Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:51:41, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА ШАРЎАШЫЛЫҚ ТАРМАҚЛАРЫН ЖЕДЕЛ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларын шарўашылыққа қәнигелестириў, усы аймақларда заманагөй шарўашылық комплекслерин иске түсириў, жайлаў ҳәм пишензарлардан нәтийжели пайдаланыў есабынан халықтың шарўашылық өнимлери, әсиресе, гөш ҳәм сүт өнимлерине болған талабын тәмийинлеў дәрежесин жақсылаў ҳәм дәраматын арттырыў мақсетинде:

  1. Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша комиссия (кейинги орынларда Комиссия деп жүргизиледи) қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер Комиссияның (М.Т.Ерниязов) тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

шарўашылықты раўажландырыў бағдарындағы исбилерменлик басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, шарўашылық тараўына халықты кеңнен тартыў, олардың шарўашылық пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў;

шарўашылық жумысы менен шуғылланыў тилегин билдирген жойбар интакерлерин, соның ишинде, потенциаллы инвесторларды анықлаў ҳәм олардың жумысын шөлкемлестириўди тәмийинлеў;

қосымша қун шынжырын жаратыў мақсетинде шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыўшылар ҳәм қайта ислеўшилер арасында кооперацияны жолға қойыўға, шарўашылық тараўында илимий қатнаслар ҳәм алдынғы заманагөй техноло­гиялардың кеңнен енгизилиўине жәрдемлесиў;

нәсилли шарўа малларын ҳәм технологияларды жеткерип бериўшилер ҳаққында мағлыўматлар жыйнаў, жойбар интакерлериниң олар менен өз-ара нәтийжели байланысларын жолға қойыўында жәрдемлесиў;

жойбар интакерлериниң кредит ресурсларын ҳәм жерге болған талапларын анықлаў және оларға зәрүр кредит қаржы ҳәм жер майданының ажыратылыўында әмелий жәрдем көрсетиў;

шарўашылық тараўын жедел раўажландырыў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен өз-ара биргеликте жумысларды шөлкемлестириў.

  1. а) Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларында ири ҳәм майда нәсилли шар­ўа малларын санаат усылында, сондай-ақ, жайлаў ҳәм пишензарларда жайыў, шарўа маллары ушын от-жем ислеп шығарыў, шарўашылық өнимлерин қайта ислеўге байланыслы жойбарларды әмелге асырыў ушын жойбар интакерлерине;

шарўа малларын санаат усылында бағыў ушын суўғарылатуғын жерлер ҳәм оларды жайыў ушын пишензарлар ҳәм жайлаўлар, сондай-ақ, шарўашылық комплекслери, шар­ўашылық өнимлерин қайта ислеў, от-жем ислеп шығарыў мақсетинде имарат ҳәм объектлерди қурыў ушын, аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жер участкасы болмаған жағдайда, зүрәәтлилиги төмен суўғарылатуғын жер участ­калары, бурынғысынан басқаша тәризде, таңлаў ҳәм аукцион өткерместен Комиссияның усынысына тийкарланып ажыратып берилетуғыны;

ажыратылатуғын жер участкаларының көлеми олардың өнимдарлық дәрежесине ҳәм шөлкемлестирилетуғын шарўаның бас санына қарап Комиссияның усынысына тийкарланып белгиленетуғыны;

бурынғысынан басқаша тәризде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-августтағы «Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды шөлкемлестириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша қосымша илажлар, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң финанслық ресурслар ҳәм өндирис инфраструктурасынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў ҳаққында»ғы ПП-5780-санлы Пәрманына муўапық Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен бир ўақыттың өзинде компенсация менен биргеликте кепиллик те берилетуғыны;

қарамаллардың гөш бағдарындағы Абердин-ангус, Герефорд, Санта-гертруда, Қазақ ақбас, майда маллардың қаракөл, жайдары, романов, дорпер породаларынан пайдаланыў усыныс етилетуғыны;

б) пайдаланыўға киргизилетуғын жерлерге тек ғана от-жем егинлери жайластырылатуғыны;

в) районлардың ҳәкимлери жаңадан пайдаланыўға киргизилетуғын жер майданларының тек ғана от-жем егинлерин егиў ушын ажыратып берилиўине,  от-жем ушын егинлердиң толық егилиўине ҳәм олардың агротехникасына, сондай-ақ, жетистирилетуғын өнимниң шарўашылық хожалықлары ҳәм халыққа системалы жеткерип берилетуғынына жеке жуўапкер есапланатуғыны;

г) жайлаўлар шарўашылығында нәсилшилик жумысларын шөлкемлестириў нәсиллигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болған, идентификацияланған ҳәм породасы бойынша районластырылған нәсилли буғалардың музлатылған туқымларынан жасалма жол менен туқымландырыў арқалы әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын. 

  1. Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты раўажландырыўға байланыслы жойбарларға:

АК Халық банки тәрепинен 2019-2020-жылларда сырт ел финанс институтлары кредит линиялары есабынан 75 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар;

Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги тәрепинен 2020-жылы Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында шарўашылық тараўының нәтийжелилиги, дәраматы ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў, сондай-ақ, өнимлериниң халық­аралық сапа стандартларын енгизиў мақсетинде әмелге асырылып атырған «Шарўашылық тараўында қосымша шынжырын жаратыўды раўажландырыў» жойбарының 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылары;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-октябрьдеги «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарларды кредитлеў тәртибин жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4498-санлы қарарына муўапық 2020-жылы ўәкилликли банклер тәрепинен «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен»  бағдарламасы шеңберинде 291,6 миллиард сум, «Yoshlar — kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде 75 миллиард сум муғдарындағы қаржылар бағдарланатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

а) Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты раўажландырыўға байланыслы илажлардың бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;

б) Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў, Мойнақ, Тахта­көпир ҳәм Қоңырат районларында:

пайдаланылмай атырған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаўға байланыслы илажлар 3-қосымшаға муўапық;

суўғарыў каналларын тазалаў есабынан қосымша жер майданларын өзлестириўге байланыслы илажлар 4-қосымшаға муўапық;

пишензар ҳәм жайлаў жерлеринде шарўа малларын суўғарыўды шөлкемлестириў ушын жаңадан қазылатуғын қудықлардың саны ҳәм дислокациясы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Онда қудықларды қазыўға байланыслы қәрежетлердиң 50 проценти Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети есабынан, қалған бөлеги болса Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджет дәраматларының артығы менен орынланған бөлеги есабынан қаржыландырылады.

  1. Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты раўажландырыў, соның ишинде, шарўа өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыў, сондай-ақ, тараў қәнигелериниң маманлығын арттырыў, өндирис процесслерине илимий қолланбаларды енгизиўде шарўашылық пенен шуғылланатуғынларға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў мақсетинде Қарақалпақстан шарўашылық ассоциациясының шөлкемлестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Инвестициялар ҳәм сырт­қы саўда министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан шарўашылық ассоциациясына:

исбилерменлик субъектлерин шар­ўашылық пенен шуғылланыўға қызықтырыў, оларды шарўашылық тараўында билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы ушын оқытыў, сондай-ақ, бул процесске сырт мәмлекетлерден қәнигели кадрларды тартыў;

шарўашылық тараўына байланыслы семинар, конференция, ярмарка ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў, сондай-ақ, жергиликли шар­ўалардың сырт мәмлекетлерде өткерилетуғын ярмарка ҳәм көргизбелерде қатнасыўын тәмийинлеў;

қосымша қун шынжырын жаратыў мақсетинде шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыўшылар ҳәм қайта ислеўшилер арасында кооперацияны жолға қойыў;

халықаралық сапа стандартларын енгизиў ҳәм шарўашылық өнимлерин экспорт етиў жумысларын шөлкемлестириў бойынша жақыннан әмелий жәрдем көрсетсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети шарўа малларын жер асты суўы менен тәми­йинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен 2020-жылы комитетке ажыратылатуғын қаржылар есабынан Қарақалпақстан Республикасы ушын 3 қудық бураўлаў үскенесин сатып алсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте жойбар интакерлерине ажыратылып атыр­ған жер участкаларында олардың мүрәжатына тийкарланып жер астынан суў шығарыў ушын вертикаль қудықларды бураўлаў орынларын анықласын ҳәм оларды хабардар етсин.

Онда вертикаль  суўғарыў қудықларынан пайдаланыў тек ғана суў өлшеў үскенелерин орнатыў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў арқалы әмелге асырылады.

  1. Суўғарыў вертикаль қудықларын бураўлаў ушын Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети усы қудықларды бураўлаў жойбарларына экологиялық экспертизаның шешими ҳәм Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети гидро­геологиялық шешим берилиўин тәмийинлесин.
  2. Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалы жанында Ветеринария техникумы шөлкемлестирилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қурылыс министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Самар­қанд ветеринария медицинасы инс­титутының Нөкис филиалын ҳәм оның жанында шөлкемлестирилип атырған Ветеринария техникумын жайластырыў ушын Нөкис қурылыс колледжи имарат-объектлериниң әсбап-үскенелери менен биргеликте ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы бакалавриатының 2020/21-2022/23-оқыў жылларына күндизги билимлендириў түри ушын мәмлекетлик буйыртпа тийкарында оқыўға қабыллаў параметр­лерине усынысларды қәлиплестириўде Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районлары бойынша мәмлекетлик грант тийкарында айрықша мақсетли қабыллаў көрсеткишлерин нәзерде тутсын.
  2. 2020-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасында қарамалларда ушырасатуғын тейлериоз кеселлигиниң алдын алыў бойынша шаншыў илажлары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң шөл жайлаў өсимликлериниң туқымгершилигин шөлкемлестириў ушын Тахтакөпир районында Бухара шөл жайлаў от-жем егинлердиң туқымгершилиги илимий-өндирислик орайының филиалын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети «Өзбекшарўанәсил» агентлиги системасындағы Бухара шөл жайлаў от жем егинлери туқымгершилиги илимий-өндирислик орайының Тахтакөпир районы филиалына қосымша штат бирликлерин ажыратыў ҳәм филиалды сақлаў ушын зәрүр қаржыларды 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлерининиң параметрлеринде нәзерде тутсын.

  1. От-жем егинлери сортларының басланғыш туқымгершилигин жолға қойыў мақсетинде Тахта­көпир районынан Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы минис­трлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайына суўғарылатуғын жерлерден кеминде 200 гектар ҳәм Бухара шөл жайлаў от-жемлик өсимликлер туқымгершилиги илимий-өндирислик ора­йына жайлаў жерлерден кеминде 200 гектар жер майданлары 6-қосымшаға муўапық ажыратып берилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:

а) Комиссия (М.Т.Ерниязов) менен биргеликте:

2019-жыл 1-декабрьге шекем Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларында ири ҳәм майда нәсилли шарўа малларын санаат усылында, сондай-ақ, жайлаў ҳәм пишензарларда жайыў, шарўа маллары ушын от-жем ислеп шығарыў, шарўашылық өнимлерин қайта ислеўге байланыслы жойбарларды әмелге асырыў тилегинде бол­ған жойбар интакерлерин анықлап, жойбарлардың дизимин тас­тыйықласын;

2019-жыл 10-декабрьге шекем жойбарларды қаржыландырыў, қурылыс ҳәм от-жем майданы ушын жер ажыратыў, оларды өз мүддетинде иске қосыў илажларын әмелге асырыўды тәмийинлеўге қаратыл­ған тармақ кестелерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте жойбарлар бойынша тармақ кестелериниң орынланыўын системалы тәризде додалап барсын ҳәм бар машқалаларды жедел шешиў илажларын көрсин;

б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы жаңа жумыс орынларын шөлкемлес­тириўди хошаметлеў аймақлық қорына Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң дәраматлар артығы менен орынланған бөлеги есабынан шарўашылық бағдарында жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде 2019-жылы 2 миллиард сум ҳәм 2020-жылы 5 миллиард сум ажыратсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети бир ай мүддетте:

турақлы эпизоотикалық жағдайды сақлаў ҳәм кеселлик шыққан жерге жедел түрде жетип барыўды тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария хызмети ҳәм шарўашылықты раўажландырыў қорының қаржылары есабынан медициналық-ветеринариялық үскенелер бар автотранспорт қуралы менен тәмийинлесин;

Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң бар штат бирликлери шеңберинде еки ветеринар врач штатынан ибарат мобиль топар шөлкемлестирилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте 2020-2021-жылларда Қарақалпақстан Республикасының жер майданларын хатлаўдан өткериў ҳәм жайлаўларда геоботаникалық изертлеў жумысларын алып барсын ҳәм нәтийжеси бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги менен биргеликте заманагөй шарўашылық комплекслерин қурыў, сондай-ақ, нәсилли шарўа маллары, аўыл хожалығы техникалары, шарўашылық өнимлерин қайта ислеў үскенелерин сатып алыў жойбарларын қаржыландырыў ушын халықаралық финанс институтларының жеңиллетилген кредит линияларын тиккелей тартыў илажларын көрсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы департаментиниң баслығы Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 7-ноябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF