Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:52:58, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИШКИ ИСЛЕР УЙЫМЛАРЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНИҢ КӘСИПЛИК БАЙРАМЫНА БАҒЫШЛАНДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик байрамына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов ишки ислер уйымларының хызметкерлери күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, профилактикалық илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, ҳуқық қорғаў уйымларының жәмийетшилик пенен бирге ислесиўин жетилис­тириўдиң әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде барлық тараўлар сыяқлы ишки ислер уйымлары системасында да кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет — тынышлық сақшыларын халыққа еле де жақынластырған ҳалда елимиздиң тынышлығын тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў, олардың ишки ислер уйымларына болған исенимин буннан былай да беккемлеўден ибарат.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымлары тәрепинен быйылғы жылдың өткен дәўиринде бул бағдарда бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Нөкис қаласы Ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы, оның 6 ишки ислер бөлими, Төрткүл районының «Жамбасқала» массивинде ишки ислер бөлими шөлкемлестирилди ҳәм оларда тергеў, миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў хызметлери енгизилди.

Президентимиздиң усы жыл 20-21-август күнлери республикамызға сапары ўақтында белгилеп берилген ўазыйпалары тийкарында жаңадан Бозатаў районының дүзилиўи менен усы районда Ишки ислер бөлими шөлкемлестирилди. Олардың толық көлемде жумыс алып барыўы ушын барлық зәрүрли шараятлар жаратылды ҳәм тәжирийбели қәнигелер менен тәмийинленди. 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-ноябрь күнги «Жынаят-орынлаў нызамшылылғын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Пробация  хызмети ҳәм оның аймақлық бөлимшелериниң  шөлкемлестирилиўи, судлар тәрепинен еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазаларға ҳүким етилген пуқаралардың бәнтлилигин тәмийинлеў, қайта таярлаў, олардың қайта жынаят ислеўиниң алдын алыўда өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Буннан тысқары, ҳәр бир қалалық ҳәм районлық Ишки ислер бөлимлери баслықларының жаслар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымының енгизилиўи, минис­трликтиң Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармаларында ҳаял-қызлар мәселелери бойынша бөлимниң шөлкем­лес­тирилиўи жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, олар арасында жынаятшылықтың алдын алыўда  айрықша әҳмийетке ийе болды.

Елимиз басшысының атап өткениндей, баслы мәселе, ҳуқықбузарлықлардың ақыбетлери менен гүресиў емес, ал, ерте алдын алыў, жүз бериўге имкан берген себеп ҳәм шараятларды өз ўақтында сапластырыўдан, ҳәр бир пуқараның санасында «Мениң мәҳәллемде жынаят болмаўы керек» деген сезимди қәлиплестириўден ибарат. Республикамыздағы барлық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында «Пидайы жаслар» патруль топарлары шөлкемлестирилип, олар жәмийетлик тәртипти сақлаў,  жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыўда ишки ислер уйымларына жақыннан жәрдем бермекте.  Усындай унамлы жумыслардың нәтийжесинде быйылғы жылдың өткен тоғыз айы даўамында  улыўма жынаятлардың саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 29,3 процентке азайған болса, 225 пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымында бирде бир жынаят жүз бермеди.

Президентимиздиң басламасы менен ишки ислер уйымларының жумысларын жетилистириўге қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде  370 профилактика инспекторына хызмет үйи,   коммерциялық банклердиң жеңиллетилген кредити есабынан «Матиз» автомашинасы тапсырылды.

Елимизде пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде минсиз хызмет атқарып киятыр­ған тынышлық сақшыларының хызмети ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып келинбекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы байрамы ҳәм кәсиплик байрам  мүнәсибети менен бир хызметкер «Дослық» ордени, бир хызметкер «Садық хызметлери ушын» медалы, бир хызметкер «Шуҳрат» медалы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен бир хызметкер «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы, бир хызметкер «Үмит ушқыны» көкирек нышаны менен сыйлықланды. Буннан тыс­қары, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң буйрығы менен   4 хызметкер «Аъло хизматлари учун», 14 хызметкер I, II, III дәрежели «Бенуқсон хизматлари учун» нышаны, 6 хызметкер  Ҳүрмет жарлығы, 8 хызметкер естелик қол сааты менен сыйлықланды.

Илажда жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, жәмийетлик тәртипти сақлаўда пидайылық көрсеткен хызметкерлерге сыйлықлар, арнаўлы атақлар  тараў ветеранларына, хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтанда қайтыс болған хызметкерлеридиң шаңарақ ағзаларына саўғалары тапсырылды.

Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлери ҳәм минис­трликтиң «Арал жулдызлары» ансамбли ағзаларының атқарыўындағы байрам концерти қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳам­раев, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Е.Дур­диев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF