ҲУҚЫҚЫЙ МОНИТОРИНГТИҢ ЗАМАНАГӨЙ МЕХАНИЗМЛЕРИ ТИЙКАРЫНДА НЫЗАМ ҲҮЖЖЕТЛЕРИ ОРЫНЛАНЫЎЫНЫҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН АРТТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң әмелге асырылып атырған жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм суд-ҳуқық реформалары процесине болған тәсирин күшейтиўге бағдарлаған ҳалда нызам дөретиўшилигиниң сапасын түп-тийкарынан арттырыў мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысы системасын жетилистириўдиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленген.
Мәмлекетимизде реформалардың жедел әмелге асырылыўы мүнәсибети менен мәмлекет ҳәм жәмийетти раўажландырыўға байланыслы қабыл етилип атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң саны менен көлеми көбейди.
Соның менен бирге, өткерилген таллаўлар нызам ҳүжжетлерин қолланыў нәтийжелилигин таллаў ҳәм баҳалаўдың жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегенлигин, олардың нәтийжелилигин мониторинг етиўдиң тәсиршең шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизминиң толық жолға қойылмағанын көрсетпекте.
Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, надурыс ямаса қарама-қарсылықлы ҳуқықты қолланыў әмелиятына алып келетуғын нормалар пайда болыўының алдын алыў, оларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасының «Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы Нызамының 42-статьясына муўапық мәмлекетлик басқарыў уйымлары және басқа да шөлкемлер тәрепинен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўының мониторинги әмелге асырылыўы керек екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўының ҳуқықый мониторингин өткериў системасын (кейинги орынларда — ҳуқықый мониторинг) енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Төмендегилер ҳуқықый мониторингтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўының бирден-бир әмелиятын енгизиў:
ҳуқықты қолланыў әмелиятының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиў мақсетлерине муўапықлығын үйрениў;
социаллық қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыўдың толық екенлигин тәмийинлеў;
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң Өзбекстан Республикасы нызамлары ҳәм халықаралық миннетлемелерге муўапықлығын тәмийинлеў;
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердеги қарама-қарсылықлар, келиспеўшиликлер, коррупцияға байланыслы факторлар, бир-бирин қайталайтуғын ҳәм коллизиялық нормаларды анықлаў ҳәм сапластырыў;
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердеги бирден-бир түсиник ҳәм атамалар системасын жаратыў.
- Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди толық орынлаў мәмлекетлик басқарыў уйымларының әҳмийетли ўазыйпасы екенлиги;
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди орынлаўдың нәтийжелилиги оларды әмелде қолланыў бойынша ҳуқықый мониторинг өткериў жолы менен анықланатуғыны;
ҳуқықый мониторинг мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде тәртипке салыў предмети болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша әмелге асырылатуғыны;
ҳуқықый мониторинг Өзбекстан Республикасы тәрепинен тастыйықланатуғын ҳуқықый мониторингти өткериў режесине (кейинги орынларда мониторинг режеси) муўапық әмелге асырылатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетиниң тапсырмасына тийкарланып қосымша ҳуқықый мониторинг өткериў талап етилген жағдайда, ҳуқықый мониторинг мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен мониторинг режесине қосымша киргизилмей әмелге асырылатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен ҳуқықый мониторинг өткерилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди сайлап алып, қайта ҳуқықый мониторинг өткериўге ҳақылы екенлиги;
ҳуқықый мониторингти өткериўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары адвокатларды, илимий-билимлендириў мәкемелериниң қәнигелерин, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ўәкиллерин, сондай-ақ, пуқараларды шәртнама тийкарында тартыўға ҳақылы екенлиги. Бул илажларды қаржыландырыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын бюджеттен тысқары қорлар қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәмлекетлик басқарыў уйымларының ҳуқықый мониторингти өткериў тараўындағы жумысын муўапықластырыў бойынша арнаўлы ўәкилликли уйым етип белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине төмендеги ҳуқықлар берилсин:
мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен өткерилетуғын ҳуқықый мониторингте қатнасыў;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен ҳуқықый мониторинг жуўмақлары бойынша өз ўақтында усынылмаған, надурыс, исенимсиз ямаса толық болмаған мәлимлеме усынылған жағдайда, оларға байланыслы ҳуқықый мониторингти өткериўдеги нызам бузыўшылықларды сапластырыў ҳаққында орынланыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиў.
- мәмлекетлик басқарыў уйымлары:
а) ҳәр жылы 1-февральға шекем:
ҳуқықый мониторинг өткерилиўи тийис болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң дизимин қәлиплестириўди ҳәм биринши басшының қолы менен Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине усыныўды;
мониторинг режесине муўапық өткен жылы өткерилген ҳуқықый мониторинг нәтийжелери ҳаққында есапты Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине усыныўды;
б) ҳәр шеректе мониторинг режесине муўапық таллаў мағлыўматлары ҳәм норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде кемшиликлер анықланған жағдайда, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныслар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәр жылы 20-февральға шекем:
а) мәмлекетлик басқарыў уйымларының усыныслары тийкарында мониторинг режеси жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
б) мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен өткен жылы өткерилген ҳуқықый мониторинг нәтийжелери ҳаққында төмендегилерди нәзерде тутатуғын есапты Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:
мониторинг режесиниң орынланыў нәтийжелери;
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиў, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ямаса оларды бийкарлаў зәрүрлиги;
ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў, нызамшылықтағы бослықлар ҳәм қарама-қарсылықлар, сондай-ақ, коррупцияға тийисли нормаларды сапластырыў илажларын күшейтиў бойынша усыныслар;
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў, ҳуқықты қолланыў әмелиятын ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажларды әмелге асырыў ушын жуўапкер болған мәмлекетлик басқарыў уйымлары.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәр жылы 20-мартқа шекем мониторинг режесин ҳәм ҳуқықый мониторинг нәтийжелери ҳаққындағы есапты Министрлер Кабинети Президиумы мәжилисинде додалаған ҳалда тастыйықласын.
- Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўының ҳуқықый мониторингин өткериў тәртиби ҳаққында реже 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшылары ҳуқықый мониторингти сапалы ҳәм өз ўақтында өткериў, мониторинг режеси бойынша усынысларды пуқта ислеп шығыў және олардың өткерилиў жағдайы бойынша мәлимлемени белгиленген мүддетлерде киргизиў ушын жеке жуўапкер болып есапланатуғыны;
ҳуқықый мониторингти өткериўге байланыслы процесслер, соның ишинде, усы қарардың 6-7-бәнтлеринде нәзерде тутылған шөлкемлестириўшилик илажлар Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасында шөлкемлестирилетуғын арнаўлы электрон майданшада әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасында:
ҳуқықый мониторинг қатнасыўшылары арасында оператив электрон ҳүжжеттиң айланысын тәмийинлеў;
мониторинг режесин қәлиплестириў;
өткерилген ҳуқықый мониторингтиң жуўмақлары бойынша таярланған материалларды жайластырыў имканиятын жарататуғын арнаўлы электрон майданшаны енгизиў илажларын көрсин.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги турақлы түрде арнаўлы электрон майданшаның дурыс басқарылыўын муўапықластырсын, сондай-ақ, өткерилген ҳуқықый мониторингтиң жуўмақлары бойынша жайластырылған материалларды таллап барсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрельдеги ПҚ-3666-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳаққындағы режеге 2-қосымшаға муўапық қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 2-ноябрь.