«ҚЫЗЫЛ КИТАП»ТЫҢ ДИЗИМИ ҚАНДАЙ?
Тәбият — инсанияттың байлығы. Өтмиште де, келешекте де бийминнет хызмет етеди. Оны қорғаў дүньяжүзилик машқала етип көтерилгени де тосыннан емес. Кейинги әўлад билиўи керек мәселелер бар.
Бүгин «Қызыл китап»тың дизимине қайсы ҳайўанлар ҳәм өсимликлер киргизилген, оларды қорғаўда нелерге итибар қаратылмақта? Журналист Қундыз Жумағалиеваның мине усы сыяқлы бир қатар сораўлар тийкарында Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты директорының орынбасары Ақылбек Туреев пенен болған сәўбетин дыққатыңызға усынамыз.
— Бүгинги күнде тәбиятты қәстерлеп-сақлаў пүткил инсанияттың алдында турған үлкен мәселе болып табылады. Солай екен, қоршаған орталықта жүз берип атырған түрли жағдайлар көпшиликти қызықтырса керек. Сизге дәслепки сораўымыз, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватында биологиялық көптүрлиликти сақлаў бойынша қандай машқалалар бар?
— Төменги Әмиўдәрья биосфера резерваты Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 26-августтағы қарары тийкарында шөлкемлестирилген. Ол Беруний ҳәм Әмиўдәрья районлары аймақларында жайласқан болып, улыўма майданы 68717,8 гектарды қурайды. Соннан 11568,3 гектар қорықхана зонасына, 6731,4 гектар буфер зонасы, 50418,1 гектар аралық зонаға киргизилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-марттағы қарары тийкарында Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетинен Экология ҳәм тәбиятты қорғаў мәмлекетлик комитети қарамағына өткерилди.
Қорықхана зонасына «Бадай тоғай», «Жумыртаў», ҳәм «Назархан» бөлимлери киргизилген. Әмиўдәрьяда 10-15 жыллардан берли суўдың аз келиўи, «Бадай тоғай» бөлиминдеги аймақты тәбийғый суў басыў процеси болмағанлығы себепли бул жердеги өсимлик дүньясының раўажланыўына үлкен қәўип туўдырылмақта. Бул машқаланы шешиў ушын электр насослары жәрдеминде суўғарыў нәтийжесинде ҳайўанат әлемин кейинги әўладқа тәбийғый жағдайда жеткерип бере аламыз.
— Халықтың тәбиятқа болған мүнәсибетин қалай баҳалайсыз?
— Бизиң аймағымызға жақын жайласқан жергиликли халық пенен, әсиресе, мектеплерде, аўыллық пуқаралар жыйынларында ушырасыўлар өткерип, түсиник жумысларын алып барамыз. Өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына зыян жеткизиў жағдайлары ушырасып атырған жоқ. Мениңше, халқымыздың тәбиятқа болған мүнәсибети жақсы деп есаплайман.
— Браконьерлердиң ҳәрекетлерине қарсы қандай шаралар көриледи?
— Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватының қорықхана зонасы қатаң режимдеги қорғалатуғын зона болып есапланады. Бул зона тәбият объектлерин ҳәм комплекслерин толық сақлап қалыў, илимий изертлеўлер ҳәм мониторинг алып барыўға бағдарланған. Қорықхана зонасы аймағында нызам ҳүжжетлерине муўапық мәмлекетлик қорықханалар режими орнатылған ҳәм усы аймақта ҳәр қандай түрдеги хожалық жумысларын алып барыў қадаған етилген. Қорықхана зонасы 11 айланба ҳәм 47 кварталларга бөлинген болып, ол 11 инспектордың жуўапкершилигине жүклетилген. Браконьерликтиң алдын алыў мақсетинде қорықхана зонасына кириў жолларының ҳәммесине ескертиўши белгилер қойылған.
— Экотуризмди раўажландырыў бойынша қандай әмелий жумыслар исленип атыр?
— Бизде экотуризмди раўажландырыў бойынша 3 экологиялық бағдар ислеп шығылған болып, екеўи қурғақлықта ҳәм биреўи Әмиўдәрьяда моторлы қайықта саяхат етиў жолға қойылған. Буннан тысқары, биорезерват мәкемесинде музей шөлкемлестирилген. Музейде ҳайўанат дүньясы ҳәм қуслардың қатырылған макетлери ҳәм өсимликлердиң гербарий топламлары бар. Биорезерват ҳаққында толық мағлыўмат бериў ушын веб-сайт ислеп тур. Үстимиздеги жылда биорезерватқа шет еллерден ҳәм жергиликли туристлерден 150ден аслам саяхатшылар келди. Туристлер ушын видеоролик, фото альбом ҳәм буклетлер исленген.
— Бухара суўынын көбейтиўге болған итибар қандай?
— Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биорезерваты аймағындағы Бухара суўынлары дәслеп 1976-жылы тек ғана 3 бас, еки жылдан соң 9 бас, 1987-жылы 9 бас, жәми болып 21 бас Бухара суўыны Тәжикстанның «Ромит» қорықханасынан алып келинген еди. Ҳәзирги күнде 1000 бастан аслам Бухара суўыны бар. «Бадай тоғай» бөлиминде Бухара суўыны көбейип кеткенлиги себепли «Назархан» бөлимине көшириў ислери режелестирилмекте.
Сөзимниң жуўмағында мағлыўмат ретинде соны айтып өтпекшимен бизиң биорезерватымызда өсимликлердиң 419 түринен 2 түри, ҳайўанлардың 36 түринен 1 түри, балықлардың 43 түринен 12 түри, қуслардың 246 түринен 23 түри «Қызыл китап»қа киргизилген. Буннан тысқары, жәнликлердиң 1124 түри ушырайды.
Келешекте биологиялық көптүрлиликти сақлаў ушын унамлы жумысларды әмелге асырыўды мақсет етип қойғанбыз.
Сәўбетлескен:
Қундыз Жумағалиева,
журналист.