ЭЛЕКТРОН ШЫҒЫНДЫЛАР ЖАҢА ЭКОЛОГИЯЛЫҚ МАШҚАЛА
Илим-техниканың раўажланыўы, экологияға сезилерли зыян жеткизип атырған шығындының жаңа түри электрон шығындыларды пайда етпекте.
Швейцарияда 1998-жылы электрон шығындыларды әпиўайы тасландыханаға таслаўды қадаған етиўши нызам қабылланған.
Уялы байланыс телефонлары, компьютерлер, принтерлер, фотоаппаратлардың маркасы жаңаланған сайын олар көплеп тасландыға ылақтырылады. Бир ғана Қытайда ҳәр жылы тасландыханаға 500 000 тонна музлатқыш, 1,3 миллион тонна телевизор ҳәм 300 000 мың тонна компьютер тасланады.
АҚШтың 80 проценти ҳәм Европа Аўқамының 75 проценти электрон шығындылары раўажланып атырған мәмлекетлерге алып келинип, қайта сатылады. Олардағы зәҳәрли элементлер улыўма тасландыханаларға тасланыўы нәтийжесинде топырақ ҳәм суўға араласып, көп ғана тири организмди, соның ишинде инсанларға да кеселлик жуқтырады. Қәнигелердиң мағлыўматларына көре, 2015-жылы жер жүзинде 48,9 миллион тонна электрон шығындылар шығарылып, бул 7 миллирад халықтың ҳәр бирине сәл кем 7 килограммнан туўра келеди. Егер де салыстыратуғын болсақ, бул электрон шығындылар 11 Египет пирамидаларына тең келеди.
Электрон шығындылар қурамында қәўипли бирикпелер көп. Компьютер мониторлары ҳәм телевизордың ҳәр биринде 4 килограммға дейин қорғасын бар. Сондай-ақ, оларда 70 процентке дейин сынап ҳәм кадмийден ибарат аўыр металлар бар. Қорғасын инсанның нерв системасы ҳәм бүйреклерине унамсыз тәсир көрсетсе, кадмий өкпени истен шығарады. Суйық кристаллы мониторлар қурамында сынап болған панеллер менен қапланған. Булардан тысқары, оларда хром, литий ҳәм углеводород дөгерек-әтирапқа елеўли зыян келтиреди. Сонлықтан да, кең жәмийетшилик буннан жақсы хабардар болып, ал, қәнигелер оларды қайта ислеў жолларын қарастырыўы тийис деп ойлаймыз.
У.МЫРЗАНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған
орталықты қорғаў комитети қәнигеси.