ЗАМАНАГӨЙ ТӘЛИМНИҢ МАШҚАЛА ҲӘМ ШЕШИМЛЕРИ
Барлық тараўлар сыяқлы мәмлекетимизде билимлендириў системасында түпкиликли өзгерислер жүз бермекте. Бул тийкарынан заманагөй тәлимди раўажландырыў менен байланыслы.
Ата-аналар перзентлерин билимли, саўатлы, жетик инсанлар етип тәрбиялаўға айрықша дыққат қаратпақта. Буның ушын, әлбетте, оқытыўшылардың билим ҳәм кәсиплик тәжирийбесин арттырыў баслы мәселе.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында быйылғы — инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылына байланыслы «Заманагөй тәлим — машқала ҳәм шешимлер» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов бундай конференциялардың шөлкемлестирилиўи мектептеги тәлим-тәрбия сапасының жоқарылаўына, оқытыўшылардың бүгинги күн талабы дәрежесинде өз билим ҳәм тәжирийбелерин асырыўға тәсири үлкен екенлигин атап өтти. Соң халық билимлендириў тараўындағы машқалалар ҳәм шешимлер ҳаққында аймақлық орай директорының орынбасары А.Худайбергенов, математика ҳәм класстан тыс жумысларда интерактив методларды қолланыў усыллары ҳаққында аймақлық орайдың кафедра баслығы, тарийх илимлериниң кандидаты Р.Баўетдинов, пәнлерди оқытыўда хабар технологияларының әҳмийети ҳаққында аймақлық орай бөлим баслығы С.Өтепов ҳәм басқалар шығып сөйледи.
Билимлендириў тараўын еле де жоқары басқышқа көтериў бойынша пикир алысыўлардан кейин конференция үзиликсиз билимлендириў машқалалары ҳәм инновациялар, гуманитар пәнлерди оқытыўдың актуал мәселелери, әмелий анық, тәбийғый пәнлерди оқытыўдың сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мәселелери, класстан ҳәм мектептен тыс жумысларды шөлкемлестириў, педагогикалық-психологиялық мәселелер дөгерегинде төрт секцияға бөлинип жумыс алып барды.
Конференция соңында ең нәтийжели баянатлары менен қатнасқан оқытыўшыларға сертификатлар берилди.
Т.ҚӘЛЛИБЕКОВ.
юрист.