Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:51:23, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ФИЗИКАЛЫҚ ШАХСЛАР ТӘРЕПИНЕН ЖЕКЕ ТАЛАПЛАРЫ УШЫН ТОВАРЛАРДЫ АЛЫП ӨТИЎ ТӘРТИБИН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСИТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Бажыхана кодексине муўапық, сондай-ақ, физикалық шахслар тәрепинен жеке талаплары ушын алып өтилетуғын товарларды бажыханада рәсмийлестириў тәртибин буннан былай да жетилистириў мақсетинде:

  1. 2020-жыл 1-январьдан:

коммерциялық емес мақсетлер ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасынан өтиў пунктлери арқалы қол жүгинде ҳәм бақлап барылып атырған багажда товарларды алып келип атырған физикалық шахслар ушын, сондай-ақ, физикалық шахстың атына почта ҳәм курьерлик жөнетпелер арқалы келетуғын товарларға қо­йылатуғын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген бажыхана бажы, қосылған қун салығы ҳәм акциз салығының орнына бирден-бир бажыхана төлемин төлеўди нәзерде тутатуғын бажыхана төлемлерин өндириўдиң әпиўайыластырылған тәртиби енгизилетуғыны;

физикалық шахслар тәрепинен жеке талаплары ушын бажыхана шегарасы арқалы қол жүгинде, бақлап барылып атырған багажда, сондай-ақ, почта  жөнетпелери арқалы алып келинетуғын ҳайўанларға тийисли азық-аўқат өнимлеринде ислеп шығарыў орамының мәжбүрий бар екенлиги ҳаққындағы талаптың орнатылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Бирден-бир бажыхана төлеми бажыхана төлемлери өндирилмейтуғын товарларды физикалық шахслар тәрепинен республикаға алып келиўдиң шекленген муғдарынан артып кеткен жағдайда, Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс товар номенклатурасы кодына ҳәм келип шығыў мәмлекетине қарамастан товарлардың барлық категориялары бойынша бажыхана баҳасынан келип шыққан ҳалда, шекленген муғдарынан артып кеткен бөлегине өндириледи.

Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-февральдағы «Физикалық шахслар тәрепинен бажыхана шегарасы арқалы товарлардың алып өтилиўин буннан былай да тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3512-санлы қарарының 1-қосымшасында нәзерде тутылған товарларды алып келиў муғдарынан артып кеткен жағдайда бажыхана төлемлери улыўмалық түрде белгиленген тәртипте төленетуғыны белгилеп қо­йылсын.

  1. Төмендегилер:

товардың бажыхана баҳасынан 30 процент, бирақ ҳәр бир килограммы ушын 3 АҚШ долларынан кем болмаған муғдарда бирден-бир бажыхана төлеми ставкасы;

қосымшаға муўапық, Физикалық шахслар тәрепинен жеке талаплары ушын алып келинетуғын товарлардың категориясына кирмейтуғын товарлардың дизими тасты­йықлансын.

  1. Мәмлекетлик бажыхана комитети:

а) бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер КабинетинеF

физикалық шахслар тәрепинен Өзбекстан Республикасы бажыхана шегарасы арқалы алып өтилетуғын товарлардың белгиленген мақсетин анықлаў тәртиби ҳаққындағы режени тийисли минис­трликлер ҳәм уйымлар менен келисилген ҳалда;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды киргизсин;

б) усы қарардың мазмун ҳәм мәнисин ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириўди ҳәм халықтың итибарына жеткериўди тәмийинлесин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң орынбасары Э.М.Ғаниевқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 7-ноябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF