Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:56:29, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ  МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

Усы жыл 11-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде республикамызда исбилерменликти раўажландырыў, белгиленген жойбарлардың өз мүддетинде иске түсирилиўин тәмийинлеў, бюджет ҳәм экспорт прогнозының орынланыў барысы, валюта операцияларында қарыздарлықты кемейтиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Видеоселектор мәжилисине секторлардың, министрликлер, кәрхана, мәкеме, коммерциялық банклердиң басшылары, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов күн тәртибиндеги мәселелердиң Төрткүл, Беруний, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районларында орынланыў барысы және жол қойылып атырған кемшиликлерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды таллаўға бағышланған видеоселектор мәжилислеринде  исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын унамлы шешиў, нызамлы мәплерин қорғаў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Орынларда бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар талапқа жуўап бермейди.

Атап айтқанда, бүгинги күнге қала ҳәм районларда жәми 3291 объект ҳәрекетсиз тур. Буннан тысқары, быйылғы жылдың өткен он айында 883 субъекттиң жабылғанлығы қатаң сынға алынды.

Өзбекстан Республикасы Бас министрдиң орынлардағы қабыллаўханаларына исбилерменлик мәселелери бойынша жәми 1549, соның ишинде Төрткүл районынан 143, Беруний районынан 130, Елликқала районынан 96, Әмиўдәрья районынан 139 мүрәжат келип түскен. Жер мәселеси бойынша бес мүрәжаттан Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларынан бир мүрәжаттан, кредит мәселесинде сегиз мүрәжаттан Беруний районында еки, Төрткүл районында бир мүрәжат өз шешимин таппаған. Сондай-ақ, инфраструктура тармақларына жалғаныў мәселеси бойынша еки, салық мәселесинде бир, рухсатнама ҳәм лицензия алыў бо­йынша еки мүрәжаттың шешими итибардан шетте қалған.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Қ.Халмуратов, район ҳәкимлери бул бағдарда жол қо­йылып атырған кемшиликлердиң келип шығыў себеплери ҳәм оны сапластырыў илажларына тоқтап өтти.

Видеоселектор мәжилисинде исбилерменлердиң машқалалары тыңланды ҳәм олардың көпшилиги усы жердиң өзинде шешимин тапты. Қалғанларының шешими тийисли уйымлардың басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды.

— Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 24-октябрьдеги «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарларды кредитлеў тәртибин жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў тийкарында келеси жылы 128 миллиард сум кредит ажыратыў режелестирилген,-дейди «Микрокредитбанк» АКБ Қарақалпақстан Республикасы филиалының басқарыўшысы Раўаж Утамбетов. — Бул кредит қаржылары «Yoshlar – kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасын орынлаў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дийқан ҳәм фермер хожалықларын раўажландырыўға ажыратылады. Бүгинги мәжилисте Төрткүл ҳәм Әмиў­дәрья районлары исбилерменлеринен жеңиллетилген кредит ажыратыў бойынша төрт мүрәжат келип түсти ҳәм унамлы шешимин тапты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF