ЭРАМЫЗДАН 500 ЖЫЛ ИЛГЕРИ
Тарийхқа нәзер таслар екенбиз, эрамыздан 500 жыл алдын Әййемги Грецияда көшеге шығынды таслаў бойынша биринши император пәрманы қабылланған.
Усыған байланыслы Афина қаласынан кеминде 600 метр узақлықта тасландыханаларды шөлкемлестириў ҳәм шығындыны сол жерге апарып таслаў атап өтилген. Бул пәрман өз күшин орта әсирлерде жоғалтты. Анкон университетиниң профессоры, италиялы тарийхшы Эрколе Соридиң «Назлы ханымлар дәўири» атлы китабында ХIХ әсирге дейин халық тасландыларды терезелерден тысқарыға ылақтыра баслаған. Лондон, Париж сыяқлы ири қалалардың көшелери тасландыға толып кеткен. Әпиўайы ҳәжетханалар жоқлығы нәтийжесинде адамлар үйлериниң арқасына, баспалдақлардың астына ҳәжетке шыққан. Қассаплар сойылған малдың ишек-қарнын көшеге таслаған. Ақыбетинде олар тасландыға толып, тышқанлар ҳәм олардың себебинен ҳәр қыйлы жуқпалы кеселликлер көбейген. Усыннан кейин ғана шәҳәр ҳәкимлери бундай жағдайды бираз жумсартыў мақсетинде тасланды ушын арнаўлы уралар қаздырған. Европаның қалаларында тырыспай кеселлиги көбейген. Көмилген тасландылар жер асты суўларын патаслап, нәтийжеде басқа жуқпалы кеселликлер де тез пәт пенен тарқала баслаған.
Биринши мәрте шығынды жағатуғын печьлер Англияның Нотингем графлығында 1874-жылы қурылды. Тез арада бул тәжирийбе басқа мәмлекетлерде қолланыла баслады. Лекин, көпшилик қалалар печьлерден шығып атырған түтин ҳаўаны патаслағаны ушын буннан ўаз кешти. Ҳәзирги ўақытта дүньяның көплеген қалалары қайта исленбеген тасландыларды көмип таслайды. 1984-жылы АҚШтың Чикаго қаласы ҳәкимлиги шығындыдан ажыралып шығып атырған метан гази ҳәрекетин мониторинг етиў ушын таңлаў жәриялады. Бүгинги күнде жер астындағы шығындылардан трубалар арқалы ажыралып шығып атырған метан газин жанылғы ушын қолланады ҳәм арнаўлы печьлерде ол биогазге айландырылады. Ҳәзирги ўақытта АҚШта усындай 40 станция бар.
Бир ғана Стэйтен Айлэндте жайласқан тасландыханадан күнине 5 миллион куб.м газ алынып, Бруклин газ компаниясына сатылады. Бул муғдардағы газ бенен 50 мың үйди ысытыў мүмкин.
Бүгинги күни тасландыны жағыў арқалы ислеп атырған электр станцияларды қурыў ислери ҳәўиж алмақта. Бирақ, машқала басқа мәселеде. Усындай электр станцияларда жағылып атырған газ қурамында хлор элементи бар. Олар ҳаўаға шығарып тасланғанда диоксин химиялық бирикпелерге биригеди. Диоксин жүдә зәҳәрли болып, тери кеселликлерин келтирип шығарады, сондай-ақ, инсан иммунитетин әззилетеди. Және бир машқала, дүньяның тезлик пенен өсип атырған шәҳәрлери тасландыхана ушын қолайлы орын табыў да машқала болмақта.
Қәнигелердиң пикиринше, турмыслық шығындылар пүткил дүньяда арзан шийки зат есапланады. Сырт ел мәмлекетлериниң тәжирийбеси шығындылардың 85 процентин қайта ислеў мүмкиншилигин көрсетпекте.
Айырым мәмлекетлерде шығындыларды бөлек жыйнаў системасы жолға қойылған. Нәтийжеде қағаз, пластик, алюминий сыяқлы шийки заттың үлкен бөлеги қайта ислеўге жибериледи. Бул процесстиң де экоорталыққа унамлы тәсири жүдә жоқары. Оларды қайта ислеў энергия ҳәм шийки затты сезилерли дәрежеде тежейди. Мағлыўматларға көре, Японияда резина ҳәм кабель буйымларының 34 проценти, шийше буйымларының 43, қағаз ҳәм картонның 54 проценти шығындыны қайта ислеўге алынады. Бул бағдарда Қытай тәжирийбеси және де дыққатқа ылайық. Олар алюминий, темир, мыс сыяқлы металлардан исленген буйымлардың 33 процентин, жүн, жипек, тери буйымларының 34 процентин түрли шығындыларды қайта ислеўден алады.
Турмыслық шығындылар дүньяда арзан шийки зат есапланады. Раўажланған мәмлекетлер тәжирийбеси шығындылардың 85 процентин қайта ислеў мүмкиншилигин көрсетпекте. Бул унамлы қубылыс шығындыларды қайта ислеў энергияны ҳәм шийки затты сезилерли дәрежеде үнемлейди.