КЕМШИЛИКЛЕР САПЛАСТЫРЫЛМАҚТА
Орайлық Азияда регионаллық экологиялық машқалалардан Арал ҳам Арал бойындағы жағдайлар есапланады. Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен 2019-жылдың өткен 9 айында үлкемизде жүз берип атырған экологиялық машқалаларды жумсақластырыў, тәбиятты қорғаў саласындағы нызамлар талапларының орынланыўын муўапықластырыў ҳәм 2019-жыл ушын белгиленген прогноз көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийнлеў бойынша кең көлемли жумыcлар әмелге асырылып атыр.
Усы машқалаларды жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети улыўма мәлимлеме-таллаў бөлими баслығы Б.Ибрагимов төмендегише баянат билдирди:
— Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 15-16- ноябрь ҳәм 2019-жыл 20-21-август күнлери Республикамызда болған сапарының жуўмақлары бойынша өткерилген мәжилис тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәбиятты қорғаўға байланыслы мәселелердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша илажлар белгиледи.
Усы бағдарда елимизде жүз берип атырған экологиялық машқалаларды жумсақластырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар менен кең жәмийетшиликти, жасларды хабардар етиў мақсетинде телекөрсетиўлерде-136, радиода-132 шығып сөйлеўлер, республикалық, районлық газеталарда 83 мақалалар жәрияланды.
Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 22-ноябрьдеги 949-санлы қарарының орынланыўы бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик экологиялық экспертиза орайы тәрепинен есабат дәўиринде қәўипсизлик дәрежеси III-IV болған 999 жойбар ҳүжжетлери экологиялық экспертизадан өткерилип, оның 958 не экспертизаның унамлы жуўмақлары берилген ҳәм нызам талапларына жуўап бермегени ушын 41 жойбар қайта ислеўге жиберилди.
Комитет қурамындағы районлық (қала) инспекциялары тәрепинен атмосфера ҳаўасының, суў ресурсларының патасланыўының алдын алыў, жер асты байлықларына, биологиялық ресурслардан пайдаланыўды тәртиплестириўге бағдарланған рейдлер (мониторинг) тәртибинде ҳәм 59 кәрханада инструменталь усылда қадағалаў илажлары өткерилди, анықланған кемшиликлерди сапластырыў ушын берилген 58 көрсетпелердиң орынланыўы нәтийжесинде нызам бузыўшылықтың алды алынды. Нызам талапларының бузылыўларына жол қойған 1694 пуқараларға (5 лаўазымлы) 579 млн сум ҳәкимшилик илажлары көрилди, соннан есабат дәўиринде 509,7 млн сум өндирилди.
Буннан тысқары биологиялық көптүрлиликти ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақларды қорғаў инспекторлары тәрепинен өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясына келтирген зыянларды қаплаў ушын 419 пуқараға 1.183.0 млн даўа есапланды, соннан 328,5 млн сум өндирилди. Пуқаралардың 18 аң мылтықлары ҳәм 88 балық аўлаў дузақлары алынды.
Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасына 633,3 млн сум болған зыянларды қаплаў ушын 8 материал өткерилди ( балықшылық-6, аңшылық-2). Прокуратура тәрепинен 1 ис бойынша (балықшылық) тергеў ислери жуўмақланып, Жынайы ислер бойынша судқа өткерилди ҳәм суд қарарлары менен 10 пуқараға тийисли жаза қолланылды, тәбиятқа келтирген 303,5 млн сум зыянлардан өндириў қарарлары МИБ на орынлаў ушын жиберилди.
Сондай-ақ, ҳайўанатлар дүньясына келтирген (аңшылық) 245,3 млн сум зыянды қаплаў ушын өткерилген 2 материал бойынша тергеў жумыслары алып барылмақта. Ҳәкимшилик судында өткерилген 3 ис бойынша тергеў ислери жуўмақланып, тәбиятқа келтирген 21,6 млн сум зыян толығы менен өндирилди. Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлигине өткерилген 62,7 млн сумлық еки ис бойынша тергеў ислери алып барылып атыр.
Қоршаған орталықтың мониторинги жөнелиси бойынша таярланған есабатларды таллағанымызда 59 кәрхананың 392 дерегинен алынған 916 сынаў үлгилерине исленген 3418 физикалық, химиялық анализлер жуўмақларында, 21 де шығындылар муғдары белгиленген нормадан артық екенлиги анықланған ҳәм объектте 1234,0 млн сум компенсация төлемлери есапланып, толығы менен өндирилген.
Жуўмақластырып айтқанда Арал ҳәм Арал бойы регионында қурамалы экологиялық машқалалар дизбеги қәлиплесип, оның келип шығыўы ҳәм ақыбетлери тәреплери мәмлекетлер аралық әҳмийетке ийе болып, келешекте усы машқалалардың шешилиўи Орайлық Азияда социал-экологиялық, экономикалық, демографиялық жағдайлар, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайлары ҳәм өнимдарлықты арттырыў, халқымызды таза ишимлик суў менен тәмийинлеў сыяқлы машқалалар менен байланыслы болған илимий бағдарлар әмелге асырылыўы керек.
Қайыпберген Юсупов,
Қарақалпақстан Республикасына хызмет
көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери.