РЕСПУБЛИКА МӘҲӘЛЛЕЛЕР КЕҢЕСИ, ӨЗБЕКСТАН ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР КОМИТЕТИ, РЕСПУБЛИКА РУЎХЫЙЛЫҚ ҲӘМ АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ОРАЙЫ, ӨЗБЕКСТАН ЖАСЛАР АЎҚАМЫ, «НУРАНЫЙ» ҚОРЫ ҲӘМ «ШАҢАРАҚ» ОРАЙЫ БЕЛСЕНДИЛЕРИНИҢ
МҮРӘЖАТЫ
Әзиз ўатанласлар!
Ҳүрметли ата-аналар!
Қәдирли жаслар!
Жанажан Өзбекстанымыз миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай беккем исеним менен үлкен жолға шықты. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәр биримиздиң абаданлықта, турмыстан разы болып жасаўымызға қаратылғаны әйне ҳақыйқат! Сол себепли де арамызда реформалардың белсенди қатнасыўшылары көбейип бармақта.
Бирақ, буның өзи жетерли емес. Ҳәр биримиз өзимизге сораў берейик: бизиң мине усы жеделлик пенен жүз берип атырған өзгерислерге мүнәсибетимиз қандай? Бул үлкен дөретиўшилик, жаратыўшылық ҳәрекетинде өз орнымызды таба алдық па? Шүкирлик пенен бул ислерге мүнәсип үлесимизди қосып атырмыз ба?
Неге айырым шаңарақларда меҳир-мүриўбет, аўызбиршилик жоғалып, өз-ара мүнәсибетлерге мәп, дәмегөйлик қосылып атыр? Неге өз баласының тәрбиясына бийпарқ ата-аналардың көбейип баратырғанына үндемей қарап турмыз?! Ақыры, Ўатан келешеги перзентлер тәрбиясы, камалына байланыслы емес пе!
Бизде әзелден әке әдалатлы пикири, ҳақ сөзи, ибраты менен шаңарақтың үстини, ҳүжданы болып келген. Халқымыз бийкарға «Әке разы қудай разы» демеген. Бүгин айырым шаңарақларда мине усындай әкелердиң орны, ҳикмети сезилмей атыр. Шаңарақлық қатнасықларда руўхый әдеп-икрамлылық теңсалмақлылықтың бузылып атырғаны, шаңарақлық ажырасыўлар, жынаятлар, мүлкий даў-жәнжеллердиң көбейип баратырғаны ҳәммемизди тәшўишлендиреди.
Ер ҳаялына, ҳаял ерине қаслық етиўи менен байланыслы жағдайларға неге бийпарқ қарап турмыз? Перзенттиң ата-анасы, аға-инисине қол көтериўи биз ушын намыс ҳәм уят емес пе? Бул жағдайдан ондай шаңарақлардың жети әўладына нәлет жаўдырылмай ма? Өз баласын сатпақшы болған айырым ҳүждансыз ҳаяллар Ана деген уллы ат, уллы меҳир ҳәм қәдириятты аяқ асты етип атырған жоқ па? Ең жаманы, бизиң бундай аянышлы көринислерге кем-кемнен көнлигип баратырғанымызда!
Турмыс қурып атырған жигит-қызларымыз өз бетинше жасаўға тайын ба? Шаңарақ жүги, жуўапкершилигин сезинип атыр ма! Барған сайын артып баратырған ажырасыўлардың саны неге бизди тәшўишлендирмей атыр?
Әзизлер, алжасқанларға ермейик!
Биз әсирлер даўамында ақыл-парасаты, жоқары мәнаўияты, инсаный қәдириятлары менен басқаларға ибрат ҳәм үлги болып келген халықпыз. Тилекке қарсы, бүгин той-мереке, мәресимлеримизде де биймәни арзыў-ҳәўеслер, ата-бабаларымыз әмел еткен үрп-әдетлерге ҳүрметсизлик, мәнаўий нормалардан жырақ, артықша дәстүрлер, дәбдебепазлыққа көз-көреки еликлеў көбейип бармақта.
Қашаннан берли меҳир-мүриўбет, әдеп-икрамлылық түсиниклери бизге жат болып қалды? Айырым жасларымыздағы бийпарқлық, жуўапкерсизлик, мийнеттен қашыў сыяқлы иллетлерге қашанға шекем тамашагөй болыў мүмкин?! Базы ата-аналардың баласы қай жерде, ким менен, не ислеп атырғанына қызықпаслығы Жаратқанның өзи берген жемиске шүкиршилик етпеў емес пе?!
Бул иллетлерге шек қойыў мәҳәллелердеги ҳәр бир ийман ҳәм ҳүждан ийесиниң пуқаралық миннети.
Әзиз ўатанласлар!
Миллетти алжастырып, мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған иллетлерге жәмийетшилик қадағалаўдың сын найзасы менен биз өзимиз шек қоймас екенбиз, бузылған шаңарақлар, жетим қалған нәрестелер, көшеде қалған бийшара аналардың кеўлиндеги жарақатлары, бир қарыннан таласып түскен аға-ини, апа-сиңлилердиң турмыслық жынаятларын жоқ етип болмайды.
Әзизлер!
Балаларымыздың бахтын ысырапгершиликли той, сарпай-саўғаларға алмастырмайық! Халқымыз «Епли келин сепли келин» деп бийкарға айтпаған. Бахыт мал-мүлк, байлық пенен өлшенбейди. Шаңарақларда арзымаған майда-шүйделерден басланып, ажырасыў менен тамамланатуғын, нәрестелерди «тири жетим» етиўши жәнжеллерге себепши болып қалыўдан тоқтайық!
Тойларды заманымызға, жоқары миллий мәдениятымызға сай, үлгили, артықша дәбдебелерсиз, ысырапгершиликсиз, ықшам етип өткерейик. Мийнет пенен тапқан қәрежетлеримизди самалға суўырмайық, үнемлеп, балаларымыздың камалы, келешеги жолында сарплайық!
Келиң, шаңарақ, мектеп ҳәм мәҳәлле бирге ислесиўин әмелде жолға қояйық. Ҳәммемиз бирлесип, «Бир балаға жети қоңсы ата-ана» екенлигин әмелде көрсетейик!
Уллы бабамыз Әлишер Наўайының:
Илим менен дүнья жүзин абат ет,
Қулқың менен дүнья еллерин шад ет!
деген сөзлери жасларымыз ушын маяк ўазыйпасын өтейтуғын ўақыт келди.
Әзизлер!
Қәбирстанларға итибарсызлық ата-бабаларымызға ҳүрметсизлик есапланады. Солай екен, қайырлы ҳәм саўаплы ислерге ҳәр биримиз ҳүжданлы түрде үлес қосайық! Ислеген ислеримизди бул дүньяны тәрк еткен бабаларымыз, ата-аналарымыз, жақынларымыздың тирилигинде еткен хызметлеримиздиң даўамы болсын, деп нийет етейик!
Ҳәр биримиз мине усындай қайырлы, саўаплы ислерде басламашы, бир-биримизге ийинлес болайық! Бул жолда қоңсы-қобаларымыз, кәсиплеслеримиз, жәмәәтлеслеримиз, мәҳәллемизге үлги көрсетейик!
Ўатанымыз миллий раўажланыўға қарай шешиўши қәдем таслады. Биз исенемиз, Өзбекстан 2030-жылға барып, әлбетте, дүньяның раўажланған мәмлекетлериниң қатарынан орын алады. Буның ушын ҳәр биримиз жанкүйер, пидайы ҳәм Ўатанға садықлық пенен хызмет етиўимиз лазым. Бул ҳақыйқатлықты дүньяның раўажланған мәмлекетлериниң тарийхы да тастыйықлап тур.
Үйимиз, мәҳәллемиз, ҳәтте, социаллық тармақларда да мәнаўий пәклик, гөззал қәдириятлардың даўам етиўи ушын гүресейик! Сергек, қырағы, аўызбиршиликли болайық!
Тынышлығымыз, қәтержамлығымызды, миллий бирлигимизди, халқымызға тән саламат руўхый орталығымызды көре алмайтуғын ҳәр қандай бузыўшы күш ҳәм тәсирлерге қарсы маўасасыз гүресейик!
Бүгин ҳәр бир жәмийетлик шөлкем өз жумысларын сын көзқарастан талқылап, бирге ислесиўдиң жаңа, әмелий басқышына шығыўы керек. Буның ушын жәмийетлик шөлкемлердиң, бәринен бурын, ең төменги буўынларын оятыўымыз шәрт. Бунда әлбетте, сиз, жәмийетлик белсенди ўатанласларымыздың пидайылығына сүйенемиз.
Умытпайық!
Өзимиз аўызбиршиликли болып, бир жағадан бас шығарып, машқалаларды шешпесек, ҳеш ким шеттен келип оларды шешип бермейди. Өзбекстан қутлы шаңарағымыз, бул шаңарақтың абатлығы, тынышлығын тәмийинлеўге, даңқ-абырайын сақлаўға ҳәр биримиз жуўапкермиз!