер дүньясының мониторинги сыяқлы төрт бағдарда илимий жумыслар алып барылмақта. Өткен жылғы гүз айларындағы есап-санақ нәтийжелери бойынша бул жерде 971 бастан зыят Бухара суўыны бар екенлиги анықланды. Оларды сақлап қалыў ҳәм зыян келтирмеў мақсетинде фермер хожалықлары, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары менен биргеликте қорықханаға жақын жайласқан аўыл турғынлары арасында түсиник жумыслары алып барылмақта.
— Бухара суўынлары бас санының көбейиўи бираз машқалаларды пайда етпекте,-дейди Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты директорының илимий ислер бойынша орынбасары Ақылбек Төреев. —Суўдың там-тарыслығынан қорықхана аймағында от-шөплер азайып бармақта. Жайлаўларымызды насос арқалы суўғарыўды жолға қойсақ, мақсетке муўапық болар еди.
Екиншиден бул жер 300-350 басқа мөлшерленген. Сонлықтанда оларды от-шөби мол болған «Назархан» участкасына көширсек, бул машқаланың алдын алған болар едик. Буннан тысқары, экотуризмди раўажландырыў бойынша жумыслар қолға алынбақта.
Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми Өзбекстандағы ўәкилханасының «Әмиўдәрьяның төменги ағысындағы экосистеманы сақлаў ҳәм жерден пайдаланыўда экосистемалық қатнас» жойбары бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, усы жылдың июль айында Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты хызметкерлери Беларусь мәмлекетинде болып, тәжирийбе алмасып қайтты. Келеси жылы усындай тәжирийбе алмасыўды Түркменстанға да шөлкемлестириў режелестирилмекте.
Журналистлер бул жерде әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
— Медиасаяхаттың тийкарғы мақсети — биосфера резерваты жәмәәти тәрепинен ландшафтларды, тоғайлардағы өсимликлер менен ҳайўанатлар дүньясын, соның ишинде сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып кетиў қәўпи астындағы түрлерди сақлап қалыў, экологиялық жағдайды жақсылаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша алып барылып атырған жумысларды журналистлеримизге жақыннан таныстырыў болып табылады,-дейди Журналистлерди қайта таярлаў орайының тренери Наргис Қасимова. — Солай етип, ғалаба хабар қуралларында жәрияланған материаллар арқалы халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың экологиялық билимлерин жетилистириў, олардың ана тәбиятқа болған көзқарасын унамлы тәрепке өзгертиў ҳәм оны биргеликте сақлап қалыўға шақырыўдан ибарат. Жақын күнлерде усындай медиасаяхатты Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты журналистлери ушын да шөлкемлестириў режелестирилген.
Медиасаяхат қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.