Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:07:54, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАШҚАЛАЛАР ШЕШИМИ — ЖУМЫСЫНЫҢ БАСЛЫ БАҒДАРЫ

Әлима менен бир ушырасқанымда нәрестелердиң саламатлығын тиклеў бойынша нейрохирургиялық хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша емлеўханадан орын ашыўға ҳәрекет етип, «жуғырыспағы»ның көп екенлигин айтқан еди.

Жақында оны және ушыраттым. Ол:

­ Тийкарғы жумысым балалар денсаўлығы менен байланыслы болғаннан кейин тәшўишлерим де олар менен байланыслы. Нәрестелердиң қыйын аўҳалда өмир менен гүресин көрип, кеўлимде көп ойлар кешеди. Қалай болмасын балаларға нейрохирургиялық хызмет көрсетиў бойынша келисимге келип емлеўханадан орын ашыўға ҳәрекет еттим. Себеби, нәрестеси ушын жанынан кешиўге таяр аналар шет мәмлекетлерге барып операция ислетиўге шарасызлықта қалады. Бундай аналарға нәрестелери ушын жәрдем бериўди алдын көптен бери мақсет етип қойған едим. Мақсетимизге еристик. Әлбетте, бул дүньяға келген нәрестелердиң денсаўлығын беккемлеўге әмелий жәрдем болады. Себеби, басқа раўажланған шет мәмлекетлерден тәжирийбели шыпакерлер келип, нейрохирур­гиялық операцияларды  бул орында әмелге асырады. Ҳәтте бир күнлик, бир-еки айлық нәрестелерге де бул операциялар исленип, нәтийжелери жаман болмады, - деди Әлима.

Елбасшымыздың: «Егер ҳаял адамның көзинде бир тамшы жас болса, демек, биз олардың ишки дүньясын билмей атырмыз» деп билдирген пикири Әлима Маткаримованың жүрек төринен орын алған. Ол ҳәрдайым алдына нәрестелерин баўырына басып муңайып келген аналардың дәртин тыңлап, олардың тәшўишлерин жеңиллетиўди жумыс орнында да, депутатлық ўазыйпасында да әдиўли миннети деп қабыл еткен.

Алтынай Кайдарова күйеўи қайтыс болғаннан кейин төрт перзенти менен баспанасыз қалғанда ең жақыны болып алдына түсип мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған жеңилликлерден пайдаланып Нөкис қаласы 27-киши районнан барлық қолайлықларға ийе жай алыўына жәрдем етти. Перийзат Орынбаеваның перзенти майып бол­ғанлықтан жалғыз таслап кете алмаслығы себепли оннан тез-тез хабар алып, напақасын ўақтында алыўын қадағалайды. Бул шаңарақтың жай менен тәмийинлениўине еристи. Бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин.

­ Өз сайлаўшыларым ҳәм халық пенен жақын болып мени көбирек ойландыратуғын мәселе ­ халықтың ҳуқықый ҳәм медициналық саўатлылығын асырыў лазым, деп ойлайман. Көпшилик пуқаралар өз ҳуқықларын билмегенлиги себепли мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған жеңилликлерден пайдалана алмайды. Әлбетте, аналар перзентлериниң, ҳәттеки шаңарақ ағзаларының саламатлығы ушын да медициналық мәдениятын арттырыў зәрүрлиги сезиледи. Медицинадан хабары бар ана перзентлериниң саламатлығын қорғай алады.

Мәмлекетимиз Президенти: «Нызамлар толық ислеўи ушын депутатлар халыққа жақын болыўы тийис. Болмаса Нызам қағазда қалып кетеди», «Қайсы Нызам ислемей атырғанын халықтың арасына кирип барып адамлардан сораў керек» деген пикирлери бүгинги турмысымызда өз көринисин таппақта. Бул пикирди депутатлық жумысының ураны етип алған Әлима өз сайлаўшылары арасында болып, олардың тилек-усынысларын инабатқа алыўды жумысының баслы мақсети, деп есаплайды.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласы №8 «Жеке терек» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланған дәўирден баслап өз сайлаўшылары арасында болып,  олардың шешимин күтип турған мәселелерде жәрдем берип киятыр. «Бес төбе», «Қаратаў», «Жайҳун», «Наў­рыз», «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жасаўшы 20 мыңға жақын сайлаўшылардың аўҳалы, жасаў шараятлары, жаратылған социаллық имканиятлар, халыққа хызмет көрсетиў шақапшалары, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, мектеп, академиялық лицей, колледж, шаңарақ поликлиника, аўыллық-шыпакерлик пунктлериниң хызмет көрсетиў жағдайлары, мәкан пуқаралар жыйынлары, ҳаял-қызлар, жаслар, кексе жастағы инсанлар, олардың социаллық жақтан қорғалыўы мәселелерин үйрениўден баслады. Быйылғы жылдың өзинде «Қаратаў» елатында жасаўшы пуқара Қ.Юсуповтың, «Алмазар» аўыл пуқаралар жы­йыны турғыны Б.Беркинбаевтың, бас­қа да көплеген мүрәжатлардың унамлы шешимин табыўда өзиниң депутатлық усынысы менен жәрдем бериўге еристи. 2011-жылы туўылған Г.Ҳәбипова, 2012-жылы туўылған С.Камалов, Г.Жумабаевалардың Ташкент қаласындағы қәнигелестирилген илимий-әмелий педиатрия орайында емлениўи ушын имканият жаратты. Олардың кейинги жағдайларынан да хабар алып турыўды әдетке айландырған. Әлима жеке ис реже дүзип, сайлаўшылары арасында болып жалғыз баслы, кем тәмийинленген, кексе жастағы ҳәм майыплығы бар пуқаралардан республикамызда белгиленетуғын барлық байрамларда ҳал-жағдайын сорап, қолынан келген жәрдемин аямайды.

Әлима жақында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў басқышында бала­ларға медициналық хызмет көрсетиў бойынша XIII съездине қатнасты. Америка, Италия, Германия, Түркия ҳәм басқа да 16 мәмлекеттен тәжирийбели шыпакерлер қатнасқан бул әнжуманда «Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында медициналық жәрдемди шөлкемлестириў ҳәм көрсетиў: машқалалар ҳәм оларды шешиў жоллары» ҳаққында баянат жасады. Әлбетте, бул илажлардың балалар арасында көп ушырасатуғын кеселликлердиң алдын алыўда, емлеўде әмелий жәрдем болатуғынлығы анық. Усындай байланыслар нәтийжесинде республикалық балалар көп тармақлы медицина орайындағы шыпакерлер Германия, Белоруссия, Россия мәмлекетлериндеги илимий-изертлеў клиникаларында болып тәжирийбе алмасыўына имканият берилди. Сондай-ақ, усы жыл 12-17-октябрь аралығында Корея мәмлекетинен келген тәжирийбели профессорлар, шыпакерлер 800 ден аслам балалардың саламатлығын тексериўден өткерди ҳәм тийисли жәрдем көрсетилди. 44 туўма нуқсан менен туўылған балаға пластик операциялар исленди.

Ә.Маткаримова көп жыллардан берли Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында бас шыпакерлик лаўазымдағы жумыс барысында балалар арасында ушырасып атырған ҳәр қыйлы кеселликлер менен аўыр аўҳалдағы нәрестелер көплеп алдына келеди. Олардың жағдайы Әлиманы, әлбетте, тынышсызландырады. Сонлықтан, қалай болғанда да оларға дәртине дәрман болып жәрдем бериўди, балалар арасындағы жүрек-қан тамыр кеселликлери бойынша илимий жумыс алып барыўды алдына мақсет етип кеўлине түйип жүрген еди. Бул бойынша ол профессор Диларам Ахмедова басшылығында Арал теңизи экология жағдайында жүрек-қан тамыр системасы кеселликлери диагностика критерияларын ҳәм балалардағы жүрек-қан тамыр кеселликлерин анық саламатлық дитеринантына байланыслы ислеп шығыў бойынша илимий-изертлеў алып бармақта. Бүгинги күнге шекем медицинада балалар жүрек-қан тамыр системасы критериялары ислеп шығылғанлығы себепли де әҳмийетли есапланады.

Келешегимиздиң нәўшелери есапланған нәрестелердиң саламатлығында алып барылып атырған Әлиманың жумысларында табыслар тилеймиз.

Б.КАРАМАТДИНОВА.

СҮЎРЕТТЕ: Республикалық көп тармақлы медицина бас шыпакери Ә.Маткаримова.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF