Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:11:25, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНИҢ КӘСИПЛИК БАЙРАМЫ БЕЛГИЛЕНДИ

Усы жыл  9-ноябрь күни Нөкистеги кино-концерт залында Медицина хызметкерлери күни байрамына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, инсан қәдир-қымбатын улығлаў ҳәм оның саламатлығын қорғаў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген елимизде  денсаўлықты сақлаў тараўына қаратылып атырған айрықша итибар медициналық хызмет көрсетиўдиң  сапасын түп-тийкарынан жақсылаўда, дүнья медицинасы әмелиятында  ерисилген жетискенликлер менен алдынғы технологияларды кеңнен енгизиўде, маман кадрлар таярлаўда, мәмлекетлик емес секторды раўажландырыўда, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеўде, халыққа сапалы дәри-дармақлар жеткерип бериўде айрықша әҳмийетли орын тутпақта.

Бунда әлбетте, Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар әҳмийетли Пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи, мәмлекетлик бағдарламалардың ислеп шығылыўы елимизде халықтың саламатлығын беккемлеўде, аналықты ҳәм балалықты қорғаўда, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын буннан былай да беккемлеўде әҳмийетли болып табылады.

Тараўда алып барылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде бүгинги күнде бирлемши медициналық-профилактика, тез және қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, халықаралық шөлкемлер менен биргеликте үлкен жойбарлар тийкарында аналар ҳәм балалардың саламатлығын беккемлеў, олар арасында ушырасып атырған кеселликлердиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атыр­ған илажлар жаңа басқыш­қа көтерилип бармақта. Соның менен бирге, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў системасын жедел раўажландырыў, халық медицинасы тараўын тәртипке салыў, социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бүгинги күнниң баслы ўазыйпасы болып табылады.

Елимизде жыл сайын медицина тараўының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлери ҳәм хал­қымыз ушын қолайлы шараятлар жаратып бериў мәмлекетимиздиң дыққат-орайында турған тийкарғы мәселелерден бири болып табылады. Быйылғы жылдың өзинде Инвестициялық бағдарлама тийкарында 12 денсаўлықты сақлаў объектинде 61 миллиард сумлық, ал, жергиликли бюджет есабынан 34 объектте 32 миллиард сумлық қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылды.  Соның ишинде, Нөкис қаласында, Мойнақ, Қанлыкөл,  Елликқала ҳәм Нөкис районларында 7 объект жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, Ташкент  педиатрия медицина институты Нөкис филиалының жаңа оқыў имаратында 38 миллиард сумнан аслам қаржы есабынан қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Усылар менен бир қатарда республикалық емлеў мәкемелерин ҳәм районлық медицина бирлеспелерин заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў мақсетинде жергиликли бюджет есабынан 12 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылды.

Тараў хызметкерлериниң  пидакерлик мийнети ҳүкиметимиз тәрепинен ўақтында ыла­йықлы баҳаланып келинбекте. Атап айтқанда, елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы мүнәсибети менен Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Нөкис филиалы 1-реанимация бөлиминиң баслығы Ким Виталий Яковлевичтиң «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери» ҳүрметли атағы, Қарақалпақстан Республикасы майыплығы бол­ған шахсларды реабилитациялаў  ҳәм протезлеў орайының мийирбийкеси Тамара Ещанованың «Дўстлик» ордени, республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў диспансериниң бас шыпакери Примқул Назиров, Шоманай районлық медицина бирлеспеси баслығының орынбасары, көп тармақлы орайлық поликлиника баслығы Сатгелди Адакаевлардың «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери» ҳүрметли атағы менен сыйлықланыўы буның айқын дәлили болып табылады.

Илажда бир топар тараў хызметкерлерине кәсиплик байрам мүнәсибети менен «Ардақлы нураный» ҳәм «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы байрам концерти қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF