Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:21:31, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛ  ХОЖАЛЫҒЫНДА  СУЎДЫ ҮНЕМЛЕЎ  ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ

Ҳәммемиз билемиз, пүткил дүнья жүзинде суў жетиспеўшилиги машқаласы жылдан-жылға күшейип бармақта. Өзбекстан Республикасы халқының саны 2030-жылға келип 39 миллионға жетиўи ҳәм ықлым өзгерислери нәтийжесинде суў ресурслары 7 млрд.м3қа кемейиўи күтилмекте.

Бунда жыллық суў ресурслары 44 млрд. м3 нәтийжесинде халықтың жан басына 1130 м3 муғдарында суў туўры келиўи болжанбақта.

Бүгинги күнде республикамыздың орташа суў ресурс­лары 51,0 млрд. м3 болып, соннан 46,0 млрд. м3 суў аўыл хожалығында пайдаланылып атырған болса, бул суўлардың 30 проценти ямаса 15,0 млрд. м3 бөлеги ишки хожалық тармақларының насазлығы себепли техникалық жоғалтыўларға сарпланбақта. Сонда орташа гектар майданды суўғарыў ушын 10-12 мың м3 сарпланса, 15,0 млрд.м3 суў менен 1,25-1,5 млн. гектар жерди суўғарыў мүмкин. Мәмлекетимизде бул мәселеге айрықша итибар қаратылып, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў илажлары көрилмекте. Аўыл хожалығында суўды үнемлеў технологиялары Өзбекстан Республикасында суў там-тарыслығы мүнәсибети менен аўыл хожалығында суўдан нәтийжели пайдаланыў ушын суўды тежеў технологиялары зәрүр.

Усы мүнәсибет пенен Европа аўқамы, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, «Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси ҳәм Европа аўқамының Орайлық Азия регионаллық экологиялық орайы ҳәм оның Өзбекстандағы филиа­лы тәрепинен Европа аўқамының Өзбекстанның аўыл-аймақларында суў ресурсларын турақлы басқарыў бағдарламасы шеңберинде «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты арттырыў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбары бойынша мәмлекетимиздиң бес ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасында «Халықтың хабардарлығын арттырыў бойынша ис-илажлар» атамасында фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси менен биргеликте семинарлар шөл­кемлестирилип келинбекте. Усындай семинарлардың бири Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде тараў ўәкиллериниң қатнасында өткерилди. Семинарды «Суўшы» жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы Р.Кошеков кирис сөз бенен ашты ҳәм жойбардың әҳмийети ҳаққында тоқтап өтти. Буннан соң Өзбекстан Республикасы «Суўшы» жәмийетлик бирлеспесиниң Директорлар Кеңеси баслығы Т.Мажидов, усы бирлеспениң Экология бойынша қәнигеси А.Хужақулов ҳәм басқа да бир қатар қәнигелер сөзге шығып, аўыл хожалығы тараўында суўдан нәтийжели пайдаланыў, әсиресе, тамшылатып суўғарыўдың усыллары, суўды үнемлеў технологиялары, суў хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған илажларға слайдлар жәрдеминде кең түрде түсиниклер берди.

Атап өтилгениндей, «Тамшы» ­ бул инновациялық өним болып, оның имканиятлары жүдә кең ҳәм пайдалы болмақта. Сонлықтан да, суўды үнемлеў технологияларының ең нәтийжелиси де тамшылатып суўғарыў есапланады. Бул усылда суў жергиликли ҳәм минерал төгинлер, суўғарылатуғын жердиң барлығына берилместен, тек ғана өсимликтиң түп тамырына жибериледи. Лекин, тамшылатып суўғарыў усыллары әдеўир қымбат есапланады. Сол себепли де, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты илимпазлары тәрепинен конструкциясы әпиўайы, арзан монтаж, демонтаж ҳәм эксплуатация етиў жүдә аңсат болған барлық бөлимлери жергиликли материаллардан таярланатуғын пәс басымлы тамшылатып суўғарыў системасын ислеп шықты. Бул системаның ислеўи ушын 1,5-2,0 метр басым пайда етиў жеткиликли.

Суўды даладағы қудықлардан, жоқарыдан өткен каналлардан яки арнаўлы қурылған ыдыслардан алыў мүмкин. Тамшылатқыш­ларға узатылатуғын суўды фильтрлерден өткериў шәрт емес. Шет ел мәмлекетлеринен келтирилип атырған тамшылатып суўғарыў системаларынан 5-8 есе арзан екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, семинарда қәнигелер тамшылатып суў­ғарыў технологиясын енгизиўде мәмлекетимиз тәрепинен берилетуғын жеңилликлер ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша мағлыўматлар ҳәм түсиниклер берилди. Әлбетте, қәнигелердиң берген бул билимлери тараў қәнигелериниң ис-тәжирийбесин арттырыўда ҳәм жаңа технологияларды әмелиятқа енгизиўде әҳми­йетли болады.

— Бүгинги семинардан өзиме тийисли көп нәрселерди алдым, деп айта аламан. Әсиресе, мәмлекетимиз тәрепинен жеңилликлердиң жаратылыўы ҳәм қоллап-қуўатлаўы бизлердиң жумысымыздың нәтийжели болыўын тәмийинлейди. Бул усыллардан келеси жылы пайдаланыўды мақсет еттим, - дейди Қанлыкөл районындағы «Бостан» АПЖ аймағындағы «Есбергенова Жумабийке» фермер хожалығы баслығы Наргиза Палымова.

Семинар даўамында қәнигелер слайдлар тийкарында қатнасыўшыларға «Тамшылатып суўғарыў» ҳәм «Фермер пикири» атлы видеороликлер қойып берди ҳәм қызғын пикир алысыў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Г.САПАРОВА.

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF