Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:53:29, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БУЛ  ХЫЗМЕТ 1-ДЕКАБРЬДЕН  ПУЛЛЫ  БОЛАДЫ

Усы жылдың 20-сентябрь күни Өзбекстан байланыс тарийхый музейинде «UZIMEI бирден бир мағлыўматлар базасында мобил үскенелер IMEI-кодларын дизимнен өткериў системасын енгизиў» атамасында сәўбетлесиў болып өтти.

Сәўбетлесиўге Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, «Өзэлтехсаноат» бирлеспеси, «Өзбектелеком» АК, мобил байланыс операторлары, жергиликли мобил үскенелерин ислеп шығыўшылар ҳәм импортёрлар, «ӨТТБРМ» МУК қәнигелери қатнасты.

Илажда қәнигелер «UZIMEI» жойбарын Өзбекстанда енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Мәмлекетимизде заманагөй сервислерды енгизиў, сондай-ақ, мобил байланыс модули менен жергиликли мобил телефонлар ҳәм үскенелерин халықаралық стандартларга муўапық ислеп шығарыўды жолға қойыў мүнәсибети менен Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мобил үскенелерин дизимнен өткериў системасын енгизиў бойынша жумыс алып барылмақта.

2019-жылдың 1-апрельден баслап республикамызда мобил үскенелер IMEI-кодларын автомат рәўиште дизимнен өткериў жумыслары басланған еди.

Өзбекстанда мобил үскенелерди дизимге алыў 1-апрельден басланды.

Бүгинги күнге шекем UZIMEI-бирден бир мағлыўматлар базасында GSM стандартындағы (ҳәзирше CDMА стандартындағы үскенелердиң IMEI-кодлары дизимге алынбайды) 30 миллионға жақын мобил үскенелер дизимнен өткен. Соннан 500 мыңға шамалас қәте IMEI-кодлары ийелери анықланды.

Жақында болса, ҳүкимет қарары менен Өзбекстан Республикасы аймағында пайдаланып атырған, сатыў ямаса жеке пайдаланыў ушын алып кирилетуғын ҳәм ислеп шығылатуғын мобил үскенлерди дизимге алыў тәртиби ҳаққында Реже тастыйықланды.

Жойбар қандай имканиятлар береди?

Жыйналыста атап өтилген, UZIMEI жойбарын енгизиў төмендегилерди жаратады:

  1. Мобил үскенелериниң урланыўы ҳәм нызамсыз пайдаланыўдың алды алынады (қәнигелер тили менен айтқанда, буннан кейин телефон урлағаннан пайда жоқ, урланғанда әпиўайы «гербиш»ке айланады);
  2. GSMA-халықаралық стандартларына жуўап бермейтуғын ҳәм инсан саламатлығына зыян жеткизетуғын сапасыз мобил үскенелердиң сатылыўының алды алынады;
  3. Өзбекстан телекоммуникация базарында күшли бәсеке орталығын қәлиплестириледи;
  4. Ишки базарда контрафакт мобил үскенелерин алып кириў ҳәм сатыўдан қор­ғайды.

UZIMEI системасы ҳәм IMEI-кодын анықлаў усылы.

UZIMEI жойбары қәнигелеримиз тәрепинен ислеп шығылған система мобил үскенелерди IMEI-кодының жағдайын тексериў ҳәм сатып алыўдан алдын белгисиз, клонланған, жойтылған ҳәм урланған мобил үскенелери өз ўақтында анықлаў имканы бериледи.

Буның ушын IMEI-кодты SMS/USSD сораўлары ҳәм де UZIMEI рәсмий веб-сайтында (www.uzimei.uz) ямаса 1170 қысқа номерине қоңыраў етип тексериў мүмкин.

Дыққат! Алдын бийпул, кейин пуллы...

UZIMEI жойбары 2019-жыл 1-ноябрьден баслап мобил үскенелер IMEI-кодларын бийпул дизимнен өткериў ушын система операторына мүрәжат етиў арқалы әмелге асырылады.

Сондай-ақ, 1-ноябрьден баслап:

- Почта байланыс бөлимлеринде;

- SMS ҳәм USSD сораўлары арқалы;

- UZIMEI система операторы;

- Өзбекстан Республикасында бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (www.my.gov.uz) арқалы дизимнен өткериў мүмкин.

Өзбекстан Республикасы аймағында роуминг хызметинде ислейтуғын мобил үскенелери ушын дизимнен өткериў мәжбүрий емес. Резидент емеслерге биринши тармақ пайдаланыўдан баслап 30 календарь күни даўамында мобил байланыс хызметлеринен пайдаланыў ушын рухсат бериледи.

IMEI-кодларын ноябрь айында бийпул дизимнен өткериўге үлгермегенлердиң мобил үскенелери система операторы тәрепинен 2019-жыл 1-декабрьден баслап төлем арқалы дизимнен өткериў басланады. Бунда үскенеден тармақта пайдаланыў 30 күннен аспаған пайдаланыўшылар (физикалық шахслар) базалық есаплаў муғдары (БЕМ, ҳәзирде 223 000 сум)ның 20 процент, тармақта пайдаланыўшы 30 күннен асқан болса БЕМның 25 проценти муғдарында төлемлер әмелге асырылады.

Сондай-ақ, Өзбекстан аймағында мобил үскенелерди алып кириўши импортёрлар 1-декабрьден БЕМниң 20 процент, жергиликли ислеп шығарыўшылар болса БЕМниң 10 проценти муғдарында бир IMEI-кодты дизимнен өткериўге төлейди.

Усы жерде еслетпе! Еки SIM-карталы мобил үскенелериниң ҳәр бир слоты бөлек IMEI-кодқа ийе ҳәм олардың ҳәр бирин дизимнен өткериў лазым болады.

Енди мобил үскенелер баҳасы қымбатлай ма?

Көпшиликти бир саўал қызықтырады: усы системаның иске түсирилиўи мобил үскенелер баҳасын қымбатлатып жибермей ме? Себеби шет елден жасырын жоллар менен үскенелерди алып кирилиўи қыйынласады, қалаберсе, 1-декабрьден баслап импортёрлар ҳәм жергеликли ислеп шығарыўшыларға IMEI-кодты дизимнен өткериўге төлемлер енгизиледи...

Қәнигелердиң пикиринше, ишки базардың контрафакт мобил үскенелерден тазалаў есабынан баҳаларда бираз өсиў гүзетилиўиде мүмкин. Бирақ, күшли бәсеки орталығын қәлиплесиўи есабынан баҳалардың кескин көтерилиўи өз-өзинен жоқ болады. Қалаберсе, илажда қатнасқан айырым импортёр ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылар системасы жолға қойылыўы менен баҳалардың аспайтуғынлығы билдирилген...

Усыныс!

Усы жылдың 1-ноябрь сәнесине шекем мобил үскенелердеги бәрше SIM-слотларын активлестириў; мобил үскенелерин сатып алыўдан алдын IMEI-код статусын тексериўди; смартфон сатып алыўда сатыўшылар үскенелердиң ҳүжжетлерин талап етиў усыныс етиледи. Бунда ўақыт ҳәм нақтан утқан боласыз.

 

Тимур Баекеев,

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын

раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы

аймақлық басқармасы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF