Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:12:51, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРҒА БАЙЛАНЫСЛЫ МӘМЛЕКЕТЛИК СИЯСАТТЫҢ КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ ТИЙКАРЛАРЫ

Мәмлекетимизде ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан-ақ жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың тийкары жаратылды. 1991-жыл 20-ноябрьде «Өзбекстан Республикасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың тийкарлары ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилгени буның айқын дәлили.

Итибарлы тәрепи сонда, бундай мазмундағы нызамларды, ҳәтте, нызам асты ҳүжжетлерин де басқа мәмлекетлердиң әмелиятында ушыратыў қыйын. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2014-жыл 6-февральдағы «Өзбекстан Республикасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға қаратыл­ған қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда жаслардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў, жоқары мәнаўиятлы, өз бетинше ҳәм терең пикирлейтуғын, заманагөй илим-пән жетискенликлерин пуқта өзлестирген бәркамал әўладты тәрбиялаўға байланыслы принциплерди өзинде жәмлегени менен әҳмийетли.

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы мазмуны 1992-жыл 8-декабрьде қабыл етилген Өзбекстан Республикасының Конституциясында өз көринисин тапқан.

Бүгинги күнде Конституция жәмийет турмысының ажыралмас қурамлық бөлегине айланып, өзиниң реал ҳәм әмелий ҳүжжет екенин көрсетти. Солай екен, ендигиден былай биз Конституцияның ҳәр бир нормасын, соның ишинде, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты сәўлелендириўши қағыйдаларын ҳәм теориялық, ҳәм әмелий жақтан тал­қылай аламыз.

Бул бағдарда биринши гезекте итибар қаратыў лазым болған тәрепи сонда, Конституцияның Алғы сөзинде бул ҳүжжетти ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўде ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар алдындағы жоқары жуўапкершиликтиң есапқа алынғаны атап өтиледи. Соның ушын да Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 1990-жыл 20-июньде шөлкемлестирилген конституциялық комиссия алдына Конституцияда тек ҳәзирги емес, ал, келешек әўладтың да мәплерин сәўлелендириў ең тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында қойылғаны тосыннан емес.

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың және бир әҳмийетли тәрепи ҳәр тәреплеме раўажланған бәркамал әўладты тәрбиялаўдан ибарат. Бул бағдарда халықаралық жәмийетшилик тәрепинен ҳәр қандай мәмлекетте әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжесине баҳа бериўши еки норма тән алынған. Бул сол мәмлекеттеги денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў системалары болып табылады.

Конституцияның бир қатар статьяларында жас­ларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетин көрсетиўши нормалар бар. Олардың барлығында елимиздиң ертеңги ийелери бол­ған жасларымыздың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплери ҳәр тәреплеме көрсетип өтилген.

Улыўма алғанда, жас­ларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың ҳуқықый тийкарларын қураўшы нызам ҳүжжетлериниң шеңбери жүдә кең. Жуўмақ орнында соны айтыў мүмкин, Өзбекстан Республикасының Конституциясы шын мәнисинде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың ҳуқықый негизи есапланады. Бул бағдарда Конституциямыздың өзине тәнлиги, ондағы нормалардың шынында да әмелий, реал ҳуқықый тийкарға ийе екенлиги Тийкарғы нызамда белгиленген ҳуқық ҳәм еркинликлердиң әмелде де кепиллестирилгенинде, алды­мызға қойылған мақсетлерге басқышпа-басқыш ерисип атырғанымызда деп есаплаў ушын барлық тийкарлар бар.

Лаура СЕЙТОВА,

Нөкис қаласы прокурорының аға жәрдемшиси лаўазымында ис үйрениўшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF